Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:37:07, 12.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

УЛЛЫЛАРДЫ УЛҒАЙТҚАН АЎЫЛ

ЯМАСА ТУЎЫЛҒАН ТОПЫРАҚҚА ТӘЖИМ

«Ҳәр кимниң туўылған жери — Мысыр шәҳәри». Биз қанша есейип, тәғдир самаллары дузымызды қай жерге шашса да, өмирден өз орнымызды таўып, қаншелли атақ-абырайға ийе болып кетсек те, туўылған жеримиз, киндик қанымыз там­ған топырақ қәлбимиздиң төринде турады. Бул инсанның жаратылысына тән қәсийет.

Тарийхқа нәзер тасласақ, қаншадан-қанша уллы инсанлар, данышпанлар, алымлар менен шайыр-жазыўшылардың кишкене ғана, елеспесиз аўылларда туўылып, камалға келгенин көремиз. Кегейли районындағы «Жүзим бағ» аўыл пуқаралар жыйынына қараслы «Қаңлы-Қазаяқлы» аўылы «Нөкис-Шымбай» жолының шеп тәрепинде, «Халқабад»қа жақын жай­ласқан. Онша үлкен болмаған бул аўылдан белгили драматург Сапар Хожаниязов, халық артисти Сапаргүл Әўезова, қарақалпақтың белсенди ҳаял-қызларының бири Жумагүл Сейтова, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери Айназар Қунназаров ҳәм республикамызға танылған басқа да инсанлар көплеп жетилисип шыққан. Қала берсе, белгили палўан, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген спортшы Серик Жүсипбеков, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Даўытбай Қурбаниязовлардың да усы аўылда камалға келгенин еслесек, бул елатқа болған ҳүрметимиз және де арта түседи.

Өз өмириниң 60 жылын ел хызметине арнап, 45 жыл басшы лаўазымларда ислеген мийнет нураныйы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына мийнети сиңген аўыл хожалығы хызметкери Узақберген Тилеўмуратов та мине усы аўылда туўылып өскен. Бири кем тоқсандағы бул ақсақал жақында аўылдағы 20-санлы улыўма билим бериў мектебинде усы елат халқы, мектеп муғаллимлери ҳәм оқыўшы жаслар менен ушырасыў өткерди.

Ушырасыў кешесин Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары Қуўат Бекимбетов кирис сөз бенен ашып, У.Тилеўмуратовтың өмири ҳәм мийнет жолы менен қысқаша таныстырды. Соң ақсақалдың аўылласлары, заманласлары ҳәм шәкиртлери — Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген саўда хызметкери Ҳәким Керимбердиев, Тоқтарбай Хожаниязов, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Нажиматдин Аңсатбаев, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан көркем өнер ғайраткери Қурбанбай Заретдинов, Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаровлар Узақберген Тилеўмуратовтың мийнет жолы, ел-халық ийгилиги жолында ислеген хызметлери, әсиресе, республика ишки ислер министри, ра­йондағы Б.Каримбердиев атындағы ҳәм «Халқабад» хожалықларына басшы болып ислеген жылларындағы жумыслары туўралы өзлериниң пикирлери менен жыллы лебизлерин билдирди.

Ушырасыў соңында У.Тилеўмуратовтың өзи сөзге шығып, өмири менен мийнет жолын айтып берди ҳәм ушырасыў шөлкемлестириўшилерине миннетдаршылық сыпатында мектепке китаплар саўға етти. Оқыўшылардың берген сораўларына жуўаплар қайтарды.

Өзбекстан халық бақсысы Теңел Қаллиев пенен Қарақалпақстан халық жыраўы Бақберген Сырымбетовлардың жанлы ҳаўазда атқарған қосықлары ҳәм дәстанлардан үзиндилер ушырасыўға өзгеше заўық бағышлады.

 

С.ЖАНИЕВ,

арнаўлы хабаршымыз.

Кегейли районы.

СҮЎРЕТТЕ: ушырасыўдан көринис.

Автордың түсирген сүўрети. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF