Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:34:15, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӨРТ ҚӘЎПИНЕН САҚЛАНАЙЫҚ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 23-май күнги қарарына муўапық ҳәр ҳәптениң сәршембиси «Өртлер профилактикасы күни» етип белгиленген еди.

Бул бо­йынша Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Өрт қәўипсизлиги басқармасы тәрепинен пуқаралар менен ушырасыўлар өткерилип, түсиник жумыслары жүргизилмекте.

Бәршемизге мәлим, өртлер өз-өзинен емес, кимлердиңдур итибарсызлығы себепли келип шығады. Әдетте, оның келип шығыў себеплери өртке бийпәрўалық мүнәсибетте болыўы, электр үскенелеринен абайсыз пайдаланыўы, кишкене балалардың өрт пенен ойнаўы, шығындыларды өртеўи, газ ҳәм электр үскенелеринен пайдаланыўда өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етпеслик себепли келип шығыўы мүмкин. Бундай жағдайлардың алдын алыўда балаларымызға, қоңсы-қоба ҳәм жумыс орнымызда кәсиплеслеримизге итибарлы болыўды үгит-нәсиятлап барыўымыз ти­йис. 

Соңғы ўақытлары пайда болып атырған өртлердиң себебине дыққат аўдаратуғын болсақ, олардың көпшилиги газ ҳәм электр үскенелеринен дурыс пайдаланбағанлығынан келип шықпақта. Бул бағдарда мәкан пуқаралар жы­йыны ҳәм мәкеме-шөлкемлерде сәўбетлесиўлер өткерип, өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етиў бойынша түсиндириў жумысларын алып барыўымыз керек болады.

Сонлықтан, тилсиз жаў болған өрттиң алдын алыў тек тараў хызметкерлериниң емес, ал, бәршемиздиң теңдей ўазыйпамыз екенлигин умытпаўымыз керек.

 

Ж.НАЎРЫЗБАЕВ,

«Uz-Kor Gas chemical» ЖШЖ ҚК объектлерин   өрттен қорғаў бөлими

өрт қадағалаў топар инс­пекторы, лейтенант.

М.ҚУТЫБАЕВ,

Нөкис қаласы 2-отряд қәўипсизлик бөлимшесиниң экипаж командири.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF