Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:52:21, 07.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАНОБ  РАСУЛДЫҢ ИЙГИЛИКЛИ  ИСИ

Соңғы ўақытларда өзиниң жанға жағымлы, қулақтың қурышын қандыратуғын қосықлары, әсиресе, «Мениң қарақалпағым» қосығы менен саз-сәўбет ықласбентлериниң қәлбинен орын алып киятырған талант ийелериниң бири, халық арасында Жаноб Расул аты менен белгили болған Расул Сейтжанов жақында ийгиликли иске қол урды.

Өткен жума күни пайтахтымыздағы «Туран» стадионында ол өзиниң «Аралым, қайт!» атлы қайырқомлық концерт бағдарламасын усынып, стадионды толтыр­ған мыңлап көркем өнер ықласбентлериниң кеўиллерин шадлыққа толтырды.

Әдетте, қосықшы өзиниң жеке концертин шөлкемлестирсе, буннан еки мақсет гөзленеди. Бириншиси, өзиниң жаңа қосықларын атқарып, халыққа және де кеңирек танылыў болса, екиншиси, қаржы мәселеси болып, қосықшы өзиниң материаллық жағдайын жақсылап алады. Заманагөй шоу-бизнестиң тийкарғы шәрти де усы. Лекин, Жаноб Расулдың концерт бағдарламасы басқа концертлерден кескин парқ ететуғын еди. Себеби, оннан түскен қаржылардың толығы менен Арал аймағын раўажландырыў фондына сарпланатуғынын нәзерде тутсақ, бүгинги күнде улыўмахалықлық түс алған бундай ийгиликли иске өзиниң усындай әжа­йып үлесин қосқан берунийли қосықшыға рахметтен басқа айтарымыз жоқ.

Концерт даўамында Жаноб Расулдың өзи, оның шәкиртлери, жигит-қызлардан ибарат болған аяқ ойын­шылар топары өзлериниң рәң-бәрең қосық ҳәм аяқ ойынларын атқарып, стадионды лыққа толтырған тамашагөйлерге таўсылмас заўық бағышлады.

Бундай қайырқомлық концерт бағдарламалары тез-тезден шөлкемлестирилип турылса, буннан тек халқымыз утады деген ойдамыз.

 

С.ЖАНИЕВ.

СҮЎРЕТТЕ: концерттен көринис.

Автордың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF