Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:45:41, 07.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«СЫЙҚЫРЛЫ ЖАЗЫЎ»

Соңғы жыллары елимиздиң қайсы бир тараўын алып қарамайық жаңаланыўлардың күн сайын артып атырғанын көремиз. Мине, усындай алға илгерилеген заманда имка­нияты шекленген инсанлар ушын да мәмлекетимиз тәрепинен қолайлы шараятлар, олардың қызығыўшылық ҳәм қәбилетлерин жүзеге шығарыў, жетилистириў, жәмийетте өз орнын табыўы ушын барлық мүмкиншилик жаратылған.

Бүгин ҳәр бир инсан, ол мейли жасы үлкен, мейли жасы киши болмасын елимиздеги раўажланыўлардан толқынланып, қолына қәлем алып, кеўил толғанысларын, шүкиршилик сезимлерин қағаз бетлерине түсириўге ҳәрекет етеди. Себеби, Ғәрезсизлик берген имканиятлар мәмлекетимиздиң жылдан-жылға жаңа қәдемлер атыўына, күннен-күнге жаңалық­ларға умтылыўына бағдарламақта. 

Жақында Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы, «Қарақалпақ әдебияты» газетасы, Өзбекстан Республикасы көзи әззилер жәмийети Қарақалпақстан бөлими менен биргеликте Нөкис қаласындағы 10-санлы көзи әззи ҳәм төмен көриўши балаларға арналған мектеп интернатында өзиниң тәрбиялық әҳмийетке ийе қосық қатарлары менен оқырманлар қәлбинен жай алған, республикалық көзи әззилер жәмийети ағзасы, көзи әззилер китапханасы хызметкери, шайыр Марат Ережеповтың туңғыш «Сыйқырлы жазыў» атлы қосықлар топламының таныстырыў мәресими болып, оған республикамызға белгили жазыўшы, ша­йырлар, поэзия ықласбентлери, мектеп оқыўшылары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Кешени Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, Қарақалпақстан халық шайыры Кеңесбай Каримов басқарып барды.

Марат Ережеповтың дөретиўшилиги ҳәм «Сыйқырлы жазыў» қосықлар топламы ҳаққында Қарақалпақстан халық шайыры Гүлистан Матякупова шығып сөйлеп, автордың поэзиясын үйренер екенбиз, оның тематикасы тийкарынан инсаныйлық пазыйлетлер, гөззаллық меҳир-муҳаббат сезимлерине арнал­ғанлығы, ҳәр бир дөретпеси айрықша мазмун-мәниге бай екенлигин айтып өтти.       

 Кешеде республикамыздағы «Алтын мийрас» қоры баслығы Абадан Сапарова, Өзбекстан Республикасы көзи әззилер жәмийети Қарақалпақстан бөлими баслығы Қ.Шарапов, шайыр Н.Төрешова, 10-санлы көзи әззи ҳәм төмен көриўши балаларға арналған мектеп интернатының қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими З.Алимова ҳәм басқалар сөзге шығып, Марат Ережеповтың басып өткен өмир жолы,  тәрбиялық әҳмийетке ийе қосық қатарлары бәршениң қәлбинен жай алатуғынлығын исеним менен айтып өтти.   

— Соңғы жыллары мәмлекетимизде имканияты шекленгенлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың талант ҳәм имканиятларын әмелге асырыўға қаратылған бир қанша қарар ҳәм пәрманлар қабыл етилгени бәршемизге мәлим. Усы қарар ҳәм пәрманлардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша мәмлекетимизде кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Солар қатарында Республикалық көзи әззилер жәмийети ағзасы Марат Ережеповтың китабының баспадан шығыўы республикамыздағы көзи әззи инсанлар арасында биринши мәрте деп айта аламан. Буған бизлер бәримиз қуўанышлымыз. Марат көзи әззи болыўына қарамастан бул дүньяның гөззаллықларын кеўил әлеми менен сезинип, толғанысларын жүректен жырлайды. Ол дүньяның гөззалықларын қәлб нуры, қәлб көзи менен көреди ҳәм сезинеди,-дейди Өзбекстан Республикасы көзи әззилер жәмийети Қарақалпақстан бөлими баслығы Қ.Шарапов.

Китапта шайырдың муҳаббат, дослық Ўатан ҳәм бас­қа да темалардағы қосықлары орын алған. Поэзия бул сыйқырлы бир күш. Ол инсанды тәрбиялайды, руўхый азық береди, сезимлерди, тол­ғанысларды баянлайды. Себеби, жүректен шығып, қәлблерге жетип барған қатарлар ғана айрықша сыпат­қа ийе болады. Биз Марат Ережеповтың поэзиясын усындай тәрийпке жуўап береди деп ойлаймыз ҳәм әде­бият бостанында бәлент пәрўазлар тилеймиз.

 С.ТУРДЫБЕКОВА.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF