ТЕЛЕФОНДЫ ТЕКСЕРЕЙИК, АҒАЙИН!
Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен келешегимиз даўамшылары болған жаслардың ҳәр тәреплеме озық ойлы, билимли, саламат әўлад болып камал табыўы ҳәм ертеңги күни елимиздиң гүллеп-раўажланыўына хызмет ететуғын инсанлар болып жетилисиўи ушын ҳеш бир елде жаратылмаған қолайлылықларды жаратып бермекте.
Бүгинги жылдырымдай тез пәтлер менен раўажланып атырған мәлимлеме ҳәм электрон байланыс қураллары мүшкилимизди әдеўир аңсатластырып, жумысларымызды жедел алып барыўымызға тийкар жаратпақта. Илгери жыллары ҳәр бир елатлы аўылға бир шақыртыўшы ҳәлек болып, бир күнди жоққа санар болса, бүгинлиги бир адам-ақ бир майданда қол телефоны арқалы бәрин бәржай етеди. Лекин, теңгениң екинши тәрепи болғанындай, унамсыз тәрепи де жоқ емес. Бул пикиримизди қолымыздағы суд қарарындағы мына фактлер және де айқынластырады.
1986-жылы Төрткүл районында туўылған, шаңарақлы, орта арнаўлы мағлыўматқа ийе, ўақтынша жумыссыз, Төрткүл районы, Семашко көшеси, 90-жайда жасаўшы Балташев Улығбек Аматович өткен жыл 23-декабрь күни ҳуқық қорғаў уйымы хызметкерлериниң биргеликте алып барған илажы даўамында иркилди. Ҳуқықбузар У.Балташев өзиниң «НТС» маркалы қол телефоны ядында бир неше диний мазмундағы аудио ҳәм видео файлларды таныс-билислеринен телеграмм мессенджери арқалы көширип алып, сақлап жүргенлиги анықланды ҳәм қалыс гүўалар қатнасында ҳүжжетлестирилди. Ҳақыйқатында ҳуқықбузар У.Балташевтың қол телефонындағы диний мазмундағы видео ҳәм аудио файллар Муҳаммад ибн Ахмад әл-Беруний атындағы орта арнаўлы Ислам билим журты тәрепинен берилген эксперт жуўмағына сүйенер болсақ, ондағы айырым аудио файллар елимиз аймағына алып кириў ҳәм тарқатыў қадаған етилген диний мазмундағы өнимлер қатарына киретуғынлығы көрсетилген.
Телефоны тексерилиў нәтийжесинде анықланған У.Балташевтиң ҳуқықбузарлық ҳәрекетлери суд уйымы тәрепинен ҳәр тәреплеме көрип шығылды ҳәм ең кем айлық ис ҳақының үш есеси муғдарындағы жәрийма жазасы тайынланды.
Б.ҚУРБАНОВ.