Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 16:05:30, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АРАЛ БОЙЫ ДҮНЬЯ НӘЗЕРИНДЕ

«Аққан дәрья ақпай қоймас», деп болжаған халқымыздың даналығына ҳайран қаласаң. Мың жыллар бойы елдиң несийбе қазаны болып хызмет еткен, бирақ, өткен әсирде, яғный, кеңес ҳүкимети тусында басынан бахты тайып, суўы тартылып қалған, солай етип, экологиялық апатшылық ора­йына айланған Арал теңизи бүгин қайтадан жәҳән  жәмийетшилигиниң итибарына түсти.

Жақында «Өзбекстан-24» телеканалынан Президентимиз Шавкат Мир­зиёевтиң Қытай пайтахты Пекинде Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери Антониу Гутерриш пенен ушырасқанын көргенимде отырған орнымнан түргелип кетип, «ең әҳми­йетли сөзлерди набада еситпей қаламан ба?» деген гүдик пенен телевизорға жақынлап барғанымды өзим сезбей қалыппан.

Арал ҳаққында, оның келешеги ҳаққындағы сөзлер бүгин Қарақалпақстанда жасап атырған ҳәр бир адамды тәшўишке салады, толқынландырады, сүйсиндиреди, десем асырып айтқан болмайман. Оның себеби де бизге анық ҳәм түсиникли, теңиздиң суўсыз қалған ултанынан ҳәр да­йым көтерилип, ҳаўаға тарқалып туратуғын мыңлаған тонна дузлы қумлар биринши нәўбетте Мойнақтың, Қоңыраттың, Шымбайдың, Қанлыкөлдиң, Қараөзектиң, Тахтакөпирдиң, қулласы Қарақалпақстан аймағындағы барлық районлардың егислик майданлары менен жайлаўларын зыянлайды, дийқанның еккен дақылларының нормал өсип-раўажланыўына унамсыз тәсир жасайды, ақыбетте дақыллардан күтилгенинен төмен зүрәәт алынады, жерлер ҳәдден тыс шорланып, дақыл егиўге жарамсыз жағдайда келип қалады.

Өткен жылы, егер алжаспасам, 27-май күни еди, Қарақалпақстанда жүз берген қубылыс көпшиликтиң ядында болса керек. Биз ҳәр дайым болатуғын шаңлы даўылларға көнлигип қалғанбыз, бирақ, өткен жылғы жағдай басқаша болды. Ҳаўада пайда болған тозаң думанға уқсап күн бо­йына тарқалып кетпей турды, күнниң көзин тозаң қаплап алған еди. Ертеңине азанда пүткил әтирапты: есик-терезелерди, мийўелеп турған дарақларды, өсип тур­ған дақылларды аппақ қыраўға мегзес тозаң қаплап алғанын көрдик. Анықлап қарағанымызда, оның ашшы дуз екенлиги мәлим болды. Сол күни Хорезм, Бухара ҳәм басқа ўәлаятларда, ҳәтте Ташкент қаласында сондай жағдай жүз бергенлигин еситтик.

Өзбекстан Президенти өзиниң Олий Мажлиске Мүрәжатында: Ҳәр жылы Аралдың қурғап қалған ултанынан жүз миллион тонна дузлы шаңлар көтерилип, ол мыңлаған километр қашықлықтағы еллерге де­йин жетип барғанын атап өткен, Арал регионындағы қыйын жағдайға Бирлескен Миллетлер Шөлкеми менен жәҳән жәмийетшилигиниң итибарын қаратқан ҳәм бул жердеги экологиялық апатты сапластырыў ушын халықаралық Траст фондын дүзиўдиң баслаўшысы бол­ған еди.

Президентимиз теңиз ултанынан көтерилип атыр­ған дузлы шаң-тозаңлардың зыянлы тәсири жөнинде еслетип қойыў менен шекленип қалған жоқ. Ол жең түринип, бурын бул әтирапларда исленип көрилмеген, көлеми бойынша глобаль дәрежедеги жүдә үлкен көлемдеги ислерге екиленип отырмастан мәртлик пенен қол урды. Суўы қурып қал­ған теңиз ултанында барлығы болып үш ғана айдың ишинде әмелге асырылған ислер, дерлик 500 мың гектар жерге сексеўил туқымының егилиўин «мәртлик» деп тәрийплемеўге кимниң тили барады, дейсиз? Бул ислер әлбетте, мәртлик-улыўмахалықлық мәртлик еди. Қыстың қыраўлы күнлеринде, арқа тәрептен 24 саат дерлик тынымсыз есип туратуғын аязлы самалларға төтепки берип, ақшамлары буржуйка печьлери ысыта алмаған палаткаларда түнеп, суткалап вахтада мийнет еткен, жанажан Өзбекстанның барлық ўәлаятларынан көмекке келген азамат механизаторлар менен оларға азғана болса да жағдай жаратып берген адамлардың ислеген хызметлерин халқымыз еле тиллерде дәстан еткен.

Ҳәр дайым халықты, миллетти, адамларды уллы мақсетлер бирлестиреди. Арал теңизи ултанында бизиң менен сизиң көз алдымызда исленген ислерди өткен әсирде өзбек халқының қолы менен исленген бир уллы ис пенен салыстырыў мүмкин. Ол әлбетте, Фер­ғана каналы қурылысы болып табылады.

Сонда Өзбекстанның барлық жерлеринен келген ғайратлы жигитлер қәдимги бел, кетпен ҳәм киркалар менен бир неше километрлик канал қазып, 45 күнде Ферғана шөллерине суў алып барған еди!

Халық, миллет ҳәр да­йым уллы ислер ислеўге, шөллерди бостанға, теңиз ултанын тоғайларға айландырыўға, шәҳәрлер салыўға таяр. Ол ушын адамлардың кеўлинде ертеңги жақтылы күнлерге деген исеним оята алыў, солай етип, оларға жол басшылық етиў дәркар.

Сөзимди «Өзбекстан -24» телеканалынан баслаған едим. Әййемги Қытай дий­ўаллары киби узақ тарийхқа ийе болған бул мәмлекет кейинги 40-50 жыл ишинде зор жетискенликке ерисип атырғанын ғалаба хабар қураллары арқалы еситип, көрип жүриппиз. Елиниң экономикасы менен товарлар экспортының өсиўине ҳәр дайым күш салып киятыр­ған, олар 2017-жылы тийкар салған «Бир мәкан бир жол» бирге ислесиў саммитине қатнасып атырған Өзбекстан Президенти елимиздиң халық хожалығының бай имканиятларын ҳәм мүмкиншилигин жәҳәнге таныстырыўы —  бизиң ҳәр биримиздиң кеўлимиздеги үмит ҳәм исенимди тағы да беккемледи.

Қытай ҳәм Өзбекстан ортасында саўда байланыслары мың жыллар бойы даўам етип келгенлиги тарийх­тан мәлим. Қытай жипегин артып Уллы Жипек жолына түскен кәрўан Бухараға иркилмей кеткен емес. Үстирт үстиндеги тепсең болған жоллар менен бүгин археологиялық естеликлерге айланған кәрўансарайлардың ески дийўаллары мың жыллықты гизнеп турыпты. Демек, әсирлик байланыслар тағы тикленеди. Елимизге инвестициялар кирип келеди. Миллиардтан аслам халқы бар Қытайдан Өзбекстанды тамашалаўға талабанлар табылмайды-аў, деп ким айтады? Ески Самар­қанд пенен Бухара сарайлары үлгисинде Пекин қаласында бой тиклеген Өзбекстан елшиханасын көрген қытайлыларда Самарқанд пенен Бухараны келип көриў ҳәўеси әлбетте, оянады.

Пекин ушырасыўында Президентимиз Антониу Гутерришке Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас ассамблеясында сөйлеген сөзинен берли өткен ўақыт ишинде исленген ислер жөнинде толып-тасып айтып бергенине исенимим кәмил. Себеби, қысқа ўақытта әмелге асырылған жумыслар аўыз толтырып айтыўға турарлық еди.

Араға дерлик төрт ай салып, жақында Мойнаққа барғанымда оны танымай қалдым, исенесиз бе? Киреберистеги ҳәр дайым кейпиятты бузатуғын пәскелтек үйлердиң орнында заманагөй қурылыслар жүрип атыр. Мәденият сарайының иши-сырты жаңаланған, оны ҳәр күни көрип жүрген мойнақлылар да танымай қалатуғын шығар? Спорт комплекси, банк имараты, ески балықшылар аўылы болған Мереске баратуғын жолдың еки бойында салынып атырған көп қабатлы турақ жайлар ески Аралдың бойын қурылыс майданшасына айландырып жиберген.

Мерес аўылының бир көшесин мойнақшылар ескиниң көзи сыпатында сақлап қалыў бойынша шешим қабыллапты. Бул аўылда балықшылар — ҳәр қыйлы миллет адамлары жүз жыллар бойы ийинлесип, суў стихиясына қарсы гүрескен, бир миллет екинши миллеттиң мәдениятын, тилин, дәстүрин үйренип, аўызбиршиликли өмир сүрип, бүгинги күни де турмыс кеширип атыр.

Мерес көшеси өзиншелиги, теңиз бойына ылайықлап салынған «мойнақша» үйлери менен дыққат аўдарады. Сыртынан қарағанда пәскелтек болып көринетуғын, қамыстан тикленип, ийтарқа етип бастырылған үйлердиң иши кең ҳәм жыллы болар екен. Олар Мойнақты көриўге келген турист­лердиң дыққаттын тартқанына гүўа болдым.

Президентимиздиң басламасы менен Арал регионында исленген ҳәм исленип атырған оғада үлкен жумыслар жәҳән ғалаба хабарларының итибарын өзине тартпақта, халықтың қызығыўшылығын оятпақта. Жақында, апрель айында Ташкенттеги Дүрмен дөретиўшилик үйинде Өзбекстан халық шайыры Усман Азим менен ушырастым.

— Кеңесбай, Қарақалпақстан қалай? - деди ол өзиниң сурханшасында.

— Бәри жақсы. Теңиз ултанына сексеўил ектик. Көгерип  шығып атыр, - дедим мен.

Соның арасында жамғыр қуйып жаўа кетти. Өзимизди  панаға алдық.

— Ташкентте бир ҳәптеден бери жамғыр жаўмақта, - деди ол наразы пишинде.

— Мойнаққа болса жамғыр керек, - дедим мен. — Әсиресе, сексеўил нәллерине керекдағы.

— Мойнаққа көптен берли бармадым, - деди ол сексеўил ҳаққындағы хабарды еситкен соң.

— Әлбетте, бар.

— Бараман.

Усман Азим сөзиниң үстинен шықты. Үш-төрт күн өтип Мойнақ районындағы Шегеде, анығырағы көл бойында ушырастық. Ол сексеўил ҳаққында гүрриңди умытпаған еди. Қәнигелер 100 мың гектар жерде сексеўил нәли көгерип шыққанын тастыйықлады. Бирақ, ол жерлер Мойнақтан 200 километр алыста жайласқан екен.

Шайыр достым шынлықты айтқан еди. Өзбекстан Президенти менен Антониу Гутерриштиң сөйлесиўлеринде Арал регионына 3 миллиард долларлық инвестициялар киргизилиўи, усы жылдың октябрь айында Арал теңизи машқалаларын шешиўге бағдарланған әнжуман өткизиў, онда бул аймақтағы экологиялық жағдайға пүткил жәҳән көлеминде атама бериў мәселелери қозғалғанын еситкен халқымыздың қуўанғанларын, ертенги күнге деген исеними нығайғанын, Президентимизге деген миннетдаршылығын көз алдыңызға келтириң!

Буныңдай уллы ислер жүреги ат басындай мәрт, елин жанындай сүйген азаматтың қолынан келеди, ал, Президентимиздиң сондай азамат екенлигине көзимиз жетти.

Кеўилде үмит оянғанда, тилге қосық қатарлары оралады:

 

Алҳәббиз! Қалайша тартылды теңиз,

Оны заман ишип таўысты, деңиз.

Мәгар болған шығар меҳримиз кемис,

Бүгин дуз көтерип, шаңғыйсаң Арал.

Бәрибир қәдириң енди билинди,

Көзиңди аш, көр излеген елиңди,

Ултаныңда тоғай көгерген енди,

Дәўран келер тағы, шалқыйсаң Арал!

Дузлы қумларыңда атылды булақ,

Жасыл дөнип барар, аймақ, әтирап,

Еле еллер келер тәрийпиң сорап,

Мәгар ертең тасып-толқыйсаң Арал!

Саған Журтбасшының түсти нәзери,

Жәрдемге қол созған азамат бәри,

Мәшҳур болар деймен Мойнақ шәҳәри,

қонып дәўлет қусы балқыйсаң Арал!

БМШ минберинен атың жаңлады,

Ҳәсирет-дәртиңди әлем тыңлады.

Көп еллер дәртиңе дәрман болмаға,

Асығып келеди, батыллан Арал!

Қолдасып көтерген жүк жеңил болар,

Еллер жәбдиллессе көп жеңил болар,

Кәнарың суў емес, меҳирге толар,

Тоғайлар қойныңда жасыллан Арал!

Мыңсан кеўиллерде үмит оянды,

Көзлерде исеним нур болып жанды,

Шолпан жулдыз киби жарқырап таңғы,

Маржандай доланып, ҳасыллан Арал!

Кеңесбай Каримов,

Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы баслығы,

Қарақалпақстан халық шайыры.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF