Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:20:43, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚӘЎИПСИЗЛИКТИ ТӘМИЙИНЛЕЎДЕ ҲУҚЫҚЫЙ МӘДЕНИЯТ ЗӘРҮРЛИГИ

Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм нызамларында көрсетилип өтилген халықаралық ҳуқықый қағыйдаларда беккемленген инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў, оның турмысы, денсаўлығы, қәдир-қымбаты ҳәм басқа нызамлы мәплерин қорғаў ең тийкарғы мәселелерден бири етип белгиленген.

Нызам үстинлигин тәмийинлеў, шахс, шаңарақ, жәмийет ҳәм мәмлекеттиң ҳуқық ҳәм мәплериниң қорғалыўын күшейтиў, халықтың ҳуқықый мәденияты ҳәм  санасын асырыў, пуқараларды нызамға бойсыныў ҳәм ҳүрмет руўхында тәр­бия­лаў-бул раўажланған базар экономикасына тийкарланған ҳақыйқый демократиялық ҳуқықый мәмлекет ҳәм еркин пуқаралық жәмийетин қурыўдың тек ғана мақсети болып қалмас­тан, оның ең баслы шәрти есапланады. 

Өз гезегинде ишки ислер уйымларының да өз алдына ўазыйпалары  болып, олардың ҳуқықый механизми жаратылып, тийкарғы жөнелислери белгилеп берилди. Бүгинги күнде ҳуқықбузарлықлар профилактикасы тараўында усы ўазыйпаларға айрықша итибар қаратылды. Соның менен бирге ишки ислер уйымлары ҳәм жәми­йетшилик структуралары менен бирге ислесиўин ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы жөнелисинде әмелге асырылғаны ҳаққында ишки ислер уйымлары басшылары, ҳуқықбузарлықлар профилактикасының басшылары ҳәм профилактика инспекторларын район (қала) халық депутатлары Кеңеси ҳәм мәҳәлле пуқаралар жыйыны алдында есабат бериў тәртиби белгиленди.

Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы үстинен жәмийетшилик, парламент ҳәм депутатлық бақлаўының орнатылыўы усы хызмет пенен шуғылланыўшы уйымлар ҳәм хызметлердиң жумыс процесин жаңа бас­қышқа көтереди.

Ишки ислер уйымларының ҳуқықбузарлықлар профилактикасын тиккелей әмелге асырыўшы уйымлар ҳәм мәкемелер менен бирге ислесиўиниң ҳуқықый тийкарын Өзбекстан Республикасының нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлери қурайды.

Жуўмақ ретинде соны айтыў керек, жәмийет тәртиби ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеўде милицияның жәмийетшилик пенен турақлы бирге ислесиўин тәми­йинлеў арқалы бириншиден, жергиликли дәрежеде жәмийет тәртиби ҳәм қәўипсизлигин нәтийжели тәми­йинлеўге, екиншиден, аймақта жәмийет тәртиби ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын тек ғана милиция емес, бәлким жәмийетшиликтиң де жуўапкер екенлигин түсинип жетиўине ерисиледи.

Мәмлекетимиз ишки ислер уйымлары системасында басқышпа-басқыш әмелге асырылып атырған реформалар жәмийет тәртиби ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм халықтың ҳуқықый мәде­ниятын жоқарылатыўдың орайлық субъекти болып қалады.

 

Ғ.ҚАРШИЕВ,

Өзбекстан Республикасы ИИМ Академиясы «Криминология»

кафедрасының оқытыўшысы, майор.

Р.ЖАЛҒАСБАЕВ,

Академияның «Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы хызмети»

қәнигелигиниң 313-топар курсанты.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF