Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 16:00:54, 08.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҮЛГИЛИ ШАҢАРАҚЛАРДЫҢ БИРИ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 2-февральдағы «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысларды түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық, республика көлеминде белгиленген ис-илажлар бағдарында бирқанша инабатлы жумыслар атқарылып келинбекте.

Буның бир мысалы ретинде Өзбекстан көлеминде өткерилген «Үлгили шаңарақ» таңлаўында жерлесимиз Рустем Айбергеновлар шаңарағының биринши орынды ийелегенин айтып өтсек болады.

Ҳуқықый демократиялық мәмлекетти қәлиплестириўде шаңарақтың орны гиреўли. Өйткени, оның жуўапкершилигине бәркамал әўладты тәрбиялаў ҳәм бул арқалы миллий қәдириятларымызды әўладтан-әўладқа жеткериўдей уллы ўазыйпалар жүкленген. Өзбекстан Республикасы Конституциясы 14-бабының толығы менен шаңараққа бағышланыўы, сондай-ақ, 1998-жылы қабыл етилген «Шаңарақ» Кодекси елимизде муқаддес дәргай саналған шаңарақтың ҳуқықый статусының ҳәр тәреплеме беккемлеп қойылғанының айқын дәлили десек қәтелеспеймиз.

Беккем ҳуқықый тийкарларға ийе болған шаңарақ, әлбетте, көпшиликке үлги болары анық. Шаңарақлардың ҳәр тәреплеме беккемлигин тәмийинлеў бүгинги күни мәмлекетлик сиясат дәрежесиндеги мәселелердиң бирине айланды. Өйткени, шаңарақ ­ бул тек бир елдиң ғана емес, ал, улыўма инса­нияттың баслы сиясаты болып, пүткил тиришилик, әўладлар даўамлылығы ол арқалы ғана тәмийинленеди.

Рустем Айбергенов Нөкис қаласында туўылып, камалға келеди. Мектепте оқып жүрген дәўиринде спорттың дзюдо түри менен көбирек шуғылланады. Устазларының берген көрсетпелеринен утымлы пайдаланып, бир қатар жарыслардың жеңимпазына айланады. Музыкаға қызыққанлығы себепли, музыка мектебине қатнап, саз әсбапларынан аккордеон, гиржек, гитарада намаларды үйренип, кәмине келтирип шертип, рети келгенде қосық та айтатуғын дәрежеге жетти.

Ўақыт дегенниң зымырап өтиўин қараң. Кешеги ойын баласы көп узамай мектепти тамамлап, 1985-жылы Алма-ата энергетика институтының электромеханика факультетине ҳүжжетлерин тапсырды. Талабы оңынан оралып, студентлик алтын дәўирин баслады. Теориялық билимди әмелият пенен байланыстырды. Оқыўдан бос ўақытлары трамвай, троллейбус айдап, бираз тәжирийбе топлады. 1987-1989-жылларда Бурятияның Улан-Удэ қаласында әскерлик ўазыйпасын атқарды.

­ Әскерлер арасында дзюдо менен шуғылланғаным пайда берди. Және музыкаға қумар екенлигимди байқаған командирлерим қоллап-қуўатлап, маған қолайлы имканиятлар жаратты. Штабқа нәўбетши етип жумысқа орналастырды. Тийисли ҳүжжетлерди таярлаўға тапсырмалар берди. Берилген тапсырмаларды ўақтында орынлап, басшылардың нәзерине түстим. Түсинип ислегенликтен командирим ҳуқықый тараў бойынша жумыс ислеўге бағдарлады. Нызам ҳүжжетлерин еринбей үйренип, усы тараўға қызығып қалдым. 1989-жылы әскерликти тамамладым. Анамның аўырып қалыўы себепли, энергетика институтынан ҳүжжетлеримди қайтып алдым.

Турмыста не гезлеспейди дейсең, көне береди екенсең. Үмитиңди үзбей, кеўилиңди ҳаққа берсең, Жаратқан тәрепинен берилетуғын инамлар көп. Жағдайларымыз жақсыланып, баяғы күнлер артта қалды. Юриспруденция бағдары бойынша таярлыққа түстим. Келешек әрманым юрист болыўға талапшаңлық күннен-күнге арта берди.

1990-жылы Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигине жумысқа өттим. Министрлик жанынан шөлкемлестирилген «Динамо» спорт клубының турақлы ағзасы болдым. Усы спорт клубта шәртнама тийкарында дене тәрбиясы бойынша инструктор болып та иследим. Ишки ислер бөлиминен спорттың дзюдо түри бойынша көплеген шәкиртлер таярладым. Жасларға басшылық етип, дене шынықтырыў менен бирге 1990-1992-жыллар аралығында республикамызға культуризм спортының кирип келиўине себепши болдым. Спорттың қәлеген түри менен ҳәр күни шуғылланып барсаңыз, оның сизге тийер пайдасы мол, - дейди Рустем Айбергенов гүрриңлесиў пайытында. – Культуризм спортына қызығыўшылар саны көп болғанлығы себепли, пайдаланып отырған орын азлық етип, басқа жерлерден бос турған имаратларды изледик. «Көктен излегеним, жерден табылып», Ишки ислер министриниң келисими менен республикалық Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы имаратындағы залда таярлық жумысларын басладық. Бул спорт түрине 200 ден зыят жаслар қатнасты. Тийисли мағлыўматларды Латвия Республикасынан почта арқалы алдырып, балалардың ишинен зийрек, епшил шаққанын таңлап алып, узақ ўақыт даўамында шуғылланып, шәкиртлер таярлаўға еристим. Спорт залымызда ҳәр қыйлы түрдеги, адам денесиниң барлық булшық етлерин раўажландырыўға болатуғын тренажёрлар бар еди, олардан утымлы пайдаландық. 1992-жылы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитети ашылып, мийнет жәмәәтиниң қоллап-қуўатлаўы арқалы, бажыхана басқармасына жумысқа өттим. Бажыхана басқармасында ислеп жүрип, 1997-жылы Қазақстан университетин юридика қәнигелиги бойынша тамамладым. 1998-жылы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы судында суд мәжилисиниң хаткери болып иследим. Шет ел мәмлекетлерине экспорт-импорт жумысларын ислеп турған «Элите» қоспа кәрханасы бас директорының усынысына муўапық, мәсләҳәтши ўазыйпасын атқардым. Соңын ала кәрхана директоры болып иследим. Республикамыздағы «Катекс» фабрикасынан шығып турған шийки зат өними, ийирилген сабақ (жиңишке үш сабақты бириктирип, толықтырыў мақсетинде) Қашқадәрьядағы «Каштекс» фабрикасында қайта оралып, соң Бухарадағы «Буфантекс» фабрикасында ҳәр қыйлы реңлерге боялып, Зарафшандағы «Агама-текстиль» фабрикасындағы Японияның тоқыў жумысларын әмелге асыратуғын станокларында, боялған реңли сабақлардан ҳәр қыйлы түрдеги, ерлер ҳәм ҳаяллар жемпирлерин тоқып шығардық. Таяр ки­йим-кеншек өнимлерин Германия мәмлекетиндеги «Коник» фирмасына саттық. Базыда қыйналаман да. Себеби, ол ўақытлары исбилерменлерге бүгинги күндегидей имканиятлар жаратылмады. Сонлықтан да кәрханамыз Ташкент қаласына өзгертилди. Буйырған несийбени шөплей берейик, табылған жумысты еплей берейик, деген нийетте шаңарақ ағзаларымыз бенен ойласа отырып, бир шешимге келдик. 2003-жылы «Қарақалпақэлектртармақлары» ашық акционерлик жәмийетине мәсләҳәтши болып жумысқа өттим. Дәўир талабына муўапық, тәўир-ақ жумыс көлеми бар екенлиги билинди. Солай етип, ҳәр бир районлық тармақларға юристлер алынып, халықтың кең қатламы арасында қарызларды  қаплаўға белсене қатнастым, нәтийжеде қарыздарлықлар кемейди. Пәтти жаздырмай қатал услап, туўры жолға түсиргеним маған қол келди. 2009-жылы авгсут айында Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы тәрепинен шөлкемлестирилген «Өзбекстанда төрешилик судьясының ең тийкарғы шешилиўи тийис мәселелери, бизнес медиациясына кириў» ҳаққындағы семинарға қатнастым. Семинар жуўмағында маған сертификат берилди. Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы қасындағы арбитраж раўажландырыў орайында Төрешилик судья­лығына аттестациясынан өтип, тийисли ҳүжжетке ийе болдым. Солай етип, сол жылдың сентябрь, октябрь айларында Европа мәмлекетлериниң бири болған Словакия Республикасының Братислава қаласында Халықаралық арбитраж судьяларын таярлаў бойынша өткерилген семинарға қатнасып. Халықаралық Төрешилик судьясы деген сертификат алдым.

Ҳәзир Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан филиалы қасындағы Төрешилик судының баслығы лаўазымын атқарып атырман. Өмирлик жолдасым Дилбархан Төремуратова менен еки ул, бир қызды камалға келтирип, өзлериниң қәлеген қәнигеликлери бойынша Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде билим сырларын ийелемекте. Ғәрезсизлигимиздиң 27 жыллық байрам мүнәсибети менен республикамыздың социал-экономикалық раўажланыўына қосқан салмақлы үлесимиз, жәмийетлик турмысқа белсене қатнасқанымыз ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң «Ҳүрмет жарлығы» менен сыйлықландым. Мийнетлеримди өз ўақтында баҳалаған жоқары уйым басшыларына, халқыма шексиз миннетдаршылық билдиремен...

Өзбекстан көлеминде үлгили шаңарақлар қатарында жүзден жүйрик, мыңнан тулпар болып, барлық басқыш түрлери бойынша жетискенликлерге ерисип, биринши орынды алыў аңсат емес. Оның артында қаншама изленис, талапшаңлық, шөлкемлестириўшилик, талпыныслар жатыр. Усындай жетискенликлерге ерискен Рустем Айбергенов шаңарағына аман-есенлик, алдағы жумысларында табыслар тилеймиз. 

 

Кеңесбай  СЕЙДАНОВ,

Өзбекстан  Журналистлер дөретиўшилик аўқамының ағзасы.

СҮЎРЕТТЕ: «Үлгили шаңарақ» таңлаўының жеңимпазы Рустем Айбергенов

шаңарақ ағзалары менен биргеликте.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF