«БАХЫТЛЫ БАЛАЛЫҚ» АТАМАСЫНДАҒЫ БАЙРАМ ИЛАЖЫ
1-Июнь Халықаралық балаларды қорғаў күни республикамыздың барлық орынларында жоқары дәрежеде белгиленип өтилди. Байрам мүнәсибети менен Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен «Бахытлы балалық» сүрени тийкарында түрли илажлар өткерилди.
Дәслепки байрам илажы пайтахтымыздағы «Қумбыз аўыл» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 48-санлы «Жулдызша» мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде шөлкемлестирилген концерт бағдарламасы менен басланды. Бул жерде Қарақалпақ мәмлекетлик Қуўыршақ театры жәмәәти тәрепинен таярланған сахналық көринис қойып берилди. Әсиресе, орайдың «Аяқ ойын» дөгерегине қатнап атырған оқыўшылардың шеберлик пенен атқарған ҳәрекетлери кишкенелерге өзгеше кейпият бағышлады. Буннан соң, Тақыятас районындағы Балалар үйи, Хожелидеги 1-санлы «Меҳрибанлық үйи» тәрбияланыўшыларын, сондай-ақ, республикалық балалар көп тармақлы медицина орайы ҳәм онкологиялық емлеўханада емленип атырған балалардың ҳал-жағдайынан хабар алынып, байрам саўғалары инам етилди.
Байрамда емлеўханада емленип атырған балалардың кеўиллерин таўдай көтерип, түрли ойыншық ҳәм басқа да саўғалар менен сыйлап атыр, - дейди республикалық балалар көп тармақлы медицина орайы неврология бөлиминиң баслығы З.Бердимуратова. Әлбетте, бул саўғалар балаларымызға дәрман болып, тез шыпа алып кетиўине өзиниң унамлы тәсирин тийгизеди, деп ойлайман...
Соңынан «Истиқлол» балалар дем алыў орайында «Викторина» ойынлары, «Өз қәбилетиңди көрсет!», «Үш сораўға үш жуўап», «Билимдан балажан» ҳәм «Музқаймақ» акциялары өткерилди. Бул илажларда өз билим ҳәм өнерлерин көрсеткен балалар саўғалар менен сыйлықланды. Қызықлы ойын-заўықларға бай болған байрам кишкенелерге айрықша қуўаныш бағышлады.
Илаж Жаслар орайы алдында көркем өнер шеберлери тәрепинен таярланған «Бахытлы балалық» атамасындағы концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.
Ф.АБДИЖАМИЛОВ.
СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.