Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:45:07, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МЕДИЦИНАЛЫҚ  ҲӘМ  ФАРМАЦЕВТИКАЛЫҚ  БИЛИМЛЕНДИРИЎДИ  ҲӘМ  ИЛИМ СИСТЕМАСЫН  БУННАН  БЫЛАЙ  ДА  РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ  ИЛАЖЛАРЫ  ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Мәмлекетимизде миллий медициналық ҳәм фармацевтикалық билимлендириўди модернизациялаў, бул тараўға халықаралық билимлендириў стандартларын енгизиў, халықтың саламатлығын қорғаўдың әҳмийетли машқалалары бойынша комплексли илимий изертлеўлер алып барыў, сондай-ақ, билим алып атырған жасларға руўхый әдеп-икрамлылық тәрбия бериўдиң нәтийжели системасын жаратыў бойынша избе-из илажлар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, республиканың алыс ҳәм жетип барыў қыйын болған аймақларында улыўма әмелият врачлары және тар қәнигелердиң жетиспеўи, медициналық оқыў орынларындағы зәрүр болған әмелий таярлықтың жетерли болмай атырғаны, сондай-ақ, үзликсиз кәсиплик билимлендириўди шөлкемлестириўдиң заманагөй түрлери менен усылларының төмен дәрежеде енгизилиўи медицина ҳәм фармацевтика кадрларын таярлаў, орта мүддетли ўақытта оны раўажландырыўдың перспективалы бағдарларын белгилеў системасын және де жетилистириў бойынша кешиктирип болмайтуғын илажлардың қабыл етилиўин талап етпекте.

2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ҳәм 2019-2025-жылларда Өзбекстан Республикасының денсаўлықты сақлаў сис­темасын раўажландырыў концепциясы ўазыйпаларына муўапық, сондай-ақ, медициналық ҳәм фармацевтикалық билимлендириўди ҳәм илим системасын буннан былай да жетилистириў, оның әмелий денсаўлықты сақлаўға интеграцияланыўын тәмийинлеў және медициналық жәрдем көрсетиў дәрежесин арттырыў мақсетинде:

  1. Төмендегилер медициналық ҳәм фармацевтикалық билимлендириўи ҳәм илимди және де раўажландырыўдың ең әҳми­йетли бағдарлары деп есаплансын:

бирлемши медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелери ушын улыўма әмелият врачлары арасынан талап жоқары болған тар қәнигеликлер бойынша шыпакерлерди таярлаўды шөлкемлестириў;

медицина ҳәм фармацевтика кадр­ларын таярлаў ҳәм үзликсиз кәсиплик билимлендириў процесс­лерине оқытыўдың кредит-модуль системасын енгизиў;

медицина ҳәм фармацевтика кадрларының қәнигелигин арт­тырыў ҳәм қайта таярлаў системасының орайластырылыўын сапластырыў, олардың үзликсиз кәсиплик билимлендириў менен толық қамтып алыныўын тәмийинлеў;

медицина ҳәм фармацевтика кадр­ларын қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў курсларында оқытыў процесслерин мониторинг етиў және жеке есапқа алыўды тәмийинлеў;

медицина ҳәм фармацевтика илимин, сондай-ақ, денсаўлықты сақлаў тараўындағы инновацияларды дүнья дәрежесине шекем раўажландырыў, олардың глобаллық илимий майданға интеграцияланыўын тәмийинлеў;

кадрларды таярлаў, билимлендириў, илим ҳәм әмелиятты интеграциялаўдың үзликсизлигин тәмийинлеў мақсетинде медицина ҳәм фармацевтика мәкемелериниң клиникаларын, оқыў және оқыў-өндирислик базаларын раўажландырыў.

