Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:12:34, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӨЗБЕКСТАН — УЛЫЎМА ҮЙИМИЗ

Бүгин мәмлекетимизде миллетлераралық татыўлықты беккемлеў, миллий мәдений орайлар менен ислесиўди және де раўажландырыўға бағдарланған кең көлемли илажлар әмелге асырылып келинбекте.

Елимизде 130дан аслам ҳәр қыйлы миллет ўәкиллери бир атаның балаларындай дос ҳәм туўысқан болып жасап ҳәм мийнет етип атыр. Сондай-ақ, Өзбекстанда ғәрезсизлик жылларында көп миллетли хал­қымыздың бир мақсет, бир идея жолында бирлесип, ҳәммеси ана Ўатанымыздың гүллеп-жаснаўы ушын тер төгип мийнет етип атырғанлығын, мәмлекетимизди раўажландырыў жолында қолға киргизип атыр­ған табысларын мақтаныш пенен тилге алсақ арзыйды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 22-февраль күнги ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Миллетлераралық мүнәсибетлер ҳәм сырт ел мәмлекетлери менен дослық байланыслары комитетиниң 2019-жыл 26-апрельдеги тийисли ҳүжжетлеринде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде 16-май күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Өзбекстан — улыўма үйимиз!» сүрени астында республикалық мәденият ҳәм дослық фестивалы болып өтти.

Фестиваль — елимиз жаслары арасында миллетлераралық татыўлықты ҳәм диний кеңпейиллик идеяларын кеңнен үгит-нәсиятлаўға қаратылған кең көлемли ғалабалық илаж болып есапланады.

Фестиваль шеңберинде дәслеп «Ҳәрекетлер стратегиясының миллетлераралық ҳәм конфессиялараралық тынышлық ҳәм де татыўлықты беккемлеўде орны ҳәм әҳмийети» атамасында дөгерек сәўбети шөлкемлестирилди.

Оны ҚМУ ректоры А.Реймов басқарып барды. Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов, Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинети жанындағы Миллетлераралық мүнәсибетлер ҳәм сырт ел мәмлекетлери менен дослық байланыслары комитетиниң бөлим баслығы У.Турсунов, Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республика бөлими баслығы Қ.Юсупов, академик Ж.Базарбаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, бүгинги күнде мәмлекетимизде 16 конфессияға тийисли диний шөлкемлер еркин жумыс ислеп, мәмлекетлик билимлендириў мәкемелеринде оқытыў 7 тилде алып барылып атыр­ғанлығын атап өтти.

Дөгерек сәўбетинен соң университет фойесинде «Өзбекстан — кеңпейил үлке» атамасында фото-көргизбеси шөлкемлестирилди.

Буннан соң университет мәденият сарайында «Өзбекстан — улыўма үйимиз» атамасында республика Миллий мәдений орайларының гала концерти болып өтти.

Илажға республикамыздағы барлық миллий мәдений орайлардың басшылары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Р.АРЗИЕВ,

ҚМУ Баспасөз хаткери.

СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.

Б.ИБРАГИМОВтың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF