Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:50:52, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ДЕПУТАТЛАР ФОРУМЫ ӨТКЕРИЛДИ

Усы жыл 23-май күни Жаслар орайында Исбилерменлер ҳәрекети —  Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен шөлкемлестирилген «Исеним, ҳәрекет, нәтийже» темасында депутатлар форумы болып өтти.

Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң, қалалық ҳәм ра­йонлық Кеңеслериниң депутатлары, партия белсендилери, исбилерменлер менен фермерлер, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы, партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы С.Турманов,  ӨзЛиДеП Сиясий Кеңеси Атқарыў комитети сиясий билимлендириў орайының баслығы Н.Алимов, ӨзЛиДеП Сиясий Кеңеси Атқарыў комитетиниң жуўаплы хызметкери Г.Халмуратова, Өзбекстан Қаҳарманы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты С.Сейтназаров, Халық депутатлары Әмиў­дәрья районлық Кеңесиндеги ӨзЛиДеП депутатлық топарының басшысы М.Бекназарова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлиске Мүрәжатында белгилеп берилген әҳмийетли ўазыйпалар, олардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша депутатлар тәрепинен әмелге асырылған жумысларға, усы жылдың декабрь айында болып өтетуғын сайлаўларға таярлықтың барысына тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, елимиз басшысының Пәрманы тийкарында қабыл етилген Ҳәрекетлер стратегиясының «Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылысты жетилистириў» деп аталған биринши бағдарын әмелге асырыўда мәмлекетлик ҳәкимият системасында Олий Мажлистиң ролин күшейтиў, нызам дөретиўшилиги жумысының сапасын түп-тийкарынан жақсылаў, мәмлекеттиң турмысында сиясий партиялардың ролин күшейтиў нәзерде тутылған. Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген усы ўазыйпаларды турмысқа енгизиў, партияның мақсет ҳәм ўазыйпаларын үгит-нәсиятлаў, партия ағзаларының санын көбейтиў бойынша бир қатар жумыслар алып барылмақта.

2014-жылда республикамызда партия ағзаларының саны 13 мыңнан аслам болып, олар алты жүзден зыят басланғыш партия шөлкемине бириктирилген болса, бүгинги күнге олардың саны 50 мыңға шамалас болып, мыңға жақын шөлкемге бириктирилген. Өткен сайлаўларда республикамыз бо­йынша партиядан Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына 8 округтен 3,  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине 65 округтен  25, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслерине 413 округтен 147 депутат, сондай-ақ, Олий Мажлис Сенатына 3 сенатор сайланып, сиясий партиялар арасында жоқары көрсеткишге ийе болды.

Илажда электорат мәп­лерин қорғаўда ӨзЛиДеПтиң халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслериндеги партия топарлары менен Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги фракцияларының бирге ислесиўин буннан былай да күшейтиў, аймақларды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша қабыл етилген қарарлардың, жергиликли бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеўде депутатлардың, партия  белсендилериниң мудамы алдынғы қатарда болыўы бүгинги күнниң талабы екенлиги атап өтилди. Бул бағдардағы жумысларды мониторинг етип барыў,   тийисли кәрхана ҳәм мәкеме басшыларының есабатларын халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң сессиялары менен турақлы комиссияларында тыңлап барыў механизминен толық пайдаланыў айрықша әҳми­йетке ийе.

 Атап айтқанда, Исбилерменлер ҳәрекети-Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясынан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, халық депутатлары қалалық ҳәм ра­йонлық Кеңеслерине сай­ланған депутатлар тәрепинен өткен жылы 769, быйыл­ғы жылдың биринши шерегинде 279 депутатлық сораў жиберилген. Сондай-ақ, депутатлық топарлардың басламасы менен өткен жылы 379, быйылғы жылдың биринши шерегинде 82 лаўазымлы шахстың есабаты тыңланған. Халық депутатлары жергиликли Кеңес сессияларына сайлаў дәўиринен баслап 206 усыныс киргизилген болса, олар бо­йынша 196 қарар қабыл етилген.

Илаж соңында Өзбекстан Республикасының нызамлары, Президентимиздиң пәрман және қарарлары, сондай-ақ партияның ўазыйпаларын кеңнен үгит-нәсиятлаў және орынланыўын тәмийинлеў, аймақларды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, партия электораты ўәкиллерин, исбилерменлер менен фермерлерди қоллап-қуўатлаўдағы, халықтың машқалаларын үйрениў ҳәм оларды сапластырыўдағы нәтийжели хызметлери ушын бир топар белсендилерге пар­тияның Сиясий Кеңеси Атқарыў комитетиниң Миннетдаршылық хаты тапсырылды.

 Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF