Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:49:56, 08.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

СТАНДАРТЛАСТЫРЫЎ ТАРАЎЫ ­ ХАЛЫҚ ХЫЗМЕТИНДЕ

«Қарақалпақстан сынаў ҳәм сертификатластырыў орайы» мәмлекетлик кәрханасы халыққа ҳәм исбилерменлерге қолай шараятлар жаратыў мақсетинде хожалық жүргизиўши субъект­лерге бийпул мағлыўмат хызметлери көрсетилип, ашық есиклер күни ҳәм исеним телефоны ҳаққында баспасөз бетлерине хабарландырыўлар берип бармақта.

Ал, хызметкерлеримиз ушын ҳәр ҳәптеде нызамсыз ислердиң алдын алыў бойынша техникалық оқыўлар шөлкемлестирилип, олардың өз үстинде ислеўи ушын мүмкиншиликлер жаратылған.

Юридикалық ҳәм физикалық шахс­лардың мүрәжатлары ҳәр шеректе улыўмаластырылып, талқыланып, өз ўақтында шешиў ислери шөлкемлестирилген ҳәм қадағалаўға алынған.

Стандартластырыў, сертификат­ластырыў ҳәм метрология тараўларын және де раўажландырыў, исбилерменлик орталығын түпкиликли жақсылаў, денсаўлықты сақлаў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаўды күшейтиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл l2-декабрьдеги «Техникалық жақтан тәртипке салыў, стандартластырыў, сертификатластырыў ҳәм метрология системаларын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Бул қарарда әмелдеги нызамшылық ҳүжжетлерди қайта көрип шығыў ҳәм жаңаларын қабыллаў, муўапықлықты баҳалаў процесслерин беккемлеў ушын сынаў базасын қайта үскенелеў, тараўға заманагөй мәлимлеме технологияларын енгизиў және басқа да әҳмийетли мәселелерге итибар қара­тылған. Сондай-ақ, санаат тармақлары мүмкиншиликлерин инабатқа алып, жаңа халықаралық сынаў усылларын енгизиў, заманагөй лаборато­риялар шөлкемлестириў ушын халық­аралық қаржыландырыў институтлары менен дүнья жүзилик инвесторлар қаржыларын тартыў көзде тутылған. Бул болса, экспорты және де хошаметлеў мақсетинде техникалық жақтан тәртипке салыў системасын халықаралық стандартларға сәйкеслестириў мақсетли көрсеткишлерден бири болып есапланады.

  

Көбейсин ШАХАРОВ,

«Қарақалпақстан сынаў ҳәм сертификатластырыў орайы»

мәмлекетлик кәрханасының ҳуқық-мәсләҳәтшиси.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF