ҚАН ТАПСЫРЫП, НАЎҚАСЛАРҒА ӨМИР БАҒЫШЛА
Бийғәрез донорлар — ҳеш қандай материаллық хошаметлеўди талап етпейтуғын мийрим-шәпәәтли, дәртлес, инсаныйлық туйғылары күшли болған, халықтың ҳүрметине ылайық, инсанлар болып есапланады.
Донорлық инсанда инсаныйлық пазыйлетлерин, бир-биреўге жәрдем бериў, меҳир-мүриўбетти қәлиплестиреди. Қыйналып атырған наўқас ямаса жәбирлениўши өмирин сақлап қалыўдай дүньяда инсаныйлық, саўап ис болмаса керек.
Қан ҳәм оның компонентлери доноры 18 жастан 60 жасқа дейин болған, дене салмағы 50 кг нан жоқары, өзин дени саў деп билген, шығысы, кәсиби, жынысы қандай болыўына қарамастан, ҳәр бир инсан болыўы мүмкин. Қан тапсырыўдан алдын донор медициналық көриктен өтеди. Яғный терапевт көриги ҳәм қандағы гемоглобин муғдары анықланады. Ҳәр қандай жағдайда донордың қан тапсырыўы мүмкинлигин шыпакер белгилеп береди.
АИЖС,АИЖ-инфекциясын тасыўшы, сифилис (захм), вируслы гепатит, туберкулёз, қан кеселликлери менен аўырған болсаңыз сизге донорлық қылыўыңызға рухсат берилмейди
Ўақытша себеплери-мына жағдайларда ўақытша (5 куннен 3 жылға шекем) қан тапсыра алмаўы мүмкинF Тис алдырғаннан кейин 5 күн, ангина, грипп, ОРВИ(өткир респираторлы вируслы инфекция)дан саўалланғаннан кейин 1 ай, нәрестени емизиўди тоқтатқаннан кейин-3 ай, бала алдырғаннан кейин (аборт)-6 ай, бала туўылғаннан кейин-1 жыл, татуировка түсирилгеннен кейин-1 жыл.
Қан тапсырыў ушын турақлы түрде сапалы аўқатланыў, көп муғдарда суйықлықлар мазалы чай, мийўе шербетлерин ишиў керек. Сондай-ақ, қан тапсыратуғын күни майлы аўқат ҳәм майлы сүт өнимлерин қабыл етпей, спиртли ишимликлерден еки күн өзиңизди тыйыўға ҳәрекет етиң. Ал, қурамында аспирин, анальгин болған дәрилер ишип атырған болсаңыз, онда үш күннен кейин қан тапсырыўыңыз мүмкин.
Дени саў адам ушын қан тапсырыў әлбетте, қәўипсиз. Сизиң денсаўлығыңыз, қан қуйыў хызмети ушын зәрүр ҳәм сиз қан тапсырып қандайда бир кеселлик арттырып алмаўыңыз ушын жуўапкер. Қан тапсырыў ўақтында тек бир мәртебе қолланылатуғын медициналық буйымлар ислетиледи.
Донорлар ҳәр сапары қан берер алдынан арнаўлы медициналық тексериўден өткериледи. Донорларды тексериў тәртиби Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 22-декабрь 2004-жылғы «Өзбекстан Республикасы Донорлар қаны ҳәм олардың қурам бөлеклериниң қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳаққындағы» қарарына тийкарланып әмелге асырылмақта.
Республикалық қан қуйыў станциясы заманагөй аппаратуралар менен тәмийинленген болып, олар арқалы қан компонентлерге бөлинеди ҳәм бөлинген қан белгили температуралық режимдеги музлатқышларда сақланады. Таярланған қан, қан арқалы жуғыўы мүмкин болған кеселликлерF Гепатит «В» ҳәм «С», сифилис, бруцеллез, АИВ/АИЖС-инфекцияларина, сондай-ақ, қандағы билирубин ҳәм баўыр ферментлери тексерилип, ҳәмме анализлер нәтийжеси жақсы болғанда ғана қан қуйыў ушын жарамлы болады.
Кейинги жылларда республикамызда бийғәрез донорлар санының салыстырмалы көбейгени менен, қан донорлығы елеге шекем әҳмийетли машқалалардың бири болып қалмақта. Дүнья жүзилик Денсаўлықты сақлаў шөлкеми көрсетпеси бойынша ҳәр бир мәмлекетте улыўма халық санының 1-3 проценти донор болғанда ғана қанға деген талап қанаатландырарлы болыўы мүмкин. Бул көрсеткиш бизиң республикамызда 0,5 процентке тең болып, еле де донорлар санын көбейтиўди талап етпекте. Ҳәзирги ўақыттағы донорлардың басым көпшилигин наўқастың ағайинлери ҳәм жақын-жуўықлары қурамақта.
Қанның ҳәр бир тамшысын — өмир десек арзыйды. Наўқас өмирин сақлап қалыўда оның орнын ҳеш нәрсе менен алмастырып болмайды, ол баҳасы жоқ сыйлық. Қан ҳәм оның қурам бөлеклериниң қолланылыўы қан кеселликлеринде, сондай-ақ, туўыў үйлериндеги зәрүр наўқасларға ана ҳәм бала саламатлығын беккемлеўде, айрықша жағдайларда жүдә үлкен әҳмийетке ийе. Улыўмаластырып айтқанда, донорлық инсан қәлбинде инсаниятқа, Ўатанға деген сүйиспеншилик, жақсылық ҳәм адамгершилик туйғыларын пайда етеди.
Бийғәрез донорларды көбейтиў арқалы биз қан арқалы жуғыўы мүмкин болған кеселликлер вируслы гепатит «В», «С» түрлери, АИВ/АИЖС-инфекцияларының тарқалыўының алдын алыўда өзимиздиң мәлим муғдарда үлесимизди қосқан боламыз.
Халқымыз, әсиресе, жасларымызды бир-биреўге мудамы жәрдем қолларын созады ҳәм қоллап-қуўатлайды деген үмит пенен бийғәрез донорлар қатарына қосылыўға шақырып қаламыз.
Жадыра Габбарова,
Республикалық қан қуйыў станциясы Донорлар бөлими баслығы.