Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:26:08, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МӘЖБҮРИЙ ЕМЛЕЎГЕ ЖИБЕРИЎ ХЫЗМЕТИ

Өзбекстан Республикасының алып барып атыр­ған еркин пуқаралық жәмийет қурыў жолындағы реформалар биринши гезекте жәми­йет ағзаларының тынышлығын тәмийинлеў, олардың еркин жасаў шарая­тын жақсылаўға қаратылған.

Усындай мақсеттен келип шығып, ҳәр бир пуқараның руўхый дүньясы ҳәм дүньяға көзқарасын жаңа дәўир талаплары тийкарында қәлиплестириў ҳәм инсан мәнаўиятында жүзеге келетуғын қыйлы жаман иллетлерди келтирип шығармаўды тәми­йинлеў  мәм­лекет сия­сатында айрықша ити­барға алынған.

Соның ушын да инсан мәнаўиятына кери тәсир көрсетиўши созылмалы алкоголизм, нәшебентлик ҳәм токсикомания сыяқлы иллетлер ҳәзирги дәўирдеги актуал машқалалардан бири. Себеби, жәмийеттиң раўажланыўына кери тәсир етиўши бул иллетлер нәтийжесинде көплеген жынаятлар жүз бермекте, шаңарақлар аянышлы аўҳалға түсип қалмақта, нәрестелер майып болып туўылмақта. 

Алкоголизм, нәшебентлик ҳәм токсикомания сыяқлы иллетлер көплеген унамсыз жағдайларды келтирип шығарады. Адам усыларды қабыллаўы нәтийжесинде ҳәр қыйлы жынаятларды ислеўи мүмкин. Себеби, олардың тәсирине түскен ҳәр қандай инсан өзиниң басқарыўын жойтады. Сондай-ақ, буларды қабыллаўшылар көбинесе оларды сатып алады, буның ушын болса қаржы керек болады. Буның нәтийжесинде болса өзгениң мүлки талан-тараж етилиў, урлық, басқыншылық сыяқлы жынаятлардың жүз бериўине алып келеди.

Өзбекстан Республикасының Жынаят нызамшылығында мәслик ҳалатында ямаса нәшебентлик затлары, психотроп ямаса адамның минез-қулқына тәсир етиўши затлардың тәсири астында жынаятты иске асырыўы жазаны аўырластырыўшы жағдайлардан бири есапланып, айыпкерге қарата аўыр жаза тайынлаўға тийкар болады. Буннан тысқары, алкоголизм, нәшебентлик ҳәм токсикоманияға берилгенлерге суд тәрепинен жаза та­йынлаў пайытында оларды жазаны өтеў орнында, азат етилгеннен соң емлениўди даўам еттириў зәрүрлиги бол­ғанда медициналық усылдағы мәжбүрлеў шаралары қолланылады.

Жуўмақлап айтқанда, профилактика инспекторлары усы сөз еткен иллетлердиң алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиўде бириншиден, ҳәзирги заман талаплары тийкарында жетилистирилген усыл ҳәм механизмлерди қолланыўы тийис болса, екиншиден, жынаят қыдырыў, тергеў хызметлери, жазаны өтеў мәкемелери, арнаўлы медицина мәкемелери, өзин-өзи басқарыўшы уйымлар, лаўазымлы шахслар ҳәм пуқаралар менен тығыз биргеликтеги жумысларды алып барыўды жолға қойыў мақсетке муўапық келеди.

 А.ТУРСУНОВ,

Өзбекстан Республикасы ИИМ Академиясы «Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы»

кафедрасының баслығы.

 

М.АБАТОВ,

Академияның «Ҳуқық­бузарлықлар профилактикасы хызмети»

қәнигелигиниң 310-топар курсанты.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF