Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:18:56, 12.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСТИҢ СЕССИЯСЫ

25-май күни халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесиниң гезексиз қырық сегизинши сессиясы болып өтти.

Сессияның күн тәртибинде шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды. Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ернияз­ов қатнасты ҳәм ра­йонды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың турмыс абаданлығын жақсылаў бо­йынша әмелге асырылып атырған жумыслар, орын алып атыр­ған кемшиликлер ҳәм алда турған ўазыйпаларға кең түрде тоқтап өтти.

Қараөзек районы шет ел инвестицияларын алып келиў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, аўыл хожалығы, соның ишинде шарўашылықты раўажландырыў бойынша кең имканият­ларға ийе аймақ саналады. Усыған қарамастан бир қатар кемшиликлердиң ушырасып атырғанлығы қатаң сын­ға алынды ҳәм тийисли басшы­ларға анық ўазыйпалар белгилеп берилди.

Буннан соң район ҳәкими лаўазымына усы күнге шекем «Өзагролизинг» акционерлик жәмийети Қарақалпақстан Республикалық филиалының директоры лаўазымында ислеп келген Жумабаев Роман Абдиқадировичтиң кандидатурасы усынылды.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша «Нураный» қорының Қараөзек районлық кеңеси баслығы Ж.Данияров, 25-санлы «Қуралпа» сайлаў округинен депутат Х.Реймов, 3-санлы «Гүлистан» сайлаў округинен депутат А.Калилаев бул усынысты қоллап-қуўатлап шығып сөйледи.

Сессияда Роман Абдиқадирович Жумабаев Қараөзек районы ҳәкими етип тастыйықланды.

Буннан соң Қараөзек районы ҳәкими Роман Жумабаев сөзге шығып, өзине билдирилип атыр­ған бундай жоқары исенимди ақлаўға, бар билим ҳәм тәжирийбесин районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўға жумсаўға таяр екенлигин билдирди.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF