ӘЎМЕТ БИЗГЕ КҮЛИП БАҚТЫ
Елимизде дене тәрбия ҳәм спортқа айрықша итибар қаратылып, бир қатар спортшыларымыз халықаралық жарысларда жоқары табысларды қолға киргизип келмекте.
Жақында пайтахтымыздағы 2-санлы жас өспиримлер спорт мектебинде мектеп, кәсип-өнер колледжи ҳәм лицей оқыўшылары арасында «Жас қутқарыўшылар» атамасында жарыс болып өтти. Оған республикамыз қала ҳәм районларынан 300 ден аслам оқыўшы-жаслар қатнасты. Жарыста қатнасыўшылар арқанға өрмелеў, палатка қурыў, биринши медициналық жәрдем көрсетиў, сораў-жуўап ҳәм басқа да шәртлер бойынша өз-ара күш сынасты.
Қызғын беллесиўлерге бай болған жарыста мектеплер арасында Нөкис қаласындағы 31-санлы мектеп оқыўшылары биринши орынды ийелеп, Өзбекстан көлеминде өткерилетуғын басқышқа жолламаны қолға киргизди. Сондай-ақ, кәсип-өнер колледжи ҳәм лицей оқыўшылары арасында болса, Нөкис қаласы, Қоңырат ҳәм Төрткүл районы командалары сыйлы орынларды жеңип алыўға миясар болды.
З.АБУТОВ,
Нөкис қаласы 31-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик
мектептиң дене тәрбиясы пәни муғаллими.