Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:51:20, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ МЕКТЕПКЕ ШЕКЕМГИ БИЛИМЛЕНДИРИЎ СИСТЕМАСЫН 2030-ЖЫЛҒА ШЕКЕМ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ КОНЦЕПЦИЯСЫН ТАСТЫЙЫҚЛАЎ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Өткен дәўир ишинде елимизде өсип киятырған әўладты саламат ҳәм ҳәр тәреплеме жетик камалға келтириў, тәлим-тәрбия процесине нәтийжели билимлендириў ҳәм тәрбия формалары менен усылларын енгизиўге қаратылған мектепке шекемги билимлендириўдиң нәтийжели системасын шөлкемлестириў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.

Мектепке шекемги билимлендириў тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң санын көбейтиў ҳәм олар көрсететуғын хызметлердиң түрлерин кеңейтиў ушын беккем тийкар болды.

Соның менен бирге, алып барыл­ған таллаў, балалардың  мектепке шекемги билимлендириўине қамтылыўын тәмийинлеў, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин заманагөй оқыў-методикалық материаллар ҳәм көркем әдебиятлар менен толықтырыў, тараўға қәнигели педагог ҳәм басқарыў кадрларын тартыў мәселелерин шешиў зәрүрлигин көрсетпекте.

Мектепке шекемги билимлендириў системасын буннан былай да жети­лис­тириў, балалардың сапалы мектепке шекемги билимлендириўден пайдаланыўын тәмийинлеў, мектепке шекемги билимлендириў хызметлериниң мәмлекетлик емес секторын раўажландырыў мақсетинде, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 30-сентябрьдеги «Мектепке шекемги билимлендириў системасын басқарыўды жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3955-санлы қарарына муўапықF

  1. Төмендегилер:

а) Өзбекстан Республикасы мектепке шекемги билимлендириў системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясы (кейинги орынларда — Концепция) 1-қосымшаға муўапық, төмендегилерди нәзерде тутқан ҳалда:

мектепке шекемги билимлендириў тараўындағы нормативлик-ҳуқықый базаны буннан былай да жетилистириў;

мектепке шекемги жастағы балалардың ҳәр тәреплеме интеллектуаллық, ақылый, эстетикалық ҳәм физикалық жақтан раўажланыўы ушын шараятлар жаратыў;

балалардың сапалы мектепке шекемги билимлендириў менен қамтылыўын кеңейтиў, оннан теңдей пайдаланыў имканиятларын тәмийинлеў, бул тараўда мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў;

мектепке шекемги билимлендириў системасына инновацияларды, алдын­ғы педагогикалық ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў;

мектепке шекемги билимлендириўди басқарыў системасын жетилистириў, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң жумысын қаржыландырыўдың ашық-айдынлығын ҳәм нәтийжелилигин тәмийинлеў;

мектепке шекемги билимлендириў системасына мектепке шекемги билимлендириў хызметкерлерин таярлаў, қайта таярлаў, қәнигелигин арттырыў, таңлап алыў ҳәм раўажландырыўға пүткиллей жаңа қатнас жасаўды енгизиў;

мектепке шекемги билимлендириў мәкемлеринде балалардың саламат ҳәм балансластырылған аўқатланыўын, сапалы медициналық бағылыўын тәмийинлеў;

б) Өзбекстан Республикасы мектепке шекемги билимлендириў системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын 2019-жылы әмелге асырыў бойынша «Жол картасы» (кейинги орынларда — «Жол картасы») 2-қосымшаға муўапық;

в) 2019-2024-жылларда Өзбекстан Республикасы мектепке шекемги билимлендириў системасын раўажландырыўдың мақсетли көрсеткишлери 3-қосымшаға муўапық;

г) 2025-2030-жылларда Өзбекстан Республикасы мектепке шекемги билимлендириў системасын раўажландырыўдың мақсетли көрсеткишлери 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Концепция ерисилген нәтийжелер, мақсетли көрсеткишлер ҳәм тийисли дәўирге белгиленген тийкарғы бағдарлардан келип шыққан ҳалда ҳәр жылы тастыйықланатуғын өз алдына «Жол картасы» тийкарында басқышпа-басқыш әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги:

ҳәр жылы 1-декабрьге шекем өтип атырған жылдың «Жол картасы» орынланыўының жуўмақларын ҳәр тәреплеме үйрениў тийкарында кейинги жыл ушын «Жол картасы»н ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин;

«Жол карталары»ның орынланыўы үстинен турақлы мониторинг алып барсын.

  1. Усы қарарда нәзерде тутылған илажларды қаржыландырыў дәреклери етип төмендегилер белгиленсин:

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қаржылары;

Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў жанындағы Мектепке шекемги билимлендириўди раўажландырыў қорының қаржылары;

физикалық ҳәм юридикалық шахслардың қайырқомлық қаржылары;

халықаралық финанс шөлкемлериниң, сырт еллердиң ҳәм басқа да донорлардың кредитлери (қарызлар), грантлары ҳәм техникалық жәрдемлесиў қаржылары;

нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да қаржылар.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қаржыларының ҳәр жыллық параметрлерин қәлиплестириўде ажыратылатуғын бюджет қаржылары шеңберинде мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин қаржыландырыў ҳәм олардың материаллық-техникалық базасын раўажландырыў ушын қаржыларды нәзерде тутсын.
  2. Төмендегилерге:

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимовқа — жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың Концепция және «Жол картасы»н орынлаў бойынша жумысы ҳәм өз-ара бирге ислесиўин нәтийжели шөлкемлестириў, «Жол карталары» орынланыўын мониторинг етиў даўамында анықланған кемшиликлерди өз ўақтында сапластырыў;

Өзбекстан Республикасы мектепке шекемги билимлендириў министри А.В.Шинге – Концепция ҳәм «Жол картасы»нда нәзерде тутылған илажларды өз ўақтында, сапалы ҳәм толық орынлаў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуника­циялар агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги және Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ғалаба хабар қуралларында усы қарардың мақсетлери менен ўазыйпаларын кеңнен сәўлелендириў бойынша шығыўлар ҳәм тематикалық көрсетиўлер шөлкемлестирсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў минис­трлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйым­лар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Минис­трлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

 

        Өзбекстан Республикасы Президенти   Ш.МИРЗИЁЕВ.

        Ташкент қаласы, 2019-жыл 8-май.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF