ОКРУГ БАСШЫЛАРЫНЫҢ КӨШПЕЛИ ҚАБЫЛЛАЎЫ
Президентимиздиң 2016-жыл 28-декабрьдеги «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиў системасын түп-тийкарынан жетилистириўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Пәрманы халық пенен жақыннан пикирлесиў, пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал, мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи керек» деген принципти әмелге асырыўда айрықша әҳмийетке ийе болмақта.
Усы Пәрманның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Арқа-Батыс әскерий округи тәрепинен әскерий тараўда биринши мәрте көшпели қабыллаў өткериў бойынша айрықша ис-реже ислеп шығылып, усы ис-реже тийкарында Нөкис қаласында округ басшыларының көшпели қабыллаўы болып өтти. Онда Арқа-Батыс әскерий округи сәркардасы, полковник Д.Чориев, Нөкис әскерий прокуроры, әдиллик полковниги Б.Худайбердиев, Нөкис әскерий суды баслығы С.Кушатов, Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери басқармасы баслығы Б.Бегабаев ҳәм тағы басқа да жуўапкер хызметкерлер республикамыз пуқаралары менен ушырасып, әскерий тараўда ушырасып атырған айырым машқалалы мәселелер бойынша өз-ара сәўбетлести.
Өткерилген қабыллаў даўамында 44 пуқараның мүрәжатлары тыңланып, 8 мәселе сол жердиң өзинде өз шешимин тапты, ал, 36 мүрәжат бойынша пуқараларға ҳуқықый түсиниклер берилди.
Көшпели қабыллаўға Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстандағы Халық қабыллаўханасы баслығы Ҳ.Халимов қатнасты ҳәм шығып сөйледи.
Ш.ХУДАЙБЕРДИЕВ,
Нөкис әскерий прокурорының
аға жәрдемшиси.