ДИАНАНЫҢ МОСКВАДАҒЫ ТАБЫСЫ
Усы жылдың 28-апрелинен 3-майына шекемги аралықта Россия Федерациясының пайтахты Москва қаласында VI «DANCE CONTINENT» Халықаралық хореография өнери таңлаўы болып өтти.
Қуўанарлы жери, бурынғы аўқам республикаларынан 1,5 мыңнан аслам жас талант ийелери қатнасқан бул абырайлы таңлаўда Өзбекстан Республикасынан қатнасқан Шоманай районлық 16-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 4-класс оқыўшысы Диана Абатбаева сыйлы 2-орынды ийеледи.
Таңлаўда Диана тәрепинен атқарылған қарақалпақша «Суўға барған қыз», хорезмше «Нарын-нарын» аяқ ойынлары илаж қатнасыўшылары ҳәм төрешилердиң жоқары баҳаларына ылайық болды. Оның бундай табысқа ерисиўинде устазлары Дәмехан Ибрагимова, Есназар Халмуратов, Алмагүл Халилаева, сондай-ақ, Москва қаласына барып-қайтыўына қәўендерлик еткен ҳәм қоллап-қуўатлаған Шоманай районы ҳәкимлиги менен Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы жәмәәтлериниң хызметлерин айрықша атап өтиў керек.
Көркем өнер деп аталған кең дүньяға дәслепки қәдемин усылайынша сәтли баслаған Диана Абатбаеваны халқымыз ҳәм республикамыздың кең жәмийетшилиги атынан қызғын қутлықлап, алдағы дөретиўшилик ислеринде табыслар тилеймиз.
С.ЖАНИЕВ.
СҮЎРЕТТЕ: Диана Абатбаева.