Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:38:05, 07.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӘДАЛАТЛЫ ТӘРИЗДЕ ӨТКЕРИЛДИ

Пайтахтымыздағы Ташкент информация технологиялары университети Нөкис филиалында «Ша­йырлар аўылы» мәкан пуқаралар жыйынының сайлаўы жоқары көтериңкилик дәрежеде өткерилди.

Дәслеп жыйналғанларға көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы саз-сәўбетли бағдарламалар қойып берилип, келген пуқараларға кейпият бағышлады. Бүгинги күни аймақтағы 1127 шаңарақта 4860 тан аслам халық жасап, мийнет етпекте. Әҳмийетлиси, быйылғы сайлаў мапазының мазмун-мәнисин хал­қымыз терең сезингенлигин сайлаўға келген пуқаралардың кеўил-кейпиятының жоқарылығынан сезиўге болады.

Жыйналғанларға дәслеп сайлаўдың өткерилиў тәртиби ҳаққында мағлыўмат берилди ҳәм талабанлар өз бағдарламалары менен таныстырды. Өткерилген сайлаўда 367 ўәкилдиң қатнасыўы белгиленген болып, олар жасырын даўыс бериў жолы менен өзлери мүнәсип деп билген талабанға даўыс берди. Аймақ халқының өзине жараса машқалалы мәселелери ҳәм келешек арзыўлары да баршылық. Олардың унамлы шешилиўинде ҳәм халықтың исенимине сай жумыс алып барыўда, әлбетте, жыйын баслығының роли үлкен.

­ Бүгинги сайлаўда халықтың кейпияты жүдә жоқары. Сайлаў халықшыллығы менен әҳмийетли. Мен бул сайлаўда өзим мүнәсип деп тапқан ҳәм халық пенен бәрқулла бирге жүретуғын талабанға даўыс бердим, - дейди аймақ турғыны, нураный Атабай Аллаяров.

Сайлаў барысында жы­йын баслығы лаўазымына еки талабан усынылған болып, есап-санақ комиссиясы пуқаралардың даўысларын әдалатлы есаплап шықты ҳәм ең көп даўыс алған, усы күнге дейин бул ўазыйпаны минсиз атқарып киятырған, аймақ халқының абадан, тыныш-татыў, аўызбиршилик турмысын тәмийинлеўге үлес қосқан Муратбек Тәжимуратов өз сайлаўшыларының исенимине ерисип, жыйын баслығы етип сайланды.

 

 

Г.САПАРОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF