Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:29:40, 07.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

 САЙЛАЎЛАР НӘТИЙЖЕЛИ ДАЎАМ ЕТПЕКТЕ

Пуқаралардың өзин-өзи бас­қарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң берген мағлыўматларына қарағанда, 16-май күни республикамыздағы 24 пуқаралар жы­йынларында сайлаў өткерилди.

17-май жағдайына шекем, 349 пуқаралар жыйынларының баслық (ақса­қал)лары сайланды. Өткерилген сайлаўларда 102 мыңнан аслам ўәкил даўыс берди. Бүгинги күнге шекем сайланған пуқаралар жыйынлары баслықларының 207си биринши мәрте сайланғанлар болып есапланады. Ал, 142си әмелдеги баслықлар, соннан 39ы ҳаяллар, 12си  депутатлар. Усы сайлаўларда 820 талабан қатнасып, ҳәр бир орын ушын 2,4 талабаннан туўра келди.

— Сайлаўға байланыслы өткерилип атырған барлық мәжилислерде сайлаўдың тәртип-қағыйдалары терең түсиндирилмекте,-дейди Қарақалпақстан Республикасы аймағында пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары)н сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериўге көмеклесиўши республикалық комиссия баслығының орынбасары Т.Романов. — Белгиленген тәртип бойынша, мәжилис басқарыўшысы жыйналғанларды күн тәртибиндеги мәселелер менен таныстырып, есап-санақ комиссиясын, мәкан  пуқаралар жыйыны баслығын (ақсақалын) сайлаў мәселелери бойынша пикир-усынысларын билдирип, жумыс регламентин тастыйықлап, соң мәкан  пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы) лаўазымына талабанлар өзлериниң бағдарламаларын таныстырмақта. Соң, сайлаў процеси басланып, аймақтағы көшелерден сайлаўға келген ўәкиллер кабиналарда өзлери қәлеген талабанды белгилеп, бюллетеньлерин сайлаў қутыларына салады. Комиссия ағзалары ҳәм жумысшы топар жыйналғанлардың алдында сайлаў бюллетеньлери тасланған қутыны ашып, даўыслар санап шығылмақта...

Республикамызда пуқаралар жы­йыны баслығын (ақсақалын) сайлаў даўам етпекте.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF