ЕЛ НӘЗЕРИНЕ ТҮСИП...
Сайлаўдың сайлаўдан парқы болғанындай, қашанда демократиялық, әдалатлы, жәриялылық принципи сақланған жерде әлбетте, алға илгерилеўге тийкар салынады.
Быйылғы жылы пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларына баслық (ақсақал) сайлаўларында енгизилген жаңа тәжирийбе қолланылыўы унамлы тәсирин тийгизбей қалмады. Себеби, өткен сайлаў нәтийжелери көрсеткениндей, көплеген мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынлары баслықлары өзлерине жүклетилген ўазыйпаны күтилгениндей атқара алмай, мүддетинен бурын ўәкиллигин жуўмақлаўға мәжбүр болды.
Сайлаў демократияның айнасы деп бийкарға айтылмаған. Бириншиден, бул әдеттеги көтермелеўши сөз емес, ҳақыйқый ҳәзирги күнниң гәпи. Соңғы ўақытлары халықтың соның ишинде сайлаўшылардың ҳуқықый билими жетилисип, ақ пенен қараны алжаспай айыра алады.
Халықтың дәртине шерик болып жасаў керек. Жыйын баслығы лаўазымына әмел деп емес, жуўапкершиликли ўазыйпа деп қараған ақсақалдың иси алға илгерилейди. Бизиң, Елликқала районындағы «Бостан» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында 602 шаңарақта 2962 көп миллет ўәкиллери тыныш-татыў аўызбиршиликте жасап атыр. Аймағымызда 27 көп қабатлы турақ жайлар бар болып, жыйынымыз дөгерек әтирапын абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары еки ширкетке бириктирилген. Шаңарақлардан шыққан тасланды ҳәм шығындыларды «Тоза ҳудуд» мәмлекетлик унитар кәрханасы тәрепинен белгиленген график бойынша тазалаў жумыслары жүргизилмекте. Кем тәмийинленген, бағыўшысынан айрылған, кеўли ярым инсанларға социаллық жәрдемлер бериў ҳәрдайым дыққатымызда, дейди «Бостан» мәкан пуқаралар жыйыны баслығы Бахрам Бабажанов.
Ҳәр қашанда ел халықтың дәртине дәрман болып жасаў, оның раўажланыўына қабырғасы қайысып, хызмет еткен азаматлардың иси де раўаж таба береди. Б.Бабажанов усындай үлгили хызметлери менен ел нәзерине түсип, қайтадан жыйын баслығы етип сайланғанының негизи де усында.
Қ.РЕЙМОВ,
өз хабаршымыз.
Елликқала районы
СҮЎРЕТТЕ: «Бостан» МПЖ баслығы Б.Бабажанов жумыс пайытында.
Автордың түсирген сүўрети.