Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:36:33, 27.07.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПУҚАРАЛАР ЖЫЙЫНЛАРЫ БАСЛЫҒЫ (АҚСАҚАЛЫ) САЙЛАЎЫ ЖУЎМАҚЛАНДЫ

«Пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы) сайлаўы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы ҳәм Олий Мажлис Сенаты Кенгашиниң 2019-жыл 15-февральдағы қарары тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының «Пуқаралар жы­йынлары баслығы (ақсақалы) сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарары менен илажлар режеси ҳәм сайлаўды өткериўге көмеклесиўши республика комиссия қурамы тастыйықланды.

Сондай-ақ, Халық депутатлары қала ҳәм районлық Кеңеслериниң сессия­лары өткерилип, көмеклесиўши комиссиялар ҳәм илажлар режеси тастыйықланып, анық ўазыйпалар белгиленди.

Өзбекстан Республикасы Бас минис­триниң тапсырмасына муўапық, республикалық көмеклесиўши 1-аймақлық жумысшы топары тәрепинен пуқаралар жыйынлары баслығы (ақсақалы) лаўазымына усыныс етилген 1598 талабан сәўбеттен өткерилип, 1322 талабан усыныс етилди. Сайлаў процесинде ҳәкимлик жуўмағына муўапық 975 талабан қатнасыў ҳуқықына миясар болды.

Быйылғы жылы Қарақалпақстан Республикасы комиссиясы ҳәм статистика басқармасы тәрепинен барлық 411 пуқаралар жыйынлары кесиминде даўыс бериў ҳуқықына ийе 1 млн. 200 мың 497 пуқараның улыўма саны дүзилип, «Пуқаралар жы­йыны баслығы (ақсақалы) сайлаўы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 4-бап, 18-статья­сына муўапық, 151 066, яғный, 12,6 процент сайланған ўәкиллердиң 125 654и (83,2 процент) қатнасты.

Республика бойынша жәми 411 пуқаралар жыйынларында сайлан­ған пуқаралар жыйыны баслықларының 154и (37,5 процент) әмелдеги, 257си (62,5 процент) биринши мәрте сайланған баслықларды қурады. Соннан сайланған баслықлардың 366сы (89,1 процент) жоқары, 45и (10,9 процент) орта арнаўлы мағлыўматқа ийе, сондай-ақ, 45и (10,9 процент) ҳаяллар, 19ы (4,6 процент) жергиликли Кеңес депутатларын қурады.

Деген менен, сайлаў жуўмақлары анализ етилгенде Мойнақ районында 11 пуқаралар жыйынынан 6 (54,5 процент), Төрткүл районында 37 пуқаралар жы­йынынан 17 (46 процент), Шоманай ра­йонында 13 пуқаралар жыйынынан 6 (46,2 процент), Елликқала районында 36 пуқаралар жыйынынан 17 (47,2 процент) ҳәм Нөкис районында 10 пуқаралар жы­йынынан 6 (60 процент) әмелдеги баслықлары сайланды.

Сондай-ақ, Қараөзек районында 1 (7,6 процент), Тахтакөпир районында 1 (5,8 процент), Төрткүл ра­йонында 2 (5,4 процент) ҳаяллар сайланған болса, Беруний, Қанлыкөл, Шоманай, Елликқала ҳәм Нөкис районларында бирде-бир ҳаял сайланбады.

Қәнигеликлери бойынша сайланған баслықлардың 119ы (28,9 процент) оқытыўшылар, 53и (12,8 процент) экономистлер, 84и (20,4 процент) инженерлер, жетеўи (1,7 процент) шыпакерлер, 24и (5,9 процент) ҳуқықтаныўшылар, 55и (13,4 процент) агрономлар, 14и (3,4 процент) қурылысшылар, үшеўи (0,8 процент) товартаныўшылар, төртеўи (0,9 процент) санаат ҳәм спортшылар ҳәм 48и (11,8 процент) басқа қәнигеликлерди қурайды. Сондай-ақ, жасы бо­йынша 85и (20,7 процент) 45 жасқа шекем, 163и (39,6 процент) 45-55 жас, 144и (35 процент) 55-65 жас, 19ы (4,6 процент) 65-75 жас аралығындағыларды қурайды.

Сайланған баслықлардың 53и (12,9 процент) билимлендириў, 11и (2,7 процент) жергиликли ҳәкимлик, 220сы (53,5 процент) мәҳәлле, 21и (5,1 процент) исбилерменлик, 12и (2,9 процент) ҳуқық қорғаў уйымлары, биреўи (0,2 процент) денсаўлықты сақлаў, екеўи (0,5 процент) мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, 29ы (7,1 процент) аўыл хожалығы, 18и (4,4 процент) фермер хожалықларында, төртеўи (l,0 процент) ислеп шығарыў, биреўи (0,2 процент) Қураллы Күшлер, екеўи (0,5 процент) коммерциялық банклер ҳәм 37си (9,0 процент) бас­қа тараўларда хызмет еткенлер саналады.

Сайлаўлар 282 улыўма орта билим бериў мектеплери, 52 акаде­миялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлери, 2 жоқары оқыў орынлары, 14 музыка ҳәм көркем өнер мектеплери, 7 кәрхана ҳәм шөлкемлерде, 31 тойханаларда, 4 мәҳәлле, 18 мәденият орайлары ҳәм 1 балалар интернаты имаратларында өткерилди.

Сайлаў процеслери «Ўзбе­кистон24», «Қарақалпақстан» телеканаллары, жергиликли телевидение ҳәм радиоларда, республикалық ҳәм жергиликли газеталарда, сондай-ақ, qoraqalpoq.mahal­lakengashi.uz сайтында кеңнен сәўлелендирилип барылды.

Қарақалпақстан Республикасында пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы)н сайлаўда пуқаралардың қатнасыўында конституциялық ҳуқықларынан толық пайдаланыў, бул сайлаўда жаслар ҳәм ҳаял-қызларды кең тартыў, сайлаў қатнасыўшыларын әмелдеги нызам ҳүжжетлери талапларына, әсиресе, ашық-айдын ҳәм тең сайлаў ҳуқықына әмел етиўин тәмийинлеўде республика, қала ҳәм районлардағы көмеклесиўши комиссиялары, орынлардағы жумысшы топарлары тәрепинен нәтийжели жумыслар алып барылды ҳәм тастыйықланған графиклер тийкарында усы жылдың 1-июнь сәнесине шекем сайлаў нәтийжелери бойынша жаңадан сайлан­ған пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы) тәрепинен «Пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы) сайлаўы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 5-бап, 30-статья­сына муўапық пуқаралар жыйыны ўәкиллери жыйналыслары өткерилди.

Т.РОМАНОВ,

Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша

Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығының биринши орынбасары.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF