Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:02:27, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АННАНАЗАРҒА ҚАЙТА ИСЕНИМ БИЛДИРИЛДИ

Пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы) сайлаўы елимизде әҳмийетли социаллық-сиясий процесс саналады. Ҳәзирги күнлери шөлкемлескенлик дәрежеде алып барылып атырған сайлаўлар демократиялық принциплерине тийкарланып өзгеше руўхта өтип атыр.

Алдынғы жыллары пуқаралар жы­йыны баслығы (ақсақалы) жоқарыдан тайынланып, халық тек ашық даўыс пенен қол көтерип тастыйықлап, та­йынланып атырған талабан халыққа мақул ямаса мақул емеслиги туўралы, сол аймақ турғынларының пикири есап­қа алынбас еди. Ал, сайланған баслық бул лаўазымда ислеп жүре берер еди. Енди, ески сайлаў системасынан ўаз кешилип, ҳәзирги күнде сайлаўшылар, яғный, сол аймақтың турғынлары үш талабанның арасынан ең ыла­йықлысын жасырын даўыс бериў ар­қалы жыйын баслығын (ақсақалын) өзлериниң қәлеўи менен сайлайды. Себеби, сайлаўдың әдалатлы өтиўи тек ғана пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, жуўапкершиликли ўазыйпаға ыла­йықлыларды таңлайтуғын халық ушын да жүдә әҳмийетли болып табылады.

Елликқала районында 36 аўыл, мәкан ҳәм посёлкалық пуқаралар жы­йынларына баслық (ақсақал) сайлаўлары демократиялық принциплери тийкарында өткерилип атыр.

Атап айтқанда, район орайында жайласқан «Абай» мәкан пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы) сайлаўы 47-санлы улыўма билим бериў мектебинде болып өтти. Бул мәкан пуқаралар жыйынында көп миллет ўәкиллери тыныш-татыў жасап келмекте. Аймақ турғынлары көрсетилген үш талабанның бағдарламалары менен танысты. Сайлаў жуўмағында алдын мәкан пуқаралар жыйыны баслығы болып ислеп киятырған Аннаназар Аннаев көпшилик даўыс пенен қайтадан баслық болып сайланды.

Солай етип, жыйын турғынлары әдалатлы, ашық-айдын, демократиялық принциплери тийкарында өткен сайлаўда аўызбиршиликтиң үлгисин көрсетти.

Қ.РЕЙМОВ,

өз хабаршымыз.

Елликқала районы.

СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF