ҲӘММЕСИ ХАЛҚЫМЫЗ ИЙГИЛИГИ УШЫН
Бүгинги күни елимизде «Абат аўыл», «Абат мәҳәлле» мәмлекетлик бағдарламаларының әмелге асырылыўынан аўыл ҳәм мәҳәллелер жаңаша келбетке ийе болмақта.
Әсиресе, бағдарлама бойынша аўыллық елатлы пунктлерде электр тармақлары ҳәм трансформаторларды модернизациялаў жумысларын алып барыў, авариялық жағдайлар менен электр тәмийнаты тармақларындағы көплеген үзилислердиң азайыўына ерисиледи.
Қарақалпақстан Республикасы бойынша быйылғы жылы мәмлекетлик бағдарламада 138 дана таза трансформаторларды модернизациялаў, 301,6 километр узынлықтағы ҳаўа электр тармақларын тартыў режелестирилген. Ҳәзирги күнде барлық объектлерде жумыслар шөлкемлескенлик пенен алып барылмақта. Соның менен бирге, тутыныўшылардың электр энергиясына болған талапларын қанаатландырыў ҳәм оларға сапалы үзликсиз электр энергиясын қәўипсиз ҳәм зыянсыз жеткерип бериў мақсетинде қала ҳәм районларда капитал ремонтлаў жумыслары да жойбар тийкарында исленип атыр.
Атап айтқанда, республикамыз бойынша жәми 414 дана трансформатор пунктлери, 1457,1 километр электр узатыў линияларын, 3 дана ири трансформатор ҳәм электр энергиясын тарқатып бериўши подстанциялары жәми 31 дана өшириў үскенелерин ири оңлаў жумыслары жүргизилиўи көзде тутылған. Бүгинги күнде ҳаўа электр тармақларын тартыў 25,5 процентке, ал, трансформаторларды ремонтлаў жумыслары 31,9 процентке орынланды. Бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.
Жуўмақластырып айтқанымызда, «Абат аўыл» бағдарламасы тийкарында әмелге асырылып атырған бундай ийгиликли жумыслар халқымыздың абадан турмыста жасаўына ҳәм электр энергиясын үзликсиз пайдаланыўына тийкар жаратады.
Б.ЗАРИМОВ,
«Ўзэнергоинспекция» ның Қарақалпақстан Республикасы
аймақлық бөлиминиң жетекши қәнигеси.