Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:30:59, 12.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖОҚАРЫ ҲУҚЫҚЫЙ МӘДЕНИЯТ — МӘМЛЕКЕТ РАЎАЖЛАНЫЎЫНЫҢ КЕПИЛИ

Мәлим болғанындай, жәмийетте ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты жетилистириў бойынша нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм оны беккемлеўдиң ең әҳмийетли шәртлеринен бири есапланады.

Соңғы жылларда миллий ҳуқық системасын түптен өзгертиў, жәми­йетте ҳуқықый мәдениятты қәлиплестириў ҳәм де маман юрист кадрларды таярлаў бойынша унамлы жумыслар әмелге асырылды.

Соның менен бирге, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерине ҳүрмет мүнәсибетлерин қәлиплестириўге, халықтың ҳуқықый санасы ҳәм ҳуқықый мәде­ниятты жоқарылатыўға, жәмийетте пуқаралардың ҳуқықый саўатлылық дәрежесин асырыўға тосқынлық етиўши бир қатар машқала ҳәм кемшиликлер де жоқ емес.

Усы мәниде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 20l9-жыл 9-январьдағы 5618-санлы «Жәмийетте ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты арттырыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилген еди. Усы Пәрманның орынланыўын тәмийинлеў ҳәм де жәмийетте ҳуқықый мәдениятты жетилистириў бойынша илажларды анализлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 20l9-жыл 20-апрельдеги 342-санлы қарары қабыл етилип, усы қарар менен жәмийетте ҳуқықый мәдениятты жоқарылатыў бойынша илажларды мониторинг етиў ҳәм баҳалаў тәртиби тастыйықланды.

Мониторинг етиў ҳәм баҳалаўды өткериў ўазыйпасы Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм оның аймақлық уйымларына жүклетилди. Тийкарғы мақсет — ҳуқықый үгит-нәсият ис-илажларының сапасын асырыў, бул бойынша мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жуўапкершилигин күшейтиў ҳәм де ҳуқықый үгит-нәсият илажларын шөлкемлестириў бойынша жаңа инновациялық методларды ислеп шығыў ҳәм әмелге енгизиўден ибарат.

Мониторинг етиў ҳәм баҳалаўда төмендегилердиң орынланыў жағда­йын таллайды:

- Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланған жәмийетте ҳуқықый мәдениятты жоқарылатыў бойынша бағдарламалар, «Жол карталары» ҳәм басқа ис-илажлар режесин;

- норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң мазмун-мәниси ҳәм әҳмийетин халық ҳәм орынлаўшыларға түсиндириў бо­йынша ис-режелери;

- мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен өзиниң тараў искерлигине тийисли болған норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди үгит-нәсиятлаў бойынша тастыйықланған режелери.

Мониторинг етиў ҳәр жылы еки рет (май ҳәм октябрь айларында), жуўапкер мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлеринен ҳуқықый үгит-нәсият бойынша исленип атырған илажлар ҳаққындағы тийисли мағлыўматларды сорап алыў арқалы әмелге асырылады. Зәрүрлик болғанда орынларға барып үйрениледи.

Алынған мағлыўматлар анализленеди, өткерилген илажлар сапалылығы болса ҳүжжет пенен тастыйықланған арнаўлы баҳалаў системасы индикаторларына муўапық баҳаланады.

Баҳалаў нәтийжелерине көре унамсыз ямаса төмен көрсеткишке ийе бол­ған мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерине жуўапкершиликти асырыў ҳәм оларға ҳуқықый үгит-нәсият жумысларын нәтийжели шөлкемлестириўде әмелий жәрдем көрсетиў бо­йынша илажлар көриледи. Мәмлекетлик уйымлары тәрепинен дурыс емес мағлыўматлар усынылғанлығы анықланған жағдайда оның басшылығы ескертиледи.

 

А.АТАЖАНОВ,

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниң биринши орынбасары.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF