Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:38:30, 08.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«АЙҚУЛАҚ» — ГРАН-ПРИ ЖЕҢИМПАЗЫ

Соңғы жылларда республикамызда қәбилетли балалар ҳәм жаслардың талантларын ен жайдырыў, оларды қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар өзиниң унамлы нәтийжелерин бермекте.

Буның нәтийжесинде олар түрли таңлаў ҳәм беллесиўлерде мүнәсип қатнасып, сыйлы орынларды ийелеп келмекте.

Усы жылдың 3-7-май күнлери аралығында Ташкент қаласындағы «Ашхабад» демалыс бағында балалар ҳәм жаслар дөретиўшилигине арналған «Шығыс әтиргүли» халықаралық фес­тивалы болып өткен еди. Онда қатнасқан Нөкис қаласындағы 22-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби хореография бөлиминиң «Айқулақ» ойын ансамбли ағзалары өзлериниң жоқары дәрежеде атқарған композициясы менен тамашагөйлердиң нәзерине түсип, төрешилер тәрепинен фестивальдың Гран-при сыйлығына ылайық деп табылды.

Әзелден өзиниң бийбаҳа аяқ ойын өнери менен белгили болған халқымыздың бул дәстүрин ылайықлы даўам еткен кишкенелеримизди ҳәм олардың устазларын бул табысы менен қызғын қутлықлап, алдағы таңлаўларда да әўмет яр бола бериўин тилеймиз. 

С.ЖОЛДАСОВ.

СҮЎРЕТТЕ: «Айқулақ» ансамбли ағзалары.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF