Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:11:49, 19.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МАЙЫПЛЫҒЫ БОЛҒАН  ШАХСЛАР ҲӘМИЙШЕ  ИТИБАРДА

Усы жыл  25-май күни Жаслар орайында «Биз биргемиз!» социаллық жойбары шеңберинде майыплығы болған шахс­лар тәрепинен ислеп шығарыл­ған өнимлердиң республикалық ярмаркасы болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен Өзбекстан Майыплар жәмийети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими менен биргеликте шөлкемлестирилген илаж­ға республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан ма­йыплығы болған шахслар өзлери тәрепинен ислеп шығарылған өнерментшилик, тигиўшилик, кестешилик ҳәм бас­қа да өнимлери менен қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри С.Худайбергенов, Өзбекстан Майыплар жәмийети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы П.Дәўлетиярова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында елимизде майыплығы болған шахсларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, оларға медициналық-социаллық жердем көрсетиў, турмыс сапасын жақсылаў системасын жетилистириў бағдарында алып барылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, халқымызға тән болған мийрим-шәпәәт ҳәм жақсылық сезимлерин есапқа алған ҳалда майыплығы болған шахслардың әҳмийетли мүтәжликлери менен талапларына айрықша итибар қаратылмақта. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 1-декабрьдеги «Майыплығы болған шахсларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманының қабыл етилиўи олардың турмыс сапасын ҳәм дәрежесин арттырыўға хызмет етпекте.

Усы пәрман бойынша қабыл етилген комплексли илажлар бағдарламасында тийкарынан майыплығы бол­ған шахслардың турмыс сапасын ҳәм дәрежесин арттырыў, майыплығы болған шахслардың билим алыўын, оларды арнаўлы кәсип-өнерге таярлаў ҳәм қайта таярлаў системасын жетилистириў, сондай-ақ,  жумысқа орналастырыўды тәмийинлеў ҳәм басқа да илажларды әмелге асырыў нәзерде тутыл­ған. Елимиз бойлап өткерилип атыр­ған социаллық жойбардың мақсети — ма­йыплығы болған шахслардың жәмийетимизде өз орнын табыўына көмеклесиў, исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў, оларды арнаўлы кәсип-өнерге таярлаў ҳәм қайта таярлаў системасын жетилистириў болып табылады.

— Жәмийетимизге қараслы «Мўътабар-Зулайхо» сыңар кәрханамыз 2016-жылы шөлкемлестирилген болып, бүгинги күни 30 адам, соның ишинде, 17 майыплығы болған шахс ағаш усташылығы, тигиўшилик, кондитер өнимлерин таярлаў менен шуғылланып келмекте,-дейди Өзбекстан Майыплар жәмийети Беруний районлық бөлимшесиниң баслығы Зулайхо Каримова. — Сондай-ақ, миллий тағамлар асханасы иске түсирилген болып, бес ҳаял-қыз жумыс пенен тәмийинленди.  Жәмийетимиз район ҳәкимлиги, аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары, Әдиллик, Ишки ислер, Денсаўлықты сақлаў бөлимлери ҳәм бир қатар мәкемелер менен тығыз бирге ислесип киятырмыз.   Ма­йыплығы бол­ған ҳаял-қызларымыз районлық бәнтликке көмеклесиў орайы менен дүзилген шәртнама тийкарында кәсип-өнерге ҳәм қайта таярлаўға оқытылып, жумыс пенен тәмийинленбекте...

Илажда 10 майыплығы болған шахс­қа майыплар арбашасы, сондай-ақ, қол таяқлары, түрли саўғалар,  ярмаркаға белсене қатнасқанларға Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң Минетдаршылық хаты тапсырылды.

Илаж республикамыз көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

 

Қарақалпақстан

хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF