МЕКТЕП ЖӘМӘӘТИ МЕНЕН УШЫРАСЫЎ
Қарақалпақ баспасөзиниң көш баслаўшылары болған «Еркин Қарақалпақстан» газетасының шөлкемлестирилгенине быйыл 95, «Вести Каракалпакстана» газетасына болса 100 жыл толады.
Бул сәне алдынан орынларда түрли илажлар, ушырасыў кешелери шөлкемлестирилип келинбекте. Усындай ушырасыўлардың бири жақында Кегейли районы Б.Кәримбердиев атындағы хожалық орайында жайласқан 4-санлы улыўма билим бериў мектебинде болып өтти.
Бул мектеп тек районда ғана емес, ал, республикамыз көлеминде өзиниң ылайықлы орнына ийе билим дәргайларынан саналады. 1931-жылы ашылған бул мектепте түрли жылларда үлкемизге белгили инсанлар, халық хожалығының түрли тараўларының белсендилери тәлим-тәрбия алған. Академик Турсынбай Ещанов, генерал М.Бабаниязов, Қарақалпақстан халық шайыры Кеңесбай Рахманов, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан көркем өнер ғайраткери, композитор Қурбанбай Заретдиновлар оқыған бул мектепте бүгинги күнде 345 оқыўшы заман талапларына сай билим алмақта.
Ушырасыў кешесин мектеп директоры Б.Өтемуратов кирис сөз бенен ашты. Соң «Еркин Қарақалпақстан» — «Вести Каракалпакстана» газеталарының бас редакторы К.Реймов жыйналғанларды газеталардың тарийхы, республикамыз турмысында тутқан орны, бүгинги күнде алып барып атырған жумыслары менен таныстырды. Ушырасыў кешесинде Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналистлер Ө.Өтеўлиев ҳәм белгили шайыр, усы мектеп питкериўшиси О.Сәтбаев, «Қарақалпақстан жаслары» газетасының бас редакторы С.Жаниев, мектептиң география пәни оқытыўшысы, Өзбекстан халық муғаллими Е.Алламуратовлар сөзге шығып, халқымыздың руўхый дүньясын байытыўда юбиляр газеталардың тутқан орнын айрықша атап өтти ҳәм кеше қатнасыўшыларының сораўларына жуўаплар қайтарды. Кеше соңында мектептиң мәлимлеме-ресурс орайына мийманлар тәрепинен китаплар саўға етилди.
— Республикамыздың бас газеталарының ўәкиллериниң мектебимизге келип, бизлер менен ушырасыў өткериўи үлкен ўақыя деп ойлайман, - дейди мектептиң 10-класс оқыўшысы, немис тили бойынша Билимлер беллесиўиниң Қарақалпақстан басқышы жеңимпазы Гүлмийра Алқуўатова. — Бундай ушырасыўлар өсип киятырған жас әўладтың руўхый дүньясының байып, елимиз келешегине бийпарқ қарамайтуғын инсанлар болып жетилисиўине хызмет етери анық...
Ушырасыў кешеси мазмунлы ҳәм тәсирли өтти.
Ф.МУСЛАТДИНОВА.
СҮЎРЕТЛЕРДЕ: ушырасыўдан көринислер.