Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:26:43, 07.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

НАЎАЙЫ  ЎӘЛАЯТЫН  ИННОВАЦИЯЛЫҚ,  ЖОҚАРЫ  ТЕХНОЛОГИЯЛАРҒА  ТИЙКАРЛАНҒАН, ЭКСПОРТҒА  БАҒДАРЛАНҒАН  ҲӘМ  ИМПОРТТЫҢ ОРНЫН  БАСАТУҒЫН  ӨНДИРИСЛЕР УШЫН  ЕРКИН  ЭКОНОМИКАЛЫҚ  ЗОНА  СЫПАТЫНДА БЕЛГИЛЕЎ  ИЛАЖЛАРЫ  ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Бизнес жүргизиў ушын қолайлы шараятларды жаратыў, инновациялық исбилерменлик ҳәм жоқары технологияларға тийкарланған санаатты раўажландырыў, сондай-ақ, Наўайы ўәлаяты аймағында минерал шийки зат ресурсларын терең қайта ислеў және ишки ҳәм сырт­қы базарларда бәсекиге шыдамлы өнимлерди ислеп шығарыў бойынша қосымша қуўатлықларды шөлкемлестириў мақсетинде:

  1. Наўайы ўәлаяты аймағы ке­йин ала белгиленген тәртипте мүддетин создырыў имканияты менен 2030-жыл 1-январьға шекем инновациялық, жоқары техноло­гияларға тийкарланған экспортқа бағдарланған ҳәм импорттың орнын басатуғын өндирислер ушын еркин экономикалық зона етип белгиленсин.
  2. Наўайы ўәлаятының аймақлық шегараларының ишинде иннова­циялық, жоқары технологияларға тийкарланған, экспортқа бағдар­ланған ҳәм импорттың орнын басатуғын өндирислерди шөлкемлестириў бойынша инвестициялық бағдарламаларды әмелге асырып атырған кәрханаларға, аймақта бар болған ямаса жеңил жаратылатуғын инфраструктураларда өндирислерди ықшам жайластырған ҳалда «Наўайы» еркин экономикалық зонасы (кейинги орынларда — «Наўайы» ЕЭЗ) қатнасыўшысы статусы берилетуғыны;

өз мойнына алған инвестициялық миннетлемелерин орынламаған жағдайда, «Наўайы» ЕЭЗ қатнасыўшылары менен инвестициялық келисимлерди бийкар етиў, тоқтатып турыў ҳәм оларды «Наўайы» ЕЭЗ қатнасыўшысы статусынан айырыў тек ғана суд тәртибинде әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Наўайы ўәлаятындағы Еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналары административлик кеңесине инновациялық, жоқары технологияларға тийкарланған, экспорт­қа бағдарланған ҳәм импорттың орнын басатуғын өндирислер сыпатындағы жаңадан әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарларды және «Наўайы» ЕЭЗ дирекциясының унамлы жуўмағы бар бол­ғанда, оларға «Наўайы» ЕЭЗ қатнасыўшысы статусын бериўди еркин түрде белгилеў ҳуқықы берилсин.
  2. Наўайы ўәлаяты ҳәкимлиги Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Қаржы минис­трлиги және Наўайы ўәлаятындағы Еркин экономикалық зоналар ҳәм киши санаат зоналар административлик кеңеси менен биргеликте бир ай мүддетте инновациялық, жоқары технологияларға тийкарланған, экспортқа қаратылған ҳәм импорттың орнын басатуғын өндирислерди белгилеў, сондай-ақ, «Наўайы» ЕЭЗ қатнасыўшысы статусын бериў ушын инновациялық жойбарларды таңлап алыў және оның қатнасыўшыларын дизимге алыўдың жеңиллетилген тәртибин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
  3. Еркин экономикалық зона сыпатында Наўайы ўәлаятын раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары етип төмендегилер белгиленсин:

инновациялық жумысты раўажландырыў, сондай-ақ, алдынғы тәжирийбени енгизиў және жоқары технологияларға тийкарланған өндирислерди шөлкемлестириў;

жоқары қосымша қунға ийе экс­портқа қолайлы ҳәм импорттың орнын басатуғын өнимлерди ислеп шығарыў бойынша заманагөй өндирислерди жаратыў ушын тиккелей инвестицияларды тартыў;

Наўайы ўәлаятының өндирислик ҳәм ресурс потенциалынан комплекс­ли және нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў;

химия өнимлерин ҳәм заманагөй қурылыс материалларын ислеп шығарыў, тәбийғый тасларды қайта ислеў және жергиликли шийки зат ҳәм материаллар тийкарында санааттың басқа да бағдарлары бойынша кластерлер жаратыў;

баҳалы таслар ҳәм металларды қайта ислеў тараўында жаңа заманагөй өндирислерди шөлкемлестириў, сондай-ақ, зергерлик өнимлерин ислеп шығарыў тараўына инновациялық технологияларды енгизиў;

ўәлаят кәрханалары арасында санаат кооперациясын раўажландырыў арқалы жоқары технологияларға тийкарланған өндирислерди локализациялаў процесслерин тереңлестириў;

ўәлаяттың, биринши гезекте ра­йон орайлары ҳәм ири елатлы пункт­лердиң транспорт, инженерлик-коммуникация инфраструктурасын раўажландырыў, сондай-ақ, ўәлаят аймағында ири логистика орайын шөлкемлестириў;

аймақ экономикасының қәнигелескен кадрларға болған ҳәзирги ҳәм келешектеги зәрүрлигинен келип шығып жоқары қәнигели кадрларды таярлаў.

  1. Наўайы ўәлаяты аймағында инновациялық, жоқары техноло­гияларға тийкарланған, экспортқа бағдарланған ҳәм импорттың орнын басатуғын өндирислер ушын еркин экономикалық зона шөлкемлестириў бойынша комиссияның қурамы 1-қосымшаға муўапық тасты­йықлансын, оған Наўайы ўәлаятын комплексли раўажландырыў және оның аймағында инновациялық, жоқары технологияларға тийкар­ланған, экспортқа бағдарланған ҳәм импорттың орнын басатуғын өндирислерди шөлкемлестириў бойынша жумысларды муўапықластырыў жуўапкершилиги жүкленсин.
  2. «Наўайы» ЕЭЗ қатнасыўшысы статусын алған Наўайы ўәлаятындағы кәрханалар:

жер салығы, дәрамат салығы, юридикалық шахслардан алынатуғын мүлк салығы, микрофирмалар ҳәм киши кәрханалар ушын белгиленген бирден-бир салық төлеминен;

босап қалатуғын қаржыларды жаңа кәрханаларды шөлкемлестириў, сондай-ақ, әмелдеги өндирислерди модернизациялаў, реконструкциялаў ҳәм техникалық, технологиялық қайта үскенелеў, кеңейтиў, өндирислик имаратларды қурыў, өзиниң өндирис зәрүрликлери ушын керек шийки зат ҳәм материаллар сатып алыўға мақсетли бағдарлан­ған ҳалда өзиниң өндирис зәрүрликлери ушын алып келинетуғын үскенелер, шийки зат, материаллар және комплектлеўши буйымлар, өним экспорт етилгенде жүзеге келетуғын қосымша қун салығының унамсыз суммасы қайтарылмаўы ҳуқықы менен бажыхана төлемлеринен (бажыхана рәсмийлестириў жыйымларынан тысқары);

республикада ислеп шығарылмайтуғын және белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимлер бойынша жойбарларды әмелге асырыў шеңберинде алып келинетуғын қурылыс материаллары бажыхана төлемлеринен (бажыхана рәсмий­лестириў жыйымларынан тысқары) азат етилсин.

Усы бәнтте көрсетилген, бажыхана жеңилликлери қолланылған ҳалда алып келинген үскенелер, шийки зат, материаллар ҳәм комплектлеўши буйымлар оларды алып келинген күннен баслап үш жыл даўамында реализацияланатуғын ямаса бийпул биреўге тапсырылатуғын жағдайларда, бажыхана төлемлери нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте толық көлемде өндирип алынатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. а) усы Пәрманның 7-бәнтинде нәзерде тутылған жеңилликлер киргизилген инвестициялардың көлемине қарай 3 жылдан 10 жыл мүддетке шекем, соның ишинде, эквиваленти:

300 мың АҚШ долларынан 3 миллион АҚШ долларына шекемги көлемдеги инвестициялар — 3 жыл мүддетке;

3 миллион АҚШ долларынан 5 миллион АҚШ долларына шекемги көлемдеги инвестициялар — 5 жыл мүддетке;

5 миллион АҚШ долларынан 10 миллион АҚШ долларына шекемги көлемдеги инвестициялар — 7 жыл мүддетке;

10 миллион АҚШ доллары ҳәм оннан көп көлемдеги инвестициялар кейинги 5 жыл даўамында дәрамат салығы ҳәм бирден-бир салық төлеминиң әмелдеги ставкаларын 50 процент көлемде қолланған ҳалда — 10 жыл мүддетке   берилетуғыны;

б) «Наўайы» ЕЭЗ қатнасыўшысы статусын алған хожалық жүргизиўши субъектлерге экспорт ҳәм импорт етилетуғын товарлар ушын ҳақы төлеў ҳәм есап-санақлардың өзи ушын қолайлы шәртлери менен түрлеринен пайдаланыўға рухсат етилетуғыны;

в) «Наўайы» ЕЭЗ қатнасыўшысы статусын алған хожалық жүргизиўши субъектлерге салық төлеўшиниң жағдайын төменлететуғын Өзбекстан Республикасының салық нызамшылығы ҳүжжетлери қолланылмайтуғыны, акциз салығына тартылатуғын товарларға салық салыўды тәртипке салатуғын ҳүжжетлер буған кирмейтуғыны;

г) 2019-жыл 1-июньнен баслап сырт ел инвестицияларының қатнасыўындағы кәрханалардың шөлкемлестириўшилери — «Наўайы» ЕЭЗ қатнасыўшылары ҳәм олардың шаңарақ ағзаларына республика аймағынан шықпай создырыў имка­нияты менен әмел етиў мүддети үш жылға шекем болған «инвестициялық визасы» берилетуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги Наўайы ўәлаяты ҳәкимлиги менен биргеликте бир ай мүддетте:

«Наўайы» еркин экономикалық зонасы дирекциясы» мәмлекетлик унитар кәрханасын «Наўайы» еркин экономикалық зонасы дирекциясы» акционерлик жәмийетине (кейинги орынларда — «Наўайы» ЕЭЗ дирекциясы» АЖ) айландырсын;

«Наўайы» ЕЭЗ дирекциясы» АЖ структурасында Экспортты қоллап-қуўатлаў орайын шөлкемлестирсин және «Наўайы» ЕЭЗ қатнасыўшыларына мәсләҳәт, дәлдалшылық хызметлерин көрсетиў, олардың Өзбекстан Республикасы ҳәм сырт елдеги көргизбелер ҳәм исбилерменлик илажларына қатнасыўын шөлкем­лестириў, қатнасыўшының буйырт­пасы бойынша коммерциялық тийкарда маркетинг изертлеўлерин өткериў арқалы оларға өнимлер экс­портында жәрдемлесиў Орайдың тийкарғы ўазыйпасы ҳәм жумыс бағдары етип белгиленсин.

  1. «Наўайы» ЕЭЗ дирекциясы» АЖ еркин экономикалық зоналар жумысының пүткил дәўиринде салықлар төлеўден азат етилсин.
  2. «Наўайы» ЕЭЗ дирекциясы» АЖниң дәслепки устав капиталы қайтадан шөлкемлестирилип атырған «Наўайы» ЕЭЗ дирекциясы» МУКның мүлклери есабынан қәлиплестирилетуғыны;

«Наўайы» ЕЭЗ аймағында жайласқан инженерлик-коммуникация тармақларына хызмет көрсетиў «Наўайы» ЕЭЗ дирекциясы» АЖ бу­йыртпаларына муўапық минис­трликлер ҳәм уйымлардың тийисли аймақлық бөлимлери тәрепинен әмелге асырылатуғыны;

«Наўайы» ЕЭЗ дирекциясы» АЖ «Наўайы» еркин экономикалық зонасы дирекциясы» МУКның ҳуқықлары менен миннетлемелери бойынша мийрасқоры есапланатуғыны;

«Наўайы» ЕЭЗ дирекциясы» АЖниң устав капиталында мәмлекет атынан акционерлик функциясы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги  тәрепинен әмелге асырылатуғыны;

«Наўайы» ЕЭЗ аймағында имаратлар қурыў «Наўайы» ЕЭЗ дирекциясы» АЖ тәрепинен өз қаржылары ҳәм жеке инвесторлардың қаржылары есабынан әмелге асырылыўы мүмкин екени және кейин ала бул имаратлар ҳәм объектлер исбилерменлик субъектлерине узақ мүддетли ижараға ямаса сатып алыў ушын берилетуғыны;

«Наўайы» ЕЭЗ дирекциясы» АЖ өзине берилген ўәкилликлер шеңберинде Наўайы ўәлаяты аймағында жайласқан мәмлекет ықтыярындағы көшпес мүлк объектлерин бас­қаратуғыны және Наўайы ўәлаятындағы еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналары административлик кеңеси менен келискен ҳалда Наўайы ўәлаяты аймағында инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ушын улыўма майданы 5 мың метр квадраттан көп болмаған, пайдаланылмай турған мәмлекетлик мүлк объектлерин (Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 16-июньдеги «Мәмлекетлик мүлк объектлерин сатыў тәртип-қағыйдаларын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3067-санлы қарарының 1- ҳәм 2-қосымшаларында көрсетилген объектлерден тысқары) «Наўайы» ЕЭЗ қатнасыўшыларына беретуғыны;

«Наўайы» ЕЭЗ қатнасыўшылары ушын барлық, соның ишинде, лицензиялаў ҳәм рухсатнамалар алыў бойынша мәмлекетлик хызметлер «Наўайы» ЕЭЗ дирекциясы» АЖ ҳәм Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги тәрепинен «бир айна» принципи тийкарында усынылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Төмендегилер «Наўайы» ЕЭЗ дирекциясы» АЖ жумысын қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсинF

ЕЭЗ қатнасыўшыларын дизимнен өткергени ушын бир мәртелик төлемлер;

қарамағында ҳәм басқарыўында болған жер участкалары, имаратлар ҳәм объектлерди ижараға бериўден түскен түсимлер;

«Наўайы» ЕЭЗ дирекциясы» АЖ тәрепинен көрсетилетуғын хызметлер, соның ишинде, маркетинг, консалтинг, логистика, мийманхана, билимлендириў ҳәм кадрлар менен байланыслы хызметлерди реализациялаўдан түcкен түсимлер;

мақсетли бюджет ажыратпалары;

сырт ел ҳәм халықаралық шөлкемлердиң грантлары;

физикалық ҳәм юридикалық шахслардың қайырқомлық қаржылары;

нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги «Наўайы» ЕЭЗ дирек­циясы» АЖ менен биргеликте:

а) белгиленген тәртипте «Наўайы» ЕЭЗ дирекциясы» АЖниң структурасы тастыйықланыўы, шөлкем­лестириў ҳүжжетлери, эмиссия қолланбасының дизимнен өткерилиўи, сондай-ақ, оның уйымлары, соның ишинде, жаңадан шөлкемлестирилип атырған Экспортты қоллап-қуўатлаў орайын есапқа алған ҳалда қәлиплестирилиўин;

б) еки ҳәпте мүддетте Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги менен биргеликтеF

«Наўайы» ЕЭЗ аймағында жаңа кәрханаларды жайластырыў бойынша «Наўайы» ЕЭЗ дирекциясы» АЖ менен қатнасыўшылар арасында дүзилетуғын үлгили инвестициялық келисими;

«Наўайы» ЕЭЗ дирекциясы» АЖ тәрепинен «Наўайы» ЕЭЗ қатнасыўшыларына хызметлер көрсетиў бо­йынша үлги шәртнама ислеп шығылыўын ҳәм тастыйықланыўын тәмийинлесин.

  1. «Наўайы» ЕЭЗның өндирислик, инженерлик-коммуникация ҳәм транспорт инфраструктурасын раўажландырыў бойынша илажлар режеси 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги Қаржы министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги және басқа да мәпдар минис­трликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте ҳәр жылы Өзбекстан Республикасын раўажландырыў мәмлекетлик бағдарламаларын келеси жыл ушын қәлиплестириўде «Наўайы» ЕЭЗның транспорт ҳәм инженерлик-коммуникация инфраструктурасын раўажландырыў ушын орайластырылған қаржыландырыў дәреклериниң есабынан капитал қойылмалардың лимитлерин нәзерде тутсын.
  3. Наўайы ўәлаяты ҳәкимлиги:

Өзбекстан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети, Қурылыс министрлиги, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги менен биргеликте 2019-жыл 1-июньге шекем инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў мақсетинде Наўайы ўәлаятындағы аўыл хожалығына мөлшерленбеген пайдаланылмай атырған жер участкаларын, пайдаланылмай атырған ҳәм бос тур­ған мәмлекетлик мүлк объектлерин хатлаўдан өткерсин;

Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги, Энергетика министрлиги, Транспорт министрлиги ҳәм Қаржы минис­трлиги менен биргеликте 2019-жыл 1-сентябрьге шекем Наўайы ўәлаятындағы ҳәр бир район орайлары, ири елатлы пунктлердиң транспорт системасы ҳәм инженерлик-коммуникация инфраструктурасын буннан былай да раўажландырыў бойынша илажлар бағдарламасын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў минис­трлиги Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте:

а) 2019-2021-жылларда Наўайы ўәлаятында инновациялық жумысты раўажландырыў бағдарламасын ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин;

б) 2019-2020-жылларда Наўайы ўәлаяты аймағында әмелге асырылыўы усыныс етилип атырған инновациялық ҳәм жоқары технологиялы жойбарлардың дизимин ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинетине киргизсин;

в) Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, «Наўайы кән-металлургия комбинаты» мәмлекетлик кәрханасы менен биргеликте Наўайы ўәлаятында Инновациялық технологияларды енгизиў орайының жумысын шөлкемлестириў бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине  усыныс киргизсин, төмендегилер усы орайдың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсинF

халықаралық дәрежеде патентлеў имканиятына ийе болған илимий көлемли ҳәм алдынғы технологиялы исленбелерди жаратыў, жаңа инновациялық өнимлердиң үлгилерин моделлестириў, макетлестириў, таярлаўға қатнасыў ҳәм заманагөй лабораториялық үскенелерден пайдаланған ҳалда оларды сынақтан өткериў;

жоқары технологиялы иннова­циялық өндирислерди шөлкемлестириў ушын жаңа перспективалы идеялар ҳәм инновациялық илимий көлемли исленбелерди қәлиплестириў және илимий жумыстың нәтийжелерин өндириске енгизиў;

аймақта инновациялық экосистема, соның ишинде, бизнес акселаторлар, стартаплар ҳәм киши инновациялық кәрханаларды шөлкемлестириў;

биргеликте илимий-изерлеўлерди алып барыў ушын академиялық, жоқары билимлендириў ҳәм тармақлық пәнлер менен нәтийжели бирге ислесиўди тәмийинлеў.

  1. Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги:

«Наўайы» ЕЭЗ дирекциясы» АЖниң буйыртпаларына муўапық «Наўайы» ЕЭЗ қатнасыўшылары бол­ған кәрханалардың сырт елли хызметкерлерине және олардың шаңарақ ағзаларына кириў, соның ишинде, көп мәртелик визаларды консуллық ҳәм басқа да жыйымларды өндирмей белгиленген тәртипте рәсмийлестириўди тәми­йинлесин;

Өзбекстан Республикасының сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханалары менен биргеликте потенциаллы сырт ел инвесторларын тартыў ушын жаратылған шараятлар ҳәм имканиятлар, аймақтың ҳәм қолда бар минерал шийки зат ресурсларының потенциалын халық­аралық исбилерменлер арасында турақлы түрде кеңнен сәўлелендирилиўин (таныстырылыўын) тәмийинлесин;

Өзбекстан Республикасы Инвес­тициялар ҳәм сыртқы саўда минис­трлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, «Дунё» мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қураллары менен биргеликте усы Пәрманның мазмунын және мақсетлерин сырт елли шериклерге ҳәм инвесторларға жеткериў илажларын көрсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги «Наўайы» ЕЭЗ дирекциясы» АЖниң буйыртпалары бойынша «Наўайы» ЕЭЗ қатнасыўшылары болған кәрханалардың сырт елли хызметкерлерине және олардың шаңарақ ағзаларына мәмлекетлик бажы өндирмей ўақтынша турақ жай бойынша прописка етиў ҳәм создырыўды тәми­йинлесин.
  2. Министрлер Кабинети еки ҳәпте мүддетте еркин экономикалық зоналар аймағында жойбарларды қәлиплестириў ҳәм әмелге асырыўдың барлық тәреплерин тәртипке салатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжеттиң ислеп шығылыўын жуўмақласын, онда төмендегилер нәзерде тутылсын:

еркин экономикалық зоналардың қәнигелесиўин, инвестициялық жойбарларды таңлаўдың анық критерияларын белгилеў;

инвесторларды тартыў ушын еркин экономикалық зоналарды инженерлик-транспорт инфраструктурасы, социаллық-турмыслық ҳәм мәдений-жәмийетлик объектлер менен тәмийинлеген ҳалда зәрүр шараятлар жаратыў механизмлерин;

еркин экономикалық зоналарды басқарыў системасын, соның ишинде, дирекциялардың жумысын шөлкемлестириўдиң бирден-бир стандартларын белгилеў, көрсетилип атырған хызметлердиң дизимин кеңейтиў және еркин экономикалық зоналар дирекцияларын исбилерменлик субъектлериниң исенимли басқарыўына, соның ишинде, сырт ел компанияларына тапсырыў ар­қалы жетилистириў.

  1. Әдиллик министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги «Наўайы» ЕЭЗ дирек­циясы» АЖ ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте сырт ел экспертлерин тартқан ҳалда еки ай мүддетте «Наўайы» ЕЭЗ» аймағында ис жүргизиўде инглис тилинен пайдаланып, инглис стандартлары, принциплери ҳәм нормалары тийкарында «Наўайы» ЕЭЗ» қатнасыўшылары арасындағы қарым-қатнасларды тәртипке салыўды нәзерде тутатуғын өз алдына ҳуқықый режим орнатыў бойынша усыныслар киргизсин.
  2. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Наўайы ўәлаятында санаат, инжиниринг, технологиялар ҳәм 85 программаластырыўдың әҳмийетли бағдарлары бо­йынша жоқары қәнигели кадрлар таярлаўға қәнигелестирилген сырт ел жоқары оқыў орнының филиалын ашыў бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги Сыртқы экономикалық жумыс миллий банки, «Өзсанаатқурылысбанк» АКБ ҳәм Өзбекстан Республикасының басқа да коммерциялық банклери менен биргеликте еки ай мүддетте «Наўайы» ЕЭЗ аймағында әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарларды қаржыландырыў ушын халық­аралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкимет финанс шөл­кемлериниң 1 миллиард АҚШ долларынан аз болмаған көлемдеги кредит линияларын басқышпа-басқыш тартыў бойынша Минис­трлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 3-қосымшаға муўапық өзгерислер менен қосымшалар киргизилсин.
  5. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  6. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы бас министриниң орынбасары Э.М.Ғаниевке жүкленсин.

         

         Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

         Ташкент қаласы, 2019-жыл 15-май.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF