ИЛИМИЙ-ПЕДАГОГИКАЛЫҚ КАДРЛАР ТАЯРЛАЎ — ДӘЎИР ТАЛАБЫ
Бүгинги күнде дәўирдиң жеделлик пенен алға раўажланыўы ҳәр бир адамды соған жараса ҳәрекет етиўге шақырады. Турмысымызға жаңадан-жаңа техника ҳәм технологиялар кирип келиўи менен оларды енгизиў ушын қәнигелерди талап ететуғынлығы өз-өзинен келип шығатуғын тәбийий қубылыс.
Өз нәўбетинде өсип киятырған жас әўладларды усындай жаңалықлар менен ҳәр күни таныстырып барыў ушын жәмийетте информациялық-коммуникация технологияларын толық түсинетуғын, оларды ен жайдырыўда өз үлесин қоса алатуғын маман кадрлар таярлаў мәмлекетимиз көлеминде әмелге асырылып атырған тийкарғы илажлардан есапланады.
Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалы жәҳәнниң жетекши илимий оқыў орынлары менен жақын бирге ислесиў байланысларын орнатыў, оқыў процесине халықаралық оқыў стандартларына тийкарланған алдынғы педагогикалық технологиялар, оқыў бағдарламалары ҳәм оқыў-методикалық материалларын кең енгизиў, оқыў-педагогикалық искерлигине, мастер-класслар өткериўге, билимин жетилистириў курсларына сырт елден бирге ислесиў ушын маман қәнигелер ҳәм илимпазларды тартыўға, олардың базасында системалы тийкарда филиалдан магистрантлар, жас оқытыўшылар ҳәм илимий хызметкерлердиң стажировка өтеўин, профессор-оқытыўшыларды қайта таярлаў ҳәм билимин жетилистириўин шөлкемлестириўди мақсет етип қойған.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жылы 7-февральда қабыл еткен «Өзбекстан Республикасын буннан былайда раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ҳаққында»ғы Пәрманы ҳәм 2017-жыл 20-апрельдеги «Жоқары билимлендириў системасын буннан былайда раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарарында атап өтилген ўазыйпаларға тийкарланып, филиалда илимий-педагогикалық кадрлар таярлаў, зийрек студент-жаслар менен ислесиў, илимий-изертлеў нәтийжелерин енгизиў ислери жолға қойылған. Буннан тысқары, хожалық шәртнамалары, шет ел грантлары бойынша илимий жумыслар ҳәм халықаралық бирге ислесиў байланыслары орнатылмақта.
Ҳәзирги күнде профессор-оқытыўшылар тәрепинен халықаралық оқыў бағдарламасы Tempus бойынша «Enhancing quality of doctoral education at Higher education institutions in Uzbekistan – Uzdoc» темасында (бас координатор – Бельгия) Бельгия, Италия, Испания, Хорватия мәмлекетлери университетлери менен бирге ислесиў жумыслары әмелге асырылып атыр.
Сондай-ақ, филиалда жаслардың өз имканиятларын әмелге асырыўы ушын кең мүмкиншиликлер жаратылып, Өзбекстан Республикасы Информациялық технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилген «X-Инновациялық идеялар, технологиялар ҳәм жойбарлар Республика ярмаркасы»нда филиал студент-жаслары 6 исленбе менен қатнасты. Филиал студентлери оқыў процеси даўамында алған теориялық билимлерин әмелиятта қолланыў мақсетинде студентлерден Ж.Дәўлетназаров «Ақыллы үй», Д.Целиков «Ақыллы қулп», Д.Қонарбаев «Қуўнақ әлипбе» ҳәм Н.Калбаева «Ақыллы китап» жойбарларын ислеп шықты. Ҳәзирги ўақытта Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ҳәм Өзбекстан көркем-өнер ҳәм мәденият институтының Нөкис филиалы менен 2 исленбеге шәртнамалар дүзилди.
Заман талабына сай тәризде филиалдың халықаралық байланыслар бөлими шет ел мәмлекетлери –Россия, Малайзия, Индонезия, Польша, Чехия, Сингапур, Латвия, Япония, Италия, Қытай университетлери менен илимий-изертлеў бағдарында байланыслар орнатып, Новосибирск мәмлекетлик техника университети менен академиялық мобилликти жолға қойыў мақсетинде шәртнамалар дүзилген. Және де Ш.Есенов атындағы технология ҳәм инжиниринг Каспий мәмлекетлик университети ҳәм «Европа университети» жеке жоқары оқыў орны (Украина) менен бирге ислесиў бойынша меморандумларға қол қойылып, Қубла Қазақстан Мәмлекетлик педагогикалық университети ҳәм Донецк Миллий техника университети менен бирге ислесиў бойынша шәртнамалары тийкарында жумыслар алып барылмақта.
Заманагөй тәлим системасын жоқары оқыў орынларына кеңнен енгизиў ҳәм шет ел мәмлекетлериниң тәжирийбели оқытыўшылары менен тығыз байланыста болыў — бүгинги дәўир талабы. Сонлықтанда бул билим дәргайы ҳәзирги ўақытта раўажланған мәмлекетлер менен бирге ислесиў ушын шәртнамалар дүзип, дүнья тәжирийбелерин үйренбекте. Филиал оқытыўшыларынан 2014-жылы Ш.Ядгаров, Б.Турумбетов, Ф.Зарипов, 2015-жылы Қ.Юлдашев, Н.Татлымуратов, А.Кадыров, 2016-жылы Д.Сейтимбетов ҳәм П.Нурымовлар Қубла Кореяның Кюн-Хи, Инха ҳәм Сеул мәмлекетлик илим ҳәм технология университетлеринде болып, ИКТ тараўы бойынша маманлығын жетилистирип қайтты.
Ҳақыйқаттанда халқымыз илим жолын әзелден қоллап-қуўатлаған, сыртқы дүнья менен байланыс жасаўға ҳәрекет еткен. Илим менен бахыт жолын излеген. Ҳәзирги күнде филиал хызметкери Т.Бердимбетов «CAS-TWAS President’s Fellowship» – Қытай илимлер академиясы ҳәм Пүткил жәҳән илимлер академиясы тәрепинен өткерилген таңлаўда « CAS-TWAS President’s Fellowship –2015» стипендиясы жеңимпазы болып, Пекин қаласындағы Қытай илимлер академиясы университетиниң докторантурасында оқып атыр. Ал, филиал оқытыўшысы К.Садатдинов усы академияның 2017-жылғы таңлаўында жеңимпаз болып, сол илим дәргайында тәлим алмақта.
Филиал питкериўшилеринен илим жолын қуўып, сырт еллерде магистратура басқышында оқып атырған билимли жасларымыз бар. Филиалды питкерген бир қатар жаслар Европа мәмлекетлериниң жоқары оқыў орынларында тәлим алмақта. Әлбетте, бул жаслардың келешекте жетик қәниге болып, үйренген илим сырларын жас әўладларға үйретип, жәмийетте илимниң раўажланыўына үлес қосатуғынлығына исенемиз.
Сондай-ақ, филиал студент-жасларына сырт ел профессор-оқытыўшылар ҳәм жетекши қәнигелери өз тәжирийбелерин қоллай отырып илим сырларын үйретеди. «Facebook» социаллық тармағының Лондон офиси жетекшиси «Андроид бағдарламасы» қәнигеси Азиз Муртазаев ҳәм де Австралияның Сидней қаласындағы «ICONIC» компаниясының жетекшиси «Андроид бағдарламасы» қәнигеси Атабек Муртазаевлар «Мобил қурылмалар ушын дәстүрий қураллар» пәнинен лекция ҳәм лаборатория сабақларын өтип, студентлерге сырт ел тәжирийбелерин үйретип барды. Австрия Республикасы Зальцбург университети «Геоинформатика» кафедрасы оқытыўшысы Сабине Хеннинг (PhD Sabine Henning) “Gis and Environmental Protection” темасында мазмунлы лекциялар оқып, студентлерди заманагөй илимлерден хабардар етпекте. Сондай-ақ, Чехия Республикасының Силезия университети PhD докторанты Турсынбай Утеев 1-курс студентлери ушын «Физика» пәнинен әмелий сабақларын алып барды.
Филиалда илимий-педагогикалық кадрлар таярлаў баслы мақсетимиз болып, усы жылы илим-изертлеў нәтийжелилигинде өсим бар. Филиал оқытыўшыларынан Э.Бабажанов, Б.Файзуллаев ҳәм Ю.Қутлымуратовлар түрли қәнигеликлер бойынша докторлық (PhD) диссертацияларын табыслы қорғап шығып, жас әўладларға илим сырларын үйретпекте.
Ҳәзирги күнде мәмлекетимизде информация, байланыс ҳәм телекоммуникация тармағын раўажландырыўға үлкен әҳмийет қаратылып атырған бир пайытта филиалымыздан да информациялық-коммуникация технологиялары бойынша заманагөй билимге ийе қәнигелердиң жаңа әўлады жетилисип шықпақта. Филиал жаслары арасында өз билими, шаққанлығы, илимге деген ықласы менен көзге түскен зийрек жаслар көп. Олардан «Программалық инжиниринг» бағдары 4-курс студенти Д.Қонарбаев «Келешек жаратыўшысы» медалы менен сыйлықланып ғана қалмастан, Өзбекстан Республикасы Информациялық технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги стипендиясын алыўға еристи. Бул болажақ қәниге өткен жылы Ташкент қаласында «Innoweek» инновациялық идеялар ҳәптелигинде «Жас инноватор» номинацияси бойынша жеңимпаз болған еди.
Сондай-ақ, «Телекоммуникация технологиялары» бағдары 4-курс студенти Г.Сапарова Өзбекстан Республикасы Информациялық технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги стипендиясын алыўға ерискен болса, «Программалық инжиниринг» бағдары 4-курс студенти А.Мамутова Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы стипендия ийеси ҳәм «Телекоммуникация технологиялары» бағдары 3-курс студенти К.Иниятова Өзбекстан Республикасы Кәсиплик аўқамының стипендиясын жеңип алыўға ылайық болды. Филиал жаслары сондай-ақ, командалық есапта Ташкент қаласында «Венкон компания»сы тәрепинен программалаў бойынша «Vencon code invent» чемпионатының Өзбекстан Республикасы басқышындағы 24-саат даўамында өткерилген программалаў чемпионатында 1-орынды ийелеп, 10 млн. сум ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Филиал турмысы мудамы жаңалықлар менен толы. 2018-жыл июнь-июль айларында Корея миллий транспорт университети (KNUT) ҳәм Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы ТИТУ ортасында дүзилген Меморандум тийкарында 10 студент ҳәм 2 профессордан дүзилген кеўиллилер делегациясы филиалға келип, студентлерге «Компьютер саўатлылығын асырыў», «Корея мәденияты», «ИКТ тараўында бағдарламалаў тәмийнатлар» ҳәм «Мобил қосымшаларды жаратыў» темаларында оқыў-тренинг курсларын жоқары дәрежеде алып барған болса, 2019- жыл 26- февральда Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги KOICA (KOREA INTERNATIONAL COOPERATION AGENCY)ның Өзбекстандағы елшиханасының волонтёрлик бағдарламасы координаторы Ким Хенжонг, менеджер жәрдемшиси Анвар Шомирзаев ҳәм жас қәниге Ча Ин Гвилерден қуралған делегация ағзалары семинар – тренинглер алып барды.
Усылар менен бирге Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 5-июньдағы «Жоқары оқыў орынларында оқыў сапасын асырыў ҳәм олардың мәмлекетте әмелге асырып атырған кең көлемли реформаларда жедел қатнасын тәмийинлеў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы қарарында көрсетилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде филиалға Португалияның Гуарда политехника институты профессоры Pedro Josе Arrifano Tadeu келип, 2019-жыл март айында филиал студентлерине лекциялар оқып, профессор-оқытыўшылары менен тәжирийбелер алмасты.
Мәмлекетимизде оқыў системасында тәлим менен тәрбия тең алып барылады. Биз жас әўладларға тек илим, билим сырларын үйретип қоймастан, руўхый жақтан жетик, кәмил инсанлар етип тәрбиялаўымыз тийис. Данышпан Афлатун айтқанындайF «Перзентлериңиздиң илим ҳәм әдебин өзиңиздиң илим ҳәм әдебиңиз бенен шеклемең. Оларды келешек ушын таярлаң, себеби олар сизиң заманыңызға тийисли емес, олар келеси заман адамлары болып табылады».
Ҳақыйқаттан да мақаламыз басында атап өткенимиздей, дәўирдиң жеделлик пенен алға раўажланыўы ҳәр бир адамды соған жараса ҳәрекет етиўге шақырып ғана қоймай, турмысымызға жаңа технологиялардың кирип келиўи, оларды енгизиў ушын жетик қәнигелерди талап ететуғынлығы өз-өзинен келип шығатуғын тәбийғый қубылыс екенлигине және бир мәрте исенимимиз артты.
Б.ҚАЙЫПБЕРГЕНОВ.
Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары
университети Нөкис филиалы директоры, техника илимлериниң докторы,
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кенесиниң депутаты.