Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:44:02, 07.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КЕЎИЛЛЕРГЕ ҚУЎАНЫШ БАҒЫШЛАП...

Быйылғы оқыў жылының жуўмақланыўы алдынғыларынан пүткиллей өзгеше. Себеби, 2018-2019-оқыў жылында қайтадан 11-класс­ты питкериўшилер үлкен өмир гүзарына қанатлары қатайып «пәрўаз» алады.

Бизиң Елликқала районындағы 66-санлы улыўма орта билим бериў мектебимизде 420 бахытлы оқыўшылар билим алады. Бахытлы оқыўшылар деўимиздиң себеби, заманагөй үлгиде қурылған мектебимиз 2017-жылы жаңадан тырнағы қаланып, пайдаланыўға тапсырылды. Ең әҳмийетлиси, мектебимизде оқыўшылардың заманға сай билим ийелеўи ушын физика, химия, биология, шет тили, тарийх пәнлери кабинетлери, компьютер класы ҳәм лаборатория ханалары керекли үскенелер менен тәмийинленген. Буннан тысқары, китапханамызда оқыўшылар көркем әдебият китапларын алып оқыў имканиятына ийе.

Ал, 12х24 көлеминдеги спорт залымыз жылдың төрт мәўсиминде де спортқа қызығыўшы жасларға толы. Буған қосымша футбол, баскетбол, жуўырыў майданлары спорт пенен шуғылланыўшы оқыўшыларымызға көбирек қолайлық жаратып бермекте. Бул имканиятлар мектебимизде 23 пән, 11 спорт дөгереклерин шөл­кемлестириў мүмкиншилигин берди.

Жасларымызға билим бере баслағанымызға көп ўақыт болмаса да тилге ти­йек етерликтей нәтийжелер бой көрсетпекте. Атап айтқанда, 2017-2018-оқыў жылында мектебимиз район ҳәм республикамыз көлеминде «Ең үлгили мектеп» деп табылды. Ал, 10-класс оқыўшымыз Нафосат Юлдашева 2018-2019-оқыў жылында «Конституция — бахтымыз тийкары» таңлаўының республикалық басқышында сыйлы екинши орынды қолға киргизип, жәмәәтимизди қуўанышқа бөледи. Тағы бир 4-класс оқыўшымыз Саъдулла Ризаев «Ең жас китапқумар оқыўшы» таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышында екинши орынға ылайық көрилгени оқыўшыларымызда китап оқыўға қызығыўшылықты арттырды.

Бундай табыслар өз-өзинен қолға киргизилмейди. Әлбетте, оқыўшылардың билимин жетилистириўде пән олимпиадасы әҳмийетли орынды тутады. Усыны итибарға алып, пән олимпиадасының Өзбекстан басқышында табыслы қатнасыўы ушын тереңирек излениўге умтылып атырмыз. Муғаллимлеримизден С.Утемуратова, И.Аргинбаев, М.Хайруллаева, Ш.Бекчановалардың мийнетлери айрықша.

Ҳәр жылы тәрбия, билим берген оқыўшыларымызды көзимиздеги қуўаныш жаслары менен қыймай хошласамыз. Бул өмир заңы. Илим, билим сырларын, жақсылық нурларын санасына сиңдирип, қанат қомлатқан питкериўшилеримизге әўмет тилеп қаламыз.

 

 

К.ЮЛДАШЕВА,

Елликқала районындағы 66-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң директоры.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF