ЖҮРЕКЛЕРДИ ТЕБИРЕНДИРГЕН ҚОС ҚУЎАНЫШ
Бийғам балалықтың қуўаныш, ойын-күлкисине ҳеш нәрсе жетпейди. Елимизде байрамларға сыйлы саўғалар менен келиў әдетий түске айланған.
Үш ай бурын, Қанлыкөл районы орайына кире беристеги бос жатырған ашық майданға ең заманагөй архитектуралық үлгидеги мың орынлық стадион салынып, халықаралық Балаларды қорғаў күни байрамы ҳүрметине пайдаланыўға берилгенине жас өспиримлер шексиз қуўанышқа бөленди. Республикамыздың көпшилик районлары орайларына усындай қурылыс-сметалық нырқы 6 млрд. сумлық стадионларды қысқа ўақыт ишинде сапалы қурып питкериўде жуўапкершилиги шекленген «Бахыт-Миратдин» қурылыс шөлкеминиң баслығы Бахыт Салатдинов басқарған жәмәәттиң мийнетлери айрықша.
Қанлыкөл районының спортшылары Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан Республикалары көлеминде өткерилип киятырған чемпионат ҳәм кубоклар жарысларында жетекши орынларды ийелеп келмекте. Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде жоқары ҳәм орта маманлықтағы 26 тренер 1417 жас өспиримди өзлери қызыққан спорттың 13, атап айтқанда, 9 олимпиада спорт түрлери менен турақлы шуғылландырып, олардың арасынан чемпионлар, жоқары разрядлы спортшыларды тәрбиялап шығармақта.
Жаз паслының жадыраған ашық аспанлы байрам күни, стадионды пайдаланыўға тапсырыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов жыйналғанларды қос байрам, қос қуўанышлары менен қутлықлап, жас спортшыларға Президентимиз саўғаларын инам етти.
Қурылысшылар «Жайҳун» деп ат алған стадионның дәстүрий «алтын гилтин» Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң директоры Б.Атабаевқа тапсырды.
Байрам салтанатлары басланып, жасалма көгис газонда Қанлыкөл ҳәм Хожели районларының жас өспиримлер, нураный футболшылардың жолдаслық ушырасыўлары, бақша балалары менен мектеп оқыўшылары, район ҳәм республика көркем өнер ғайраткерлериниң концерт бағдарламалары менен уласып кетти.
Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,
өз хабаршымыз.
Қанлыкөл районы.