  1. Төмендегилер;

Медициналық ҳәм фармацевтикалық билимлендириўди ҳәм илим системасын буннан былай да раўажландырыў бойынша әмелий илажлардың режеси 1-қосымшаға муўапық;

2025-жылға шекем медициналық ҳәм фармацевтикалық билимлендириў ҳәм илимди раўажландырыў бойынша әмелий сапаны баҳалаў индикаторлары 2-қосымшаға муўапық;

Медициналық ҳәм фармацевтикалық жоқары билимлендириў бағдарлары, оқытыў мүддетлери ҳәм питкериўшилерге берилетуғын квалификациялардың дизими 3-қосымшаға муўапық;

Орта арнаўлы медициналық билимлендириў бағдарлары, оқытыў мүддетлери ҳәм питкериўшилерге берилетуғын квалификациялардың дизими 4-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў системасы медицина ҳәм фармацевтика кадр­ларын таярлаў, қайта таярлаў ҳәм үзликсиз кәсиплик билимлендириў мәкемелериниң шөлкемлестириўшилик структурасы 5-қосымшаға муўапық тасты­йықлансын.

  1. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги медициналық ҳәм фармацевтикалық билимлендириў ҳәм илим тараўындағы ўәкилликли уйымы етип белгиленсин.

Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигине төмендеги ҳуқықлар берилсин:

белгиленген тәртипте мәмлекетлик билимлендириў стандартларын ислеп шығыў, оқыў процесиниң әмелият ҳәм алдынғы халықаралық тәжирийбеге интеграцияласыўын тәмийинлеўди есапқа алған ҳалда медицина және фармацевтика кадр­ларын таярлаў, қайта таярлаў ҳәм үзликсиз кәсиплик билимлендириў системасының квалификация талаплары, оқыў жобалары ҳәм оқыў бағдарламаларын тастыйықлаў;

медициналық ҳәм фармацевтикалық билимлендириў бағдарлары ҳәм қәнигеликлери классификаторларына өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине бийғәрез түрде усыныслар киргизиў;

тек ғана оқыў ҳәм әмелият характерине ийе илажлар бойынша жумыс ўақтын есапқа алыўға сүйенген ҳалда медициналық ҳәм фармацевтикалық билимлендириўдиң (соның ишинде, кредит-модульли оқытыў системасы шараятында) өзине тәнлигин есапқа ала отырып, бийғәрез түрде профессор-оқытыўшылардың мийнет нормаларын белгилеў, сондай-ақ, педагогикалық хызметкерлер тәрепинен илимий-методикалық, илимий-изертлеў, шөлкемлестириўшилик-методикалық, әдеп-икрамлылық ҳәм тәр­биялық жумыслардың орынланыўын хошаметлеў;

үзликсиз кәсиплик билимлендириў системасында медицина ҳәм фармацевтика кадрларын қайта таяр­лаў ҳәм қәнигелигин арттырыў процесслери үстинен бирден-бир шөлкемлестириўшилик ҳәм оқыў-методикалық басшылықты тәми­йинлеў;

оқытыўдың улыўма қәрежетлеринен келип шыққан ҳалда клиникалық ординатура (резидентура)да төлем-контракт тийкарында оқытыў баҳасының муғдарын белгилеў.

  1. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлигиниң талап жоқары болған тар қәнигеликлер бо­йынша шыпакерлерди денсаўлықты сақлаўдың бирлемши медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелери ушын бир жылдан кем болмаған мүддетте бирлемши мақсетли қәнигелестириў курсларында таярлаўды шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы қабыл етилсин.

Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

бирлемши мақсетли қәнигелестириў курсларына Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў минис­трлиги системасындағы мәмлекетлик медициналық мәкемелер ҳәм аймақлық денсаўлықты сақлаў шөл­кемлери тәрепинен тийисли тараўларда кадрлардың жетиспеўшилигин есапқа алған ҳалда қәлиплестирилетуғын талапнамаларға тийкарланып улыўма әмелият шыпакерлери қабыл етиледи;

шыпакерлерди бирлемши мақсетли қәнигелестириў Ташкент врачлардың қәнигелигин арттырыў инс­титуты ҳәм медициналық жоқары билимлендириў мәкемелеринде оларды тәмийинлеп барыў ушын ажыратылған бюджет қаржылары шеңберинде әмелге асырылады;

бирлемши мақсетли қәнигелестириў курсларының жуўмағында шыпакерлерге алынған қәнигелик бо­йынша тек ғана денсаўлықты сақлаўдың бирлемши медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелеринде жумыс алып барыў ҳуқықын беретуғын белгиленген үлгидеги сертификат бериледи;

бирлемши мақсетли қәнигелестириў курсларын тамамлаған шыпакерлер оларды оқыўға жоллаған мәкемеде ийелеген тар қәнигелик бойынша кеминде үш жыл жумыс ислеп бериўи шәрт;

талап етилетуғын қәнигеликлер бойынша шыпакерлерди бирлемши мақсетли қәнигелестириў курсларында оқытыўдың тәртиби, бағдарламалары ҳәм мүддетлери, шахсларды бирлемши мақсетли қәнигелестириў курсларына сайлап алыў квоталары ҳәм тәртиби Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен белгилеп бериледи.

  1. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги:

а) 2019-2020-оқыў жылынан баслап медицина ҳәм фармацевтика кадрлары ушын машқалаларға бағдарланған модульли оқыў бағдарламалары, семинар, конференция, вебинар, шеберлик сабақлары, симуляциялық тренинглер ҳәм басқа да оқытыў курсларының тийкарында ҳәр жылы қәнигелигин арттырыўды нәзерде тутатуғын кредит-модульли оқытыў системасына тийкарланған, үзликсиз кәсиплик билимлендириў системасын енгизсин;

б) медицина ҳәм фармацевтика кадрларын үзликсиз кәсиплик билим алыўы системасы тийкарында оқытыў ҳуқықы белгиленген тәртипте аккредитациядан өткен төмендеги мәкемелерге усыныс етилсин:

медициналық ҳәм фармацевтикалық, соның ишинде, мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў мәкемелери;

республикалық қәнигелестирилген илимий-әмелий медициналық ҳәм илимий орайлары, олардың филиаллары, илимий-тексериў инс­титутлары;

аймақлық көп тармақлы медицина орайлары.

Үзликсиз кәсиплик билимлендириў системасы тийкарында оқытыў нәтийжелери бойынша шыпакерлер ҳәм провизорларды жеке тәртипте лицензиялаўда есапқа алынатуғын, жыйналған кредитлерди инабатқа алатуғын белгиленген үлгидеги сертификат берилетуғыны белгилеп қойылсын;

в) 2019-жыл 1-декабрьге шекем Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң рәсмий веб-сайтында қәнигелигин арттырыў ҳәм қайта таярлаў курсларында билим алып атырған ҳәр бир медицина ҳәм фармацевтика хызметкерин мониторинг етиў және оқытыў көлемин жеке есапқа алыў имканиятын тәмийинлейтуғын «Үзликсиз кәсиплик билимлендириў» арнаўлы порталын жаратсын.

  1. Үзликсиз кәсиплик медициналық билимлендириўде жыйналатуғын кредитлердиң көлеми 6-қосымшаға муўапық белгиленсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң кадрларды үзликсиз таярлаўды тәмийинлеў, сондай-ақ, билимлендириў ҳәм илим процесслерин медициналық әмелият пенен интеграциялаў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин, онда төмендегилер нәзерде тутылсынF

Ташкент медицина академиясының биринши, екинши ҳәм үшинши клиникалары тийкарында заманагөй медициналық билимлендириў кластерин жаратыў арқалы Ташкент медицина академиясының Көп тармақлы клиникасын шөлкемлестириў;

медициналық ҳәм фармацевтикалық жоқары билимлендириў мәкемелериниң  структурасына бюджеттен тысқары қаржылар есабынан қаржыландырылатуғын емлеў (әмелият) жумыслары бойынша проректоры (директор орынбасары) лаўазымын ҳәм еки штат бирликлеринен ибарат клиникалық (оқыў) базалары менен ислесиў бөлимин шөлкемлестириў;

медициналық жоқары билимлендириў мәкемелеринде бюджет ҳәм бюджеттен тысқары қаржылар есабынан тәмийинленетуғын анато­миялық морглар, оқыў-биологиялық лаборатория (виварий)лар ҳәм илимий-изертлеў лабораторияларын шөлкемлестириў;

Ташкент врачлардың қәнигелигин арттырыў институты ҳәм медициналық жