Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:14:43, 07.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖӘМИЙЕТТЕГИ  РЕФОРМАЛАРДЫҢ  ЖЕМИСИ

«Кәсиплик шеберлик ҳәм мәде­ниятты арттырыў, ҳәрқандай жағдайда да нызам, әдиллик ҳәм адамгершилик принциплерине тийкарланып ис тутыў ҳәр бир судьяның ең әҳмийетли ўазыйпасы болыўы зәрүр.

Судлар тәрепинен қабыл етилген ҳәр бир қарар әдил, нызамлы ҳәм тийкарлы болыўы шәрт» деген еди Президентимиз Ш.Мирзиёев.

Президентимиздиң бул көрсетпелерине әмел етип соңғы еки жылда судлардың шын мәнисинде бийғәрезлигин тәмийинлеў, кәсиплик абырайын арттырыў, жоқары маманлыққа ийе ҳәм нәтийжели жумыс алып барыўшы суд корпусын қәлиплестириў мақсетинде бир қатар әҳмийетли илажлар әмелге асырылды. Судьялардың ўәкиллик мүддетлери қайта көрип шығылып, судьялық лаўазымына биринши мәрте бес жыл мүддетке, соннан ке­йин он жыл мүддетке, буннан соң мүддетсиз тайынлаў (сайлаў)ды нәзерде тутатуғын тәртип енгизилди. Бул өзгерислер халықаралық стандартларға ҳәм раўажланған демократиялық мәмлекетлердиң алдынғы тәжирийбесине толық сәйкес келди.

Жынаят ҳәм жынаят-процессуал ҳәм басқа да нызам ҳүжжетлерине инсанның ҳуқықлары менен еркинлериниң үстинлигин тәмийинлеў, суд додалаўын нызамлы түрде өткериў, жазаның әдил ҳәм инсаныйлылық кепилликлерин күшейтиўди инабатқа алған ҳалда әдил судлаўдың нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған бир қатар өзгерислер киргизилди.  

Усы орында судта ис жүргизиўдиң жеделлигин ҳәм сапасын арт­тырыў, ис бойынша жуўмақлаўшы шешимлер қабыл етиў мүддетлерин тийкарсыз кешиктириўди сапластырыў, судлардың жынаят процесиндеги ролин арттырыў мақсетинде суд тәрепинен жынайый исти қосымша тергеўге қайтарыў инс­титуты бийкар етилгенин айрықша атап өтиў орынлы. Бунда нызамшылыққа тергеўдиң толық емеслигин судтың додалаўы процесинде толықтырыў механизмлери енгизилди. Исти тергеўге қайтарыў институтының бийкар етилиўи судта додаланып атырған жынайый ис бойынша суд тәрепинен ақлаў ямаса айыплаў ҳүкими шығарыўдан басқа шешимниң қабыл етилиўине шек қойылды. Бул жағдай болса жынайый ислердиң дәслепки тергеўиниң сапасын арттырыўға хызмет етип, судларда жыллар даўамында ислерди қайта-қайта көриў әмелиятын пүткиллей тоқтатты.

Усы өзгерислер нәтийжесинде Қарақалпақстан Республикасы бойынша өткен еки жылда судлар тәрепинен 66 шахс ақланды. Бул 20l5-20l6-жыллары 2 шахсты қураған. Сондай-ақ, 341 шахс еркинен айырыў жазасы менен байланыслы болмаған жаза шарасы қолланыўы менен суд залынан қамақтан азат етилди. Жынаят кодексиниң 57-статьясы тәртибинде жынаят ислеген 607 шахсқа жынаят ушын белгиленген жазаның ең кем бөлегинен де кемрек жеңил жаза тайынланып, 454 шахс шәртли ҳүким етилди. Жынаят кодексиниң 73-статьясы тәртибинде 1779 шахс жазаны өтеўден мүддетинен бурын шәртли түрде азат етилди. Жынаят кодексиниң 74-статьясы бойынша 1036 шахстың жазасы жеңилиреги менен алмастырылды. 

Сондай-ақ, 1112 шахс тәреплердиң жарасқанлығы мүнәсибети менен жынайый жуўапкершиликтен азат етилген.

Соңғы жыллары адамгершилик принципи тийкарында турмысымызда пүткиллей жаңа судлаў әмелияты енгизилмекте. Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша судының Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысын муўапықластырыў бойынша Республикалық кеңеси, Ҳаял-қызлар комитети, Жаслар аўқамы менен дүзилген Меморандумларға тийкар қылмысынан шын кеўилден пушайман болған судланыўшылардың азатлыққа шығыўына имкан берилип, жәмийетке пайдасы тийетуғын мийнет пенен шуғылланыў ушын шараят жаратылмақта.

Соның нәтийжесинде жынаят жолына адасып кирип, өз қылмысынан пушайман болған 29 пуқараға, соннан 13 қыз-жигит және 7 ҳаял-қызларға — мәкан пуқаралар жыйыны, Ҳаял-қызлар комитети ҳәм Жаслар аўқамының кепилликлери тийкарында еркинен айырыў жазасы менен байланыслы болмаған жаза шарасы қолланылды.

Жәмийетте әдиллик, ашық-айдынлық ҳәм жәриялылықты тәмийинлеў мақсетинде судта ислерди электрон бөлистириў системасы әмелиятқа еңгизилди. Енди инсан араласыўысыз исти қайсы судья көриўин электрон бағдарлама белгилейди.

Сондай-ақ, пуқаралардың сергизданлық, әўере болыў ҳәм артықша қәрежетлердиң сарпланыўының алдын алыў мақсетинде суд процесине заманагөй байланыс технологиялары енгизилип, видеоконференциялық байланыс системасы орнатылды. Бул арқалы әдил судлаўдан пайдаланыў шеңбери кеңейтилип, басқа аймақта жасайтуғын гүўалардан көрсетпе алыў, еркинен айырыў жерлеринде сақланып атырған шаҳстың процессте қатнасыўы тәмийинленеди.

Сондай-ақ, пуқаралардың мүрәжатларын тиккелей өз орынларда үйрениў мақсетинде суд басшылары тәрепинен белгиленген реже тийкарында көшпели қабыллаўлар өткерилип келинбекте. Онда халық пенен ашық сәўбетлесиўлер өткерилип, олардан келип түсип атырған машқалалар үйренилип, нызамлы ҳәм өз мүддетлеринде шешимлер қабыл етилмекте. 

Президентимиздиң 2018-жыл 13-июльдағы «Суд-ҳуқық системасын буннан былай да жетилистириў ҳәм суд ҳәкимияты уйымларына исенимди арт­тырыў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы ҳәр тәреплеме пухта ҳәм терең ойланған идеяларға тийкарланып, система абырайын асырыў, судларды қәнигелестириў менен бирге халық, оның тәғдири, ҳуқық ҳәм мәплерин нызамлы қорғаўдың жоқары көриниси болды.

Пәрманға муўапық суд уйымларының жумысының ашықлылығын және де тәмийинлеў ҳәм халық пенен ашықтан-ашық сәўбетлесиўди кеңейтиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды веб-сайтында суд қарарларын системалы түрде жәриялаў тәртиби басқышпа-басқыш еңгизилмекте. Сондай-ақ, судлар тәрепинен қабыл етилген суд шешими оқып еситтирилгеннен соң оның әхмийетин суд процеси қатнасыўшыларына түсиндириў жумыслары әмелге асырылмақта. Бунда шешимниң қабыл етилиўине, жазаның түри ҳәм муғдарын тайынлаўға тийкар болған жағдайларды түсиндириўден тысқары, тайынланған жазаны өтеў, соның менен бирге судланған шахсқа жүклетилген миннетлемелерди орынлаў шәртлери, жазаны өтеўден бас тартыў ақыбетлери, жаза өтеў ўақтында хошаметлеўши нормаларды қоллаў тәртиби, суд мәжилиси баянламасы менен танысыў ҳәм оған пикир-усынысларын билдириў тәртиби ҳәм мүддетлери, түсиндириледи. 

Пәрман орынланыўы шеңберинде судлардың жумысы ҳаққында жәми­йетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларын хабардар етиў мақсетинде ҳәр шеректе Қарақалпақстан Республикасы судларының баслықлары ҳәм олардың орынбасарлары тәрепинен пресс-конференциялар шөлкемлестирилмекте. Онда суд басшылары тәрепинен кең жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларына өз жумысы ҳаққында мәлимлеме бере өтырып, олардың судтың жумысына байланыслы сораўларына жуўап бериў жолға қойылды.

Сондай-ақ, ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды судлаў коллегиялары тәрепинен суд ислерин бақлаў тәртибинде, Қарақалпақстан Республикасы судлары ҳәм ўәлаят судлары тәрепинен суд ислерин апелляция ҳәм кассация тәртибинде көрип шығыў тәжирийбеси шолыўлары жәрия­ланбақта.

Бул басламаның әмелге асырылыўы суд жумысының нәтийжелилигине, сондай-ақ, республиканы раўажландырыўдың заманагөй басқышының талапларына толық тийкарланған әдил судлаўдың жәмийетшилик ушын ашық-айдынлығы ҳәм еркинлиги принциплерин турмысқа енгизиўге хызмет етеди. Буннан тысқары Қарақалпақстан Республикасында судьялар корпусын қәлиплестириўге көмеклесиўши комиссия дүзилип, оның қурамына суд системасында ҳәм де ҳуқықты қорғаў уйымларында көп жыллар жумыс ислеген көп жыллық кәсиплик ҳәм өмирлик тәжирийбеге ийе болып, ҳүрметли дем алысында болған устазлардан тыс­қары кең жәмийетшилик ўәкиллери киргизилген. Бул жәмийетлик тийкарында жумыс ислеўши Комиссия судьялыққа талабанлардың жеке ҳәм кәсиплик тәжирийбесин үйренип, өз пикирлерин билдириўи менен Өзбекстан Республикасы Судьялар Жоқарғы кеңесиниң судьяларды таңлаў ҳәм лаўазымға тайынлаўдың қалыслығы ҳәм ашықлығына исенимди асырыўға хызмет етип, судья лаўазымына жүклетилген ўазыйпаларды ҳадал ҳәм ҳүжданлы орынлаўға, судлаўды тек ғана нызамға бойсынған ҳалда әмелге асырыўға, судья­лық ўазыйпаны бийғәрез, қалыс ҳәм әдил атқаратуғын талабанларды таңлаўда өз үлесин қосады. 

Жоқарыда атап өтилген елимизде әмелге асырылып атырған суд-ҳуқық реформасы нәтийжесинде бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша суды ҳәм ра­йон, қалалық судлары тәрепинен 2019-жыл 1-шерегинде 367 шахсқа қарата 301 жынаят иси көрип тамамланып, судланған шахслар саны алдынғы жылға салыстырмалы 39 процентке кемейгенлигин айтып өтиўимиз керек.  Соның менен бирге, айырым жынаят түрлери бойынша судланғанлар саны бир қанша кемейгенин, атап айтқанда, тонаўшылық ҳәм бийзарылық жынаяты 66 процентке, өзгениң мүлкин өзлестириў яки растрата жолы менен талан-тараж етиў жынаяты 48,6 процентке, жол ҳәрекети қәўипсизлиги қағыйдаларын бузыў жынаяты 41 процентке, парақорлық пенен байланыслы жынаяты 34 процентке, қастан денеге орта аўырлықтағы ҳәм аўыр жарақат жеткериў менен байланыслы жынаяты 26 процентке, наркотикалық затлар менен байланыслы жынаятлар 22 процентке ҳәм урлық жынаяты 17 процентке кемейгенин атап өтиў орынлы.

Булардың бәри инсан ҳуқықларын тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған реформалардың нәтийжеси болып табылады.

Президентимиздиң 2019-жыл 9-январь күнги «Жәмийетте ҳуқықый сананы ҳәм ҳуқықый мәдениятты арттырыў системасын түп-тийкарынан жети­листириў ҳаққында»ғы Пәрманы менен бәршемизге жаслардың ҳуқықый тәр­биясына унамсыз тәсир ететуғын факторларға иммунитетти қәлиплестириў, ҳәр бир шахста нызамларға ҳәм әдеп-икрамлылық қағыйдаларына ҳүр­мет, миллий қәдириятларға садықлық сезимин оятыў жумыслары белгиленип берилди.

Судлар тәрепинен жынаят ислерди көшпели суд мәжилислеринде жәми­йетшилик қатнасында талқылаў арқалы халықтың кең қатламына тәрбиялық тәсир көрсетиў ҳәм сол арқалы мүмкин болған жынаят ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў жумыслары жеделлестирилмекте. 2019-жыл 1-шерегинде көрип тамамланған жынаят ислериниң 143 иси яки 47,5 проценти көшпели суд мәжилисинде көрилген.

Судлар басқа мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәкемелери менен биргеликте ҳәр бир жынаяттың түп себеплери ҳәм оны келтирип шығарған бәрше шәрт-шараятларын үйрениў, пуқаралар ҳәм юридикалық шахслардың бузылған ҳуқықларын, еркинликлерин ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, жынаят ислеген айыплы шахсқа нызам үстинлиги ҳәм айып ушын жазаланыўы принциплери тийкарында нызамда белгиленген шаралар қолланыўын тәмийинлеген ҳалда, 2019-жылдың 1-шерегинде көрип тамамланған жынаят ислериниң 197 иси яки 65,4 проценти бойынша айрықша уйғарыўлар шығарып, кең жәмийетшиликтиң итибарын нызам бузылыўы ҳәм оның жүзеге келиўи себеплерине қаратып, олар­ға қарсы гүресиўге қосыў жумыслары жолға қойылмақта.     

Пуқараларды Конституция ҳәм нызамларға бойсыныў руўхында тәрбия­лаў мақсетинде жынаят ислери бойынша судлары тәрепинен 2019-жылдың 1-шерегинде кәрхана, мәкеме, шөлкемлер, оқыў орынлары ҳәм де халық арасында улыўма 262 баянатлар исленип, ушырасыў ҳәм сәўбетлесиўлер өткерилген. Ғалаба хабар қуралларында улыўма 104 еситтириўлер шөлкемлестирилип, газета ҳәм журналларда 24 мақала, веб-сайтларда 14 шығыўлар жәрияланған.

Гөзлеген шеклеримиз қаншелли жоқары болмасын, оларға жетисиў ушын кең жәмийетшилик, биринши гезекте депутатлар, мәҳәлле жетекшилери, нураныйлар, Ҳаял-қызлар комитети ҳәм Жаслар аўқамы ўәкиллери менен еле де тығыз байланыста бол­ған ҳалда бирге ислесип, әмелге асырыўымыз зәрүр. 

 

 Г.БАЗАРБАЕВА,

Қарақалпақстан Республикасы Жынаят

ислери бойынша судының баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF