Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:36:13, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ШАРЎАЛАРДЫҢ ТУРМЫСЫ ЖАҢАЛАНБАҚТА

Соңғы жыллары мәмлекетимизде Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң басшылығында халық хожалығының барлық тараўларын түпкиликли реформалаўға айрықша итибар қаратылмақта.

Соның ишинде аўыл хожалығының ажыралмас бир саласы есаплан­ған шарўашылықты раўажландырыў бойынша да кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда, бүгинги күни шарўаларымызды қоллап-қуўатлаў мақсетинде оларға жеңилликли кредитлер ажыратылып, өнимлери экспортқа шығарылып, аўыл хожалығы ушын зәрүр болған заманагөй техникалар сатып алыўына кең имканиятлар жаратылмақта. Соның ишинде Президентимиздиң арнаўлы қарары тийкарында елимизде Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң шөл­кемлестирилиўи, пайтахтымызда Самарқанд ветеринария медицина институты Нөкис филиалының ашылыўы ҳәм Тахтакөпир, Қоңырат, Қанлыкөл районларын шарўашылыққа қәнигелестирилген районларға айландырыў бойынша алып барылып атырған жумысларды айтып өтсек болады.

Тахтакөпир районы мәмлекетимиздиң ең арқа-шығыс аймағында жайлас­қан болып, өзиниң мийнеткеш халқы, қунарлы топырағы, шарўашылыққа қолайлы отлақлы жайлаўлары менен кеңнен белгили. Дийқаншылықта өзине тән мектеп жаратқан Өзбекстан Қаҳарманлары ­ Ағытай Адилов, Сәрсенбай Сейтназаров, атақлы шарўалар, мийнет қаҳарманы Самбай Қошмуратов, «Дослық» ордени ийеси, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген шарўа Елиўбай Отар­баевларды бүгин бәрше Өзбекстан халқы жақсы таныйды. Соңғы жыллары елимиз бойлап жүргизилип атырған кең көлемли реформалардың жемиси бүгин тахтакөпиршилер турмысында да ай­қын көзге тасланып, бундай өзгерислерди, халықтың өтип атырған ҳәр бир қуўанышлы күн­лерди көтериңки кеўил кейпия­тынан сезиўге болады. Әсиресе, районда ке­йинги жыллары азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, халықты сапалы ҳәм арзан аўыл хожалығы өнимлери менен қамтамасыз етиў ислерине айрықша итибар қаратылып, тараўға заманагөй технологиялар ҳәм алдынғы ис-тәжирийбелерди енгизиў жумыслары әмелге асырылмақта. Буның ушын район­ға бы­йылғы жылдың өзинде Қазақстан Республикасынан «Едилбай» нәсилли 1190 бас қойлардың алып келингенлигин атап көрсетиўге болады. Алдағы ўақытлары аймаққа 40 мың бас усындай нәсилли қойларды алып келиў режелестирилген. Ҳәзирги ўақытлары районда 429 мың бас шарўа маллары күтимли бағылмақта.

Халқымыз суўды тиришилик дәреги деп бийкарға айтпаған. Бүгинги күни ра­йон аймағында 124 жер асты скважиналары бар болып, олар шарўаларға көп жыллардан берли хызмет көрсетип келмекте. Лекин, жыллар өткен сайын олардың көзлери питип, суў басымы төменлеп бармақта. Президентимиздиң шарўаларға қаратқан аталарша ғамқорлығының арқасында бул мәселениң де шешими табылып, арнаўлы жер бураўлаўшы мәкеме хызметкерлери тәрепинен усы қудықларды қайта оңлаў ҳәм сол арқалы суў басымын жоқарылатыў ислери басқышпа-басқыш алып барылмақта.

Жақында Қарақалпақстан Республикасы Жоқар­ғы Кеңеси Баслығы М.Ерниязов, Өзбекстан Республикасы Президентиниң мәсләҳәтшиси Т.Худайбергенов, бир қатар министрлик, мәкеме-шөлкем басшылары, Тахтакөпир, Шымбай, Қараөзек районлары ҳәкимлери Қызылқум жайлаўларында мийнет етип атырған  шарўалар турмысы менен танысып, оларға ҳармасын айтты. Алдынғы шопанлар ҳәм жер бураўлаўшы хызметкерлерге баҳалы саўғалар тапсырылды. Сондай-ақ, илаж қатнасыўшылары «Бийдайкөл» әтирапындағы жаңаланған суў скавижинасының бүгинги жағдайы менен танысып, алдағы ўақытлары ислениўи тийис ўазыйпалар бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.

Өткерилген илажда сенатор Г.Аннақылышева, «Нураный» қоры Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығы Ш.Уснатдинов халқымызға көрсетип атырған ғамқорлығы ушын елимиз басшысына ҳәм республика ҳүкиметине терең миннетдаршылық билдирди. Илаж даўамында жыйнал­ғанларға көркем өнер шеберлери тәрепинен саз-сәўбетли концерт бағдарламасы қойып берилди. Соңынан шарўалардың кеўлин еле де көтериў мақсетинде гүрес, ат шабыс, қошқар дүгистириў сыяқлы миллий ойынларға нәўбет берилип, бул толайым халық ядында умытылмас тәсирлер қалдырды.

 

Ә.ОРАЗОВ,

арнаўлы хабаршымыз.

Тахтакөпир районы.

СҮЎРЕТТЕ: «Жаңа­дәрья» қаракөлшилик өндирислик коопера­тиви

орайы баслығы Ш.Акаев мотоцикл менен сыйлықланбақта.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF