САМАРҚАНД ҚАЛАСЫНДА «РОССИЯ МӘМЛЕКЕТЛИК ДЕНЕТӘРБИЯ, СПОРТ, ЖАСЛАР ҲӘМ ТУРИЗМ УНИВЕРСИТЕТИ» ФЕДЕРАЛЛЫҚ МӘМЛЕКЕТЛИК БЮДЖЕТИ ЖОҚАРЫ БИЛИМЛЕНДИРИЎ МӘКЕМЕСИНИҢ ФИЛИАЛЫН ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ ҲАҚҚЫНДА
Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Денетәрбия ҳәм спорт тараўында жоқары қәнигели кадрларды таярлаў системасын буннан былай да жетилистириў, тараўда халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў, сондай-ақ, 2018-2019-жылларда Өзбекстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясы арасындағы сиясий, мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди және де кеңейтиў бойынша келисимлерди әмелге асырыў бойынша илажлардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм «Россия мәмлекетлик денетәрбия, спорт, жаслар ҳәм туризм университети» федераллық мәмлекетлик бюджети жоқары билимлендириў мәкемесиниң (кейинги орынларда — Университет) Самарқанд қаласында «Россия мәмлекетлик денетәрбия, спорт, жаслар ҳәм туризм университети» федераллық мәмлекетлик бюджети жоқары билимлендириў мәкемесиниң филиалын (кейинги орынларда — Филиал) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
- Филиал жумысының тийкарғы ўазыйпалары ҳәм бағдарлары етип төмендегилер белгиленсин:
жоқары билимлендириўдиң сапасына қойылатуғын халықаралық талапларға муўапық денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыў тараўындағы ўазыйпаларды жоқары дәрежеде орынлай алатуғын қәнигели кадрлар таярлаўды тәмийинлеў;
денетәрбия ҳәм спорт тараўында талаплардың тереңлестирилген бийғәрез таярлығын есапқа алған ҳалда теориялық ҳәм әмелий шынығыўларды улыўмаластырыў;
жоқары билимлендириў системасына заманагөй билимлендириў технологияларына тийкарланған оқыў процесслерин енгизиў бойынша алдынғы сырт ел тәжирийбелерин енгизиў, денетәрбия ҳәм спорт тараўы ушын кадрларды таярлаў системасын ҳәм ашық мәлимлеме-билимлендириў орталығын раўажландырыўға жәрдемлесиў;
теориялық билимлер ҳәм әмелий көнликпелердиң өз-ара байланыслылығын, илимий-изертлеў мәкемелери ҳәм басқа да шөлкемлер менен беккем бирге ислесиў тийкарында денетәрбия ҳәм спорт тараўы кадрларының профессионал таярлығын арттырыў;
денетәрбия ҳәм спорт тараўында фундаменталлық ҳәм илимий-әмелий изертлеўлер алып барыў;
сырт мәмлекетлердиң жетекши билимлендириў мәкемелери, илимий-изертлеў орайлары менен узақ мүддетли байланысларды раўажландырыў ҳәм беккемлеў.
- Филиал Университеттиң өз алдына структуралық бөлими ҳәм кадрларға болған талапты есапқа алған ҳалда Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги менен келисилген билимлендириўдиң тийкарғы бағдарлары (қәнигеликлер) бойынша барлық дәрежедеги қәнигелерди таярлаў, қәнигелигин арттырыў ҳәм қайта таярлаў, соның ишинде, илимий-педагогикалық кадрларды таярлаўды әмелге асыратуғын жоқары билимлендириў мәкемеси есапланатуғыны;
Филиалда билимлендириў Россия Федерациясы федераллық билимлендириў стандартларына муўапық Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги және Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен келисилген ҳалда Университет тәрепинен тастыйықланатуғын оқыў жобасы және билимлендириў бағдарламалары тийкарында рус тилинде әмелге асырылатуғыны;
абитуриентлердиң қабыл етилиўи ҳәм Филиал питкериўшилерин аттестациядан өткериў Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги және Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен келисилген ҳалда Университет тәрепинен белгиленетуғын талаплар, тәртип ҳәм мүддетлерге муўапық әмелге асырылатуғыны;
Филиал питкериўшилерине Өзбекстан Республикасында жоқары мағлыўмат ҳаққындағы ҳүжжет сыпатында тән алынатуғын Университеттиң белгиленген үлгидеги дипломы берилетуғыны белгилеп қойылсын.
- Университет:
билимлендириў процесине алдынғы педагогикалық ҳәм мәлимлеме технологияларды, илим және жоқары билимлендириўдиң ең жаңа жетискенликлерин енгизетуғынлығы;
Филиал қәнигелери ҳәм профессор-оқытыўшыларының қәнигелигин арттырыў ҳәм қайта таярлаў;
Филиалдың китапхана фондын қәлиплестириў, заманагөй оқыў, оқыў-методикалық ҳәм илимий әдебиятлар менен байытыўда жәрдемлесетуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- а) Филиал Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги ҳәм Университет пенен келискен ҳалда мәпдар министрликлер, уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң тийисли кадрларға болған реал талабынан келип шығып, 2019-2020-оқыў жылы ҳәм кейинги жыллар ушын студентлерди қабыл етиў квоталары және төлем-контракт тийкарында оқытыў баҳасының муғдарларын белгилейтуғыны;
б) Филиалдың жумысын қаржыландырыў:
студентлерди мәмлекетлик грантлар бойынша оқытыў ушын Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлигине ажыратылатуғын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан, бирақ Филиалға оқыўға қабыл етилетуғын студентлердиң улыўма санының 30 проценттен аслам болмаған муғдарда;
студентлерди төлем-контракт тийкарында оқытыўдан түсетуғын қаржылар;
физикалық ҳәм юридикалық шахслардың қәўендерлик қайырқомлықлары;
халықаралық (сырт ел) финанс институтлары ҳәм шөлкемлериниң грантлары;
нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан әмелге асырылатуғыны;
в) оқытыўшылардың қәнигелигин арттырыў, сондай-ақ, Филиалды зәрүр мебель, инвентарь, компьютер, шөлкемлестириўшилик техника ҳәм спорт инвентарьлары менен тәмийинлеў қәрежетлери Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыў қоры ҳәм Филиалдың бюджеттен тысқары қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны;
г) Филиалда жумыс алып барыў ушын Университеттен тартылатуғын профессор-оқытыўшылардыңF
30 күнге шекем болған қысқа мүддетли сапарларының қәрежетлерине жоқары билимлендириў мәкемелериниң хызметкерлери ушын Россия Федерациясы нызамшылығында белгиленген нормалар бойынша;
узақ мүддетли хызмет сапарларының қәрежетлерине дүзилген шәртнамалар тийкарында оқыў процесиниң талапларынан келип шығып ҳақы төленетуғыны белгиленсин.
- Төмендегилер:
Самарқанд қаласы, Уста Умар Жўрақулов көшеси, 15-жай мәнзилинде жайласқан Самарқанд социаллық-экономикалық кәсип өнер колледжи имаратлары, объектлери ҳәм оған тутас аймақ Ташкент мәлимлеме технологиялары университетиниң Самарқанд филиалына;
Самарқанд қаласы, Ибн Сино көшеси, 17а-жайы мәнзилинде жайласқан Ташкент мәлимлеме технологиялары университетиниң Самарқанд филиалы имараты, объектлери ҳәм оған тутас аймақ Самарқанд ўәлаяты Спорттың ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген балалар-жас өспиримлер спорт мектебине (кейинги орынларда — Қәнигелестирилген балалар-жас өспиримлер спорт мектеби) оператив басқарыў ҳуқықы менен берилсин, кейинги ўақытта усы жерде Филиал бийпул пайдаланыў ҳуқықы менен жайластырылсын.
Самарқанд хызмет көрсетиў кәсип-өнер колледжиниң оқыўшылары оқыўды жуўмақлағанға шекем Филиал жайластырылып атырған, Самарқанд социаллық-экономикалық кәсип-өнер колледжиниң оқыўшылары болса Ташкент мәлимлеме технологиялары университетиниң Самарқанд филиалына берилген имаратта ҳәм объектлерде оқыўды даўам ететуғыны;
Филиалға Қәнигелестирилген балалар-жас өспиримлер спорт мектеби, сондай-ақ, Самарқанд қәнигелестирилген олимпиада резервлери мектеп-интернаты ҳәм Спорттың Ескек есиў түрлери бойынша қәнигелестирилген олимпиада резервлери республикалық балалар-жас өспиримлер спорт мектебиниң спорт имаратларынан бийпул пайдаланыў ҳуқықы берилетуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Университет пенен биргеликте:
бир ай мүддетте Филиалдың уставы ҳәм структурасының ислеп шығылыўы ҳәм тастыйықланыўы, сондай-ақ, белгиленген тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин;
үш ай мүддетте Филиал таңлаў тийкарында жоқары қәнигели профессор-оқытыўшылардың қурамы менен толықтырылыўын тәмийинлесин.
- Филиалға:
кадрларға болған талап ҳәм мәмлекеттиң социаллық-экономикалық раўажланыўы перспективасынан келип шығып, Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги менен биргеликте билимлендириўдиң бакалавриат басқышының тийкарғы бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлерин ашыўға;
профессор-оқытыўшы хызметкерлер, сондай-ақ, педагогикалық ҳәм илимий жумыс алып барыўға тартылатуғын басқа да шахслардың мийнети, жасаўы және транспорт қәрежетлерине дүзилетуғын шәртнамалар тийкарында Өзбекстан Республикасының пуқаралары ушын белгиленген тарифлер бойынша ҳақы төлеўге рухсат берилсин.
- Филиалдың тәмийнаты ушын бюджет қаржылары 2019-жылда Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң 2019-жылда социаллық тараў ушын тастыйықланған параметрлери шеңберинде ажыратылатуғыны, 2020-жылдан баслап болса Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң бул тараўға қаржылар параметрлеринде нәзерде тутылатуғыны;
Қәнигелестирилген балалар-жас өспиримлер спорт мектебиниң Филиалды жайластырыў ушын ажыратылатуғын имаратлары ҳәм объектлерин оңлаў-тиклеў жумыслары Өзбекстан Республикасының 2019-жылға мөлшерленген Инвестициялық бағдарламасы шеңберинде капитал қойылмалар лимитлерин қайтадан бөлистириў есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
- Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлиги жанындағы «Бирден-бир буйыртпашы хызмети инжиниринг компаниясы» Филиалдың имаратларын ҳәм объектлерин оңлаў-тиклеў жумысларын орынлаў бойынша буйыртпашы етип белгиленсин.
Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлиги менен биргеликте 2019-жыл 1-сентябрьге шекемги мүддетте Филиалдың имаратлары менен объектлери ири оңланыўы ҳәм реконструкцияланыўы, сондай-ақ, зәрүр мебель, инвентарь, заманагөй оқыў және лаборатория үскенелери, компьютер ҳәм басқа да шөлкемлестириў техникасы, китапхана фонды менен үскенелениўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги мәпдар уйымлар менен биргеликте:
Қәнигелестирилген балалар-жас өспиримлер спорт мектебиниң Филиалын орналастырыў ушын ажыратылатуғын имаратлар менен объектлер бойынша жойбарлаў-сметалық ҳүжжетлерди ислеп шығыўға ҳәм оңлаў-тиклеў жумысларын әмелге асырыўға Өзбекстан Республикасының 2019-жылға мөлшерленген Инвестициялық бағдарламасында нәзерде тутылған капитал қойылмалар лимитлери шеңберинде қаржы ажыратылыўын тәмийинлесин;
2020-жыл ҳәм оннан кейинги жылларға мөлшерленген Инвестициялық бағдарламаны қәлиплестириўде Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлигиниң тийкарланған есап-санақлары бойынша Филиалдың студентлери ҳәм оқытыўшыларының жасаўы ушын 400 орынлық турақ жай қурылыўы бойынша жойбар белгиленген тәртипте киргизилиўин нәзерде тутсын.
- Филиалға еки автотранспорт қуралы, соның ишинде, бир хызмет автомобили ҳәм бир автобус сақлаў ушын лимит ажыратылсын.
Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги 2019-жылы тастыйықланған жойбарлаў-сметалық ҳүжжетлер тийкарында филиалдың имаратлары менен объектлерин оңлаў-тиклеў жумысларын әмелге асырыў ушын капитал қойылмалар лимитиниң жетиспей атырған бөлегин ажыратсын.
- Филиалды үскенелеў ҳәм жумысын тәмийинлеў ушын белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимлер бойынша алып келинетуғын, Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын заманагөй оқыў ҳәм лабораториялық үскенелер, компьютер техникасы, программалық өнимлер, спорт инвеньтары, оқыў ҳәм илимий-методикалық әдебиятлар 2021-жыл 1-январьға шекемги мүддетте бажыхана төлемлеринен (қосымша қун салығы ҳәм бажыхана жыйымлары буған кирмейди) азат етилсин.
- Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги Денетәрбия ҳәм спорт министрлигиниң буйыртпалары бойынша усы қарарды әмелге асырыў шеңберинде тартылатуғын сырт ел профессор-оқытыўшыларының қурамы ҳәм басқарыў хызметкерлери, сондай-ақ, олардың шаңарақ ағзалары ушын кириў визалары консуллық ҳәм басқа да жыйымларды өндирмей белгиленген тәртипте рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги және Филиалдың буйыртпалары бойынша Филиалдың сырт елли профессор-оқытыўшылары ҳәм басқарыў хызметкерлерине, сондай-ақ, олардың шаңарақ ағзаларына мәмлекетлик бажы өндирмеген ҳалда көп мәртелик визалар берилиўин ҳәм мүддети создырылыўын және олардың жасаў орнында ўақытша дизимге алыныўы мүддети создырылыўын белгиленген тәртипте тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, мәпдар уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы, 2019-жыл 8-май.