Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:13:31, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

СУД БАЛЛИСТИКАЛЫҚ ЭКСПЕРТИЗАНЫҢ ЗАМАНАГӨЙ ЖАҒДАЙЫ

«Инсан мәплерин тәми­йинлеў ушын, ең дәслеп, оның ҳуқық ҳәм еркинликлери, тыныш ҳәм пәраўан турмысы қорғалыўы керек», деген еди Президентимиз Ш.Мирзиёев 2017-жыл 9-февраль күни ишки ислер уйымларының жумысы сис­темасында орын алған маш­қала ҳәм кемшиликлер, алдағы ўазыйпаларға бағышланған видеоселектор мәжилисинде.

Солай екен, бүгинги күни елимиз ҳуқық қорғаў уйымларының алдында көплеген ўазыйпалар турғанын аңлаў қыйын емес.

Усындай ўазыйпалардың бири сыпатында пуқаралардың өмири ҳәм денсаўлығының қорғалыўын тәмийинлеў, жынаятларды тергеў әмелиятында жаңа илим-техника ҳәм усылларды енгизиў, тегис стволлы оқатар қураллары менен байланыслы жынаят ислери бойынша дәлиллер базасын кеңейтиў мәселелерин атап өтиў мүмкин.

Жынаятларды ашыў ҳәм тергеў туўрыдан-туўры тергеў, оператив излеў ҳәм эксперт-криминалистика хызметлериниң келисимлери ҳәм мақсетлерине байланыслы. Рәсмий мағлыўматларға қарағанда, бир неше жыллар даўамында оқатар қураллар менен байланыслы жынаятлардың өсиўи гүзетилмекте. Тегис стволлы оқатар қураллар менен байланыслы жынаятлар болса кемирек. Бундай түрдеги жынаятларды тергеў  ҳәм экспертизадан өткериўдиң қурамалылығы сонда, олардан атылған снарядларда әдеттеги мылтықтан атыл­ған снарядқа қарағанда кемирек из қалады. Әмелиятта тегис стволлы оқатар қураллардан атылған снарядларға көре идентификация изертлеўин өткериў кем ушырайды. Бул қыйыншылықларды сапластырыў, экс­пертиза изертлеўлерин өткериў методикасын жетилистириўде көзге тасланады. ЭКХ қәнигелери бул түрдеги жынаятларды ашыўды және де нәтийжели тәми­йинлейди.

Булардың барлығы тегис стволлы оқатар қуралларды қолланыў менен байланыслы жынаятларды ашыў ҳәм тергеўдиң нәтийжели илажларын терең үйрениў ҳәм раўажландырыўды талап етеди. Көринип турғанындай, тегис стволлы оқатар қураллардың снарядларында из пайда болыў механизмин изертлеў ушын айрықша арнаўлы билимлерди өзлестириў керек. Бундай арнаўлы билимлерге төмендегилер киреди:

- тегис стволлы оқатар қураллардан атылған снарядлардағы излерге көре идентификациялаўдың изерт­леў усыллары ҳәм қураллары;

- изертлеўдиң тийкарғы қағыйдалары;

- бундай изертлеўлерди өткериўде ҳәм оқатар қураллардан атылған снарядлардан үлгилер алыў ушын экс­периментал атыўда қәўипсизлик қағыйдаларына бойсыныў ҳаққындағы арнаўлы билимлер.

Жуўмақ орнында айтатуғын болсақ, дәслепки тергеў дәўиринде алынған снаряд, гильзалар (сондай-ақ, тегис стволлы оқатар қуралларды қолланыў менен байланыслы жағдайлар ҳәм патронның басқа элементлери ­ пижлер, прокладкалар) дың, сондай-ақ, оқатар қуралдан қалған жарақатлар, жынаятшының қандай оқатар қурал ҳәм патронлардан пайдаланғанлығы ҳәм де олардың топарлық тийислилигин анықлаўдың суд баллистикалық усылларын үйрениў зәрүр.

 

П.УЗАҚБАЕВ,

ӨзР ИИМ Академиясының 3-курс 320-топары курсанты.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF