Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:32:43, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МОЙНАҚТАҒЫ УМЫТЫЛМАС МӘЎРИТЛЕР

Көпшиликтиң хабары болса керек, усы жыл 19-мартта өткерилген видеоселектор мәжилисинде мәмлекетимиз басшысы социаллық, руўхый-ағартыўшылық тараўларындағы жумысларды жаңа система тийкарында жолға қойыў бойынша бес әҳмийетли басламаны алға қойған еди.

Өсип киятырған жас әўладты руўхый жақтан жетик, бәркамал етип тәрбиялаў ҳәм олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўде көркем өнер, спорт, мәлимлеме технологияларынан пайдаланыў көнликпелерин сиңдириў, китапқумарлықты арттырыў ҳәм ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған ийгиликли бес басламаны халық ҳәм жаслар арасында үгит-нәсиятлаўда республикамызда нәтийжели жумыслар жүргизилмекте.

Өткен шемби күни Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси басламасы менен Мойнақ районында «Бес баслама ­ бес имканият» сүрени тийкарында акция шөлкемлестирилди. Оған Өзбекстан Жаслар аўқамы қала ҳәм районлық Кеңеслериниң жетекшилери, Хожели районындағы «Мехрибанлық үйи» тәр­бия­ланыўшылары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Дәслеп қатнасыўшылар Қарақалпақстан Республикасы тарийхы мәмлекетлик музейиниң филиалы ­ Мойнақ экология музейин тамашалады. Музейде Арал теңизиниң кешеги ҳәм бүгинги көринислери, балық консерва заводының турмысы, ҳайўанат дүньясы ҳәм басқа да көплеген экспонатлар жайластырылған.

Буннан соң Мойнақ ра­йоны ҳәкими С.Данияров, Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығының биринши орынбасары И.Абдикаликовлар акцияның жоқары дәрежеде өтиўине табыслар тилеп, оның шеңберинде өткерилетуғын илажларға старт берилди.

Акцияда «Мойнақ ­ мениң нәзеримде» сүўретлеў таңлаўы, мектеп сәрдарлар кеңеси ағзалары қатнасында «Аўқам билимданлары», сондай-ақ, спорттың шахмат, жуўырыў ҳәм футбол түрлеринен жарыс шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, илажда секцияларға бөлинип, райондағы Мәденият сарайы, 2-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде, Мойнақ санаат-транспорт колледжи ҳәм 2-3-санлы улыўма орта билим бериў мектеплеринде бес әҳмийетли баслама бо­йынша ҳәр бир жастың қызығыўшылығын үйрениў мақсетинде «Сораўнама», «Камалак» сәрдарлары ушын «Сәрдар шеберлиги», «Мәлимлеме технологиялары ҳәм интернеттен нәтийжели пайдаланыў», «Исбилермен ҳаял», «Исбилерменлик сырлары», «Жаслар жынаятқа қарсы» сыяқлы атамаларда семинар-тренинг ҳәм шеберлик сабақлары өткерилди.

Әсиресе, «Жас китапқумар-2018» таңлаўының жеңимпазы, Президент саўғасы ­ «Спарк» автомашинасы ийеси Нурсулыў Қоқанованың жаслар арасында китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў бойынша өткен шеберлик сабағы мойнақшы жасларда айрықша тәсир қалдырды. Ол өзиниң дәслепки оқыған китабы, устазлары ҳәм жетискенликке ерисиўинде тынымсыз изленисте болып, көп китаплар оқығанлығын теңлеслери менен бөлисти. Оларға да китаплар оқып, жоқары сыйлыққа ерисиўине тилеклеслик билдирди.

Сондай-ақ, шөлкем тәрепинен райондағы «Бердақ» көшесинде жасаўшы Азамат Жаңабаевтың жеке үй китапханасына 200 ден аслам китаплар саўға етилди. Азамат райондағы 4-санлы мектептиң 7-класс оқыўшысы. Ол спорттың шахмат ҳәм футбол түрлерине қызығады. Өз китап текшесинде 400ге жақын китабы бар. Оның китап оқыўға болған қызығыўшылығы жоқары болғанлықтан «Жас китапқумар» таңлаўларына белсене қатнасып, сыйлы орынларды ийелеп келмекте. 2017-жыл «Мен, әкем-анам, атам, кемпир апам ­ китапқумарлар шаңарағы» атамасындағы республикалық таңлаўда биринши, усы жылы май айын­да өткерилген «Ең жақсы китапқумар оқыўшы» таңлаўының республикалық басқышында екинши орынды қолға киргизди.  Өз гезегинде, Азаматтың шаңарақ ағзалары усыншама китап саўға еткени ушын республика Жаслар аўқамына миннетдаршылық билдирди...

Илаж соңында акция шеңберинде өткерилген «Мойнақ ­ мениң нәзеримде», «Аўқам билимданлары» таңлаўлары, сондай-ақ, спорттың шахмат, жуўырыў ҳәм футбол түрлеринен жеңимпаз болған команда­ларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм сыйлы саўғалар тапсырылды. Әсиресе, кубокты қолға киргизген 7-санлы мектеп оқыўшылары ҳақыйқый футбол жулдызларындай кеўиллери қуўанышқа толып, кубокты қосыла көклерге көтерди.

 Илаж Хожели районындағы 1-санлы «Меҳрибанлық үйи» тәрбияланыўшылары тәрепинен дүзилген «Таң ғумшалары» ансамбли ҳәм көркем өнер шеберлери тәрепинен таярланған гала-концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

Қулласы, өткерилген бул акция Мойнақ жаслары ушын умытылмас мәўритлер болары анық.

А.ОРАЗОВ,

арнаўлы хабаршымыз.

Мойнақ районы.

 СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.

Автордың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF