Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:03:33, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

НЫЗАМ ҲҮЖЖЕТЛЕРИН ҮГИТ-НӘСИЯТЛАЎДЫҢ ЗАМАНАГӨЙ МЕХАНИЗМЛЕРИ

Жәмийетте ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты жетилистирип барыў, нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм нызамлылықты беккемлеў ең әҳмийетли мәселелерден бири есапланады.

Соңғы жылларда миллий ҳуқық системасын түп-тийкарынан реформалаў, жәми­йетте ҳуқықый мәдениятты қәлиплестириў ҳәм маман юридикалық кадрларды таярлаў барысында сезилерли жумыслар әмелге асырылды.

Бүгинги күнге шекем бул тараўда бир қатар норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди. Усыған қарамастан, жәмийетте пуқаралардың ҳуқықый саўатлылығы дәрежесин арттырыўға тосқынлық етиўши бир қатар машқала ҳәм кемшиликлер бар екенлиги мәлим болды.

Усы мүнәсибет пенен, ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәденият саласындағы ислердиң сапасын еле де арттырыў ҳәм де нәтийжелилигин тәмийинлеў мақсетинде, 2019-жыл 9-январь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жәмийетте ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты жетилистириў сис­темасын түп-тийкарынан жетилстириў ҳаққында»ғы 5618-санлы Пәрманы қабыл етилди.

Пәрманды қабыл етиўден гөзленген мақсет — халықтың ҳуқықый санасы ҳәм ҳуқықый мәдения­тын жетилистириўге ти­йисли болған ислердиң нәтийжелилигин және де арттырыў, пуқаралардың жәмийетлик-сиясий өзгерислер менен биргеликте ҳуқықый билимлерин арттырып барыўдың заманагөй усылларын енгизиў, сондай-ақ, халықты, әсиресе, жасларды зыянлы мәлимлемелерден қорғаў бо­йынша беккем ҳуқықый иммунитетти қәлиплестириў болып табылады.

Пәрман менен пуқаралар санасында «Жәмийетте нызамларға ҳүрмет руўхын қарар таптырыў — демократиялық ҳуқықый мәмлекет қурыўдың гиреўи!» деген турмыслық идеяны беккемлеў ҳуқықый сана ҳәм мәдениятты жетилистириўдиң тийкарғы ўазыйпаларынан бири етип белгиленди.

«Жоқары ҳуқықый мәденият — мәмлекет раўажланыўының кепиллиги» деген концептуал идея тийкарында ҳуқықый үгит-нәсият илажларын шөлкемлестириў мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң баслы ўазыйпасы сыпатында көрсетип өтилди.

Пәрманға муўапық, жәмийетте ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты жетилистириў «шахс — шаңарақ — мәҳәлле — билимлендириў мәкемеси — шөлкем — жәмийет» принципи бойынша системалы шөлкемлес­тирилиўи нәзерде тутылды.

Соның менен бир қатарда, жәмийетте ҳуқықый мәдениятты жетилистириў концепциясы тастыйықланды.

Концепция талапларына көре, шаңарақта ҳуқықый тәрбияны қәлиплестириў ҳәм ҳуқықый мәдениятты жетилистириў бойынша балалар ушын арнаўлы ҳуқықый портал жаратылыўы, шаңарақта ҳуқықый саўатлылықты арттыратуғын, ҳәр бир элементар ҳуқықый билимлерди үйретиўге қаратылған ҳәм күнделикли турмыстағы әҳми­йетли мәселелер бойынша ҳуқықый қолланба бийпул тарқатылыўы, балалар ушын ҳуқықый темаларда ҳәм әдеп-икрамлылық нормалары бойынша әпиўайы ҳәм күнделикли қағыйдаларды билиўин, патриотизм, нызамларды ҳүрмет етиўди үгит-нәсият етиўши мультипликациялық фильмлер жаратылыўы, аудиоертеклер, кинофильмлер ҳәм киножурналлар ислеп шығылыўы белгиленди.

Сондай-ақ, мәҳәллелерде халық арасындағы түрли машқалалы мәселелер, әсиресе, миграция, материаллық жәрдем, жер алыў, турақ жай алыў, коммунал мәселелер, нызамшылықта нәзерде тутылған жеңилликлер, алимент, жумысқа орналасыў, билим алыў ҳәм басқалар бойынша ҳуқықый мәлимлемелер буклет, флаер, лифлет ҳәм плакатлар формасында халыққа жеткерилиўи, «Ҳуқықый мәлимлеме күни» шөлкемлестирилиўи, «Пидайы жаслар» жәмийетшилик патруль топарлары менен биргеликте мәҳәллелерде халық арасында ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша илажлар көлеми ҳәм сапасы арттырылыўы көрсетип өтилди.

Билимлендириў системасында болса, Өзбекстан Республикасы Конституциясын үйрениў ҳәм «Инсан ҳуқықларын үйрениў» арнаўлы оқыў курсларын барлық билимлендириў түрлери бойынша үйретиўдиң енгизилиўи, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде балаларға әдеп-икрамлылық қағыйдалары ҳәм ҳуқықтың дәслепки түсиниклерин үйретиў бойынша үлги қолланба жарытылыўы, жаслар арасында «Street law» (көше ҳуқықы) жойбарын енгизиў ушын ҳуқықтаныўшы студентлер, юридика коллеждлери оқыўшылары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери ўәкиллеринен ибарат волонтёрлар топары қәлиплестирилиўи, орта арнаўлы, кәсиплик билимлендириў мәкемелеринде «Ҳуқық билимданлары» жаслар ҳуқықый клублары шөлкемлестирилиўи, жол ҳәрекети қағыйдаларын бузыў, нызамсыз авто жарыслар өткериўдиң алдын алыў мақсетинде «Ең тәртипли жас автотранспорт көлигин басқарыўшы» жойбары өткерилиўи белгилеп берилди.

Соны айрықша атап өтиў орынлы, яғный, халықтың бәрше қатламларының ҳуқықый мәдениятын жетилистириў мақсетинде, жастан келип шығып ҳуқықый саўатлылықтың минимал талаплары тастыйықланыўы, халықты қызықтырған ҳуқықый темалар бойынша «Сораў бойынша ҳуқықый үгит-нәсият» жойбары әмелге асырылыўы, мәмлекетлик уйымлары жанындағы мәлимлеме-таллаў мультимедиа орайларының ҳуқықый үгит-нәсият тараўындағы искерлиги күшейттирилиўи, «Ең жақсы ҳуқық үгит-нәсиятлаўшысы» ҳәм «Ҳуқықый үгит-нәсиятты әмелге асырыўда ең жақсы инновациялық жойбар» таңлаўлары өткерилиўи, адвокатлық яки ҳуқықтаныўшылық искерлигине бағышланған көркем фильм ҳәм сериаллар таярланыўы, халықты нызам­ға бойсыныў руўхында тәрбиялаўға қара­тыл­ған қысқа метражлы фильмлер менен спектакльлер жаратылыўы ҳәм системалы рәўиште телевидение арқалы берип барылыўы, мийнет мигрантларына түрли жәми­йетлик-ҳуқықый мәселелер, әсиресе, миграция, жумысқа жайласыў, билим алыў, бас­қа мәмлекетлердиң нызам ҳүжжетлери бо­йынша ҳуқықый мәлимлемелер алыўда сис­темалы жәрдем көрсетиўди өз ишине алыўшы арнаўлы мәлимлеме сайты ислеп шығылыўы, имканияты шекленген шахслар ушын ҳәм кексе жастағы шахслар ушын пайдаланыўға қолай болған, олардың социаллық қорғаўына тийисли ҳуқықларына тән топламларды таярлаў ҳәм қайырқомлық акцияларын өткерген ҳалда тарқатыў, еркинен айырылған шахслардың келешекте жәмийетлик турмысқа көнигиўи (адаптация) ушын көмек бериў мақсетинде жазаны орынлаў мәкемелеринде аралықтан турып билим алыў системасы жолға қойылыўы, жазаны орынлаў мәкемелеринде ҳуқықый билимлерди үйретиў мақсетинде «Ҳуқық
ҳәм мен», «Жынаят әлеминен қайтыў» атамасындағы ағартыўшылық-ҳуқықый шынығыўлар өткерилиўи, әскерий бөлимлерде ҳәр айдың жума күни «Ҳуқықый саўатлылық сааты» шөлкемлестирилиўи белгилеп қо­йылды.

Буннан тысқары, жәмийетте ҳуқықый мәдениятты жетилистириўде ҳуқықый үгит-нәсияттың инновациялық усылларын енгизиў мақсетинде, Әдиллик министрлиги тәрепинен 2020-жыл 1-январьға шекем нызам ҳүжжетлери мағлыўматлары миллий базасы ҳәм де қосымша ҳуқықый мағлыўматлар жеткериў системасын өз ишине алатуғын Өзбекстан Республикасының миллий ҳуқықый интернет порталы, сондай-ақ,
2019-жыл 1-июльге шекем халыққа бийпул мәсләҳәт бериў порталын өз ишине алған Аdvice.uz ҳуқықый мәлимлеме системасы, пуқаралардың өз ҳуқықый билим дәрежесин сынаў мақсетинде Интернет системасында түрли басқышларға ийе болған «Ҳуқықый тест» жойбары жаратылыўы белгиленген.

Соның менен биргеликте, юридикалық билимлендириўди, сондай-ақ, юридикалық кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў системасын раўажландырыў бойынша тармақлар аралық тәлимди күшейтиў ҳәм бул барыста Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети магистратура басқышында «Ҳуқық ҳәм медицина», «Ҳуқық ҳәм қурылыс» киби қәнигеликлер ашылыўы нәзерде тутылған.

Концепцияны қабыл етиўден күтилетуғын нәтийжелер усыннан ибарат, яғный, пуқара, мәмлекет ҳәм жәмийеттиң өз-ара қатнасықларында халықтың ҳуқықый мәде­нияты ҳәм жәмийетлик белсендилигин арттырыў, жеке ҳәм де жәмийетлик мүтәжликлер арасындағы тең салмақлылықтың сақланыўын тәмийинлеў, бала ҳәм жаслар санасына дәслепки ҳуқықый түсиниклерди ҳәм әдеп икрамлылық қағыйдаларын системалы сиңдирип барыў, ҳуқықый тәлим-тәр­бияны тығыз ҳәм системалы алып барыўға ерисиў, ҳуқықый үгит-нәсияттың инновация­лық усылларын жаратыў ҳәм енгизиў, ҳуқықый билимлерди үгит-нәсиятлаўда ғалаба хабар қуралларының ролин күшейтиў, лаўазымлы шахслар хәм пуқараларда нызамға ҳәм де ҳуқыққа болған ҳүрмет сезимин күшейтиў, ҳуқықбузарлықлар профилактикасының нәтийжелилигин тәми­йинлеў болып есапланады.

Исатай АЛДАБЕРГЕНОВ,

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги

Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери бөлими бас мәсләҳәтшиси,

2-дәрежели юрист.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF