Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:03:07, 07.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖОҚАРЫ БИЛИМЛЕНДИРИЎ МӘКЕМЕЛЕРИНЕ ТЕСТ СЫНАҚЛАРЫ АРҚАЛЫ ҚАБЫЛЛАЎ СИСТЕМАСЫН ЖЕТИЛИСТИРИЎ БОЙЫНША ҚОСЫМША ИЛАЖЛАР ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

2018-2019-оқыў жылында биринши мәрте жоқары билимлендириў мәкемелери бакалавриат билимлендириў бағдарларына оқыўға қабыллаў ушын тест сынақлары ашық майданлы имаратларда өткерилгенлигин атап өтиў керек.

Имтиханларды жәриялылық ҳәм ашық-айдынлық тәризинде өткериў мақсетинде абитуриентлер имаратқа кириўде шахсты идентификациялаў қурылмалары жәрдеминде тексерилди, тест сынақлары бақлаў камералары жәрдеминде  қадағаланды. Бул процесс­лер абитуриентлердиң ата-аналары ушын тиккелей мониторларда, Интернет тармағы ҳәм телевидение арқалы тиккелей көрсетилди.

Соның менен бирге, тараўда әмелге асырылып атыр­ған реформаларды даўам еттирген ҳалда, жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыллаўда өткерилетуғын кириў тест сынақларын халықаралық стандартларға муўапықластырыў, сондай-ақ, жаслардың билим алыўға болған қызығыўшылығын қоллап-қуўатлаў мақсетинде абитуриентлердиң бир неше бакалавриат билимлендириў бағдарлары бо­йынша таңлаўда қатнасыўы ушын кең имканиятлар жаратыў зәрүр.

Елимизди буннан былай да раўажландырыў ушын алдымызда турған әҳмийетли ўазыйпаларды профессионал дәрежеде атқара алатуғын жасларды тәрбиялаў, экономика тармақлары ҳәм социаллық тараўды жоқары қәнигели кадрлар менен тәмийинлеў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бо­йынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел инвести­циялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаға муўапық:

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайы (кейинги орынларда — Мәмлекетлик тест орайы), Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Қаржы министрлиги және Экономика ҳәм санаат министрлигиниң төмендеги усыныслары мақуллансын:

2019-2020-оқыў жылына қабыллаўдан баслап абитуриентлерге жоқары билимлендириў мәкемелериниң тест сынағы тапсырылатуғын пәнлер комплекси бирдей болған үшеўге шекем бакалавриат билимлендириў бағдарында таңлаўға қатнасыў ҳуқықын бериў;

2019-2020-оқыў жылына қабыллаўдан баслап жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бо­йынша кириў тест сынақларын июль-август айларында өткериў;

2020-2021-оқыў жылына қабыллаўдан баслап тест сынағы тапсырылатуғын пәнлер комплексин еки бөлимге ажыратып, биринши бөлимге барлық тест тапсырыўшылар ушын мәжбүрий үш пән — ана тили (өзбек, рус ямаса қарақалпақ тили), математика ҳәм Өзбекстан тарийхы, екинши бөлимге абитуриент таңлаған бакалавриат билимлендириў бағдарына сәйкес еки пәнди киргизиў;

тест сынақлары шөл­кемлестирилип атырған оқыў жылынан алдынғы жылларда билимлендириў мәкемелерин тамамлаған абитуриентлерден (майыплығы болған ямаса толық мәмлекетлик тәмийнаттағы шахслар буған кирмейди) тест сынақларына қатнасыўы ушын ең кем мийнет ҳақының ярым есеси муғдарында төлем өндириў;

абитуриентлердиң тест сынағынан топлаған баллары ҳаққындағы мағлыўматты тест сынағы өткерилген күнниң ертеңине, оның студентликке қабылланғаны ямаса қабылланбағаны бойынша белгиленген тәртипте тасты­йықланған таңлаў нәтийжесин тест сынақларын өткериў процеси толық жуўмақланғаннан кейин бир ҳәпте мүддет ишинде Мәмлекетлик тест ора­йының рәсмий веб-сайтында жәриялаў.

  1. Бакалавриат билимлендириў бағдарларына сәйкес тест сынағы тапсырылатуғын пәнлер топламы, баҳалаў критериялары, тест тапсырмаларының саны және тест сынақларын өткериўдиң анық мүддетлери Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бо­йынша Мәмлекетлик комиссия тәрепинен белгиленетуғыны;

2019-2020-оқыў жылына қабыллаўдан баслап жоқары билимлендириў мәкемелерине бакалавриатқа оқыўға кириў ушын абитуриентлер  тек ғана Мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса Өзбекстан Республикасы Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы мүрәжат ететуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Мәмлекетлик тест орайы жанында юридикалық шахс шөлкемлестирмеген ҳалда Мәмлекетлик тест орайының жумысын раўажландырыў қоры (кейинги орынларда — Қор) шөлкемлестирилгени мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Төмендегилер қорды қәлиплестириў дәреклери етип белгиленсин:

жоқары билимлендириў мәкемелериниң көбейтилген төлем-контракт түсимлери (5 процентке шекем муғдарда);

Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен шәртнама бойынша физикалық ҳәм юридикалық шахсларға хызметлер көрсетиўден түскен қаржылар;

абитуриентлерден тест сынақларына қатнасыў ушын өндирилген төлемлер;

Қордың ўақытша бос қаржыларын жайластырыўдан алынатуғын дәраматлар;

юридикалық ҳәм физикалық шахслардың қәўендерлик қайырқомлықлары;

халықаралық финанс шөлкемлери ҳәм сырт еллердиң грантлары және техникалық жәрдемлесиў қаржылары;

нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген бас­қа да дәреклер.

  1. Қордың қаржылары процентлер үлеси шекленбеген ҳалда төмендеги мақсетлерге жумсалатуғыны белгилеп қойылсын:

Мәмлекетлик тест ора­йының материаллық-техникалық базасын беккемлеў;

Мәмлекетлик тест орайы хызметкерлерин, соның ишинде, сырт еллердиң илимий-изертлеў, билимлендириў ҳәм басқа да мәкемелеринде оқытыў, қәнигелигин арттырыў ҳәм стажировканы өтеў;

Мәмлекетлик тест ора­йының илим кандидаты ямаса философия докторы (РhD) илимий дәрежесине ямаса сырт еллердиң оған теңлестирилген басқа да илимий дәрежелерине ийе хызметкерлерине 30 процент, илим докторы  ямаса илим докторы (Doctor of Science) илимий дәрежесине ямаса сырт мәмлекетлердиң оған теңлестирилген басқа да илимий дәрежелерге ийе хызметкерлерге айлық мийнет ҳақының 35 проценти муғдарында үстемелер төлеп бериў;

Мәмлекетлик тест орайы хызметкерлерине лаўазымлық айлығының 200 процентине шекем болған муғдарда айлық үстемелер ҳәм бас­қа да хошаметлеўши төлемлерди әмелге асырыў;

пуқаралық-ҳуқықый шәртнамалар тийкарында жоқары қәнигели кадрларды, соның ишинде, сырт елли экспертлер ҳәм сырт елде жасап атырған ўатанласларды Мәмлекетлик тест орайына ислеў ушын тартыў;

тест сынақлары процесине тартылған қатнасыўшыларға (имарат басшысы ҳәм топар бақлаўшылары) мийнет ҳақы төлеў;

тест сынақлары өткерилетуғын имаратлардың ижара төлемлерин әмелге асырыў;

нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген Мәмлекетлик тест орайының жумысы менен байланыслы басқа да илажлар.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме техноло­гиялары ҳәм коммуника­цияларын раўажландырыў министрлиги тәрепинен белгиленген тәртипте қәлип­лестирилетуғын дизимлер бойынша, тест сынақлары өткерилетуғын имаратларды үскенелеў ушын алып келинетуғын, Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын үскенелер (шахс­ты идентификациялаў қураллары, видеожазыў қурылмалары, бармақ излерин тексеретуғын, мобиль байланыс толқынын тосатуғын қураллар, металл детекторлар және мониторлар) 2022-жыл 1-январьға шекем бажыхана төлемлеринен (бажыхана жыйымларынан тысқары) азат етилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети:

усы қарарда белгиленген ўазыйпалардан келип шыққан ҳалда Мәмлекетлик тест орайының хызметкерлериниң шекленген саны 186 адамнан ибарат болған жаңаланған структурасын тас­тыйықлаў ҳәм оның жумысын буннан былай да жетилис­тириў ҳақ­қындағы Ҳүкимет қарарын бир ай мүддетте қабыл етсин;

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимшилик орайларында Мәмлекетлик тест орайлары аймақлық бөлимлерин жайластырыў ҳәм келешекте тест сынақларын жыл даўамында өткериў мақсетинде жеңил конс­трукциялы материаллардан үлкен сыйымлылықтағы имарат ҳәм объектлерди қурыў бойынша бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына усыныс киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 16-ноябрьдеги ПҚ-3389-санлы «Республикалық жоқары билимлендириў мәкемелерине бакалавриатқа кириў тест сынақларын өткериў тәртибин жетилистириў ҳаққында»ғы қарарына қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  2. Мәмлекетлик тест орайы мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Минис­трлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдуваҳитовқа жүкленсин.

 

      Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

      Ташкент қаласы, 2019-жыл 14-май.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF