ПУҚАРАЛАР ЖЫЙЫНЛАРЫНДА САЙЛАЎЛАР ӨЗ ЖУЎМАҒЫНА ЖЕТТИ
Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң берген мағлыўматларына қарағанда, 20-май күни республикамыздағы барлық пуқаралар жыйынларында сайлаў мапазы өз жуўмағына жетти.
Республикамыздағы 411 пуқаралар жыйынларының барлығына баслық (ақсақал)лар сайланды. Өткерилген сайлаўларда 125 мыңнан аслам ўәкил даўыс берди. Бүгинги күнге шекем сайланған пуқаралар жыйынлары баслықларының 257си биринши мәрте сайланғанлар, 154и әмелдеги баслықлар болып есапланады. Соннан 45си ҳаяллар, 19ы депутатлар. Усы сайлаўларда 975 талабан қатнасып, ҳәр бир орын ушын 2,4 талабаннан туўра келди.
— Сайлаўға байланыслы өткерилген барлық мәжилислерде пуқараларға сайлаўдың тәртип-қағыйдалары терең түсиндирилип барылды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы аймағында пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары)н сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериўге көмеклесиўши республикалық комиссия баслығының орынбасары Т.Романов. — Сайлаў процесслери белгиленген тәртип бойынша өткерилип, аймақтағы көшелерден сайлаўға келген ўәкиллер кабиналарда өзлери қәлеген талабанды белгилеўине толық шараят жаратылды. Комиссия ағзалары ҳәм жумысшы топар жыйналғанлардың алдында сайлаў бюллетенлери тасланған қутыны ашып, даўыслар санап барылды.
Сайлаўлардың ашық-айдынлығы толық тәмийинленди.
Енди усы жаңадан сайланған пуқаралар жыйынлары баслық (ақсақал)ларының тәжирийбесин арттырыў мақсетинде 88 саатлық оқыў курслары шөлкемлестирилмекте. Оқыў курслары усы жыл 3-июньнен баслап аймақларға бөлинген ҳалда өткерилиўи режелестирилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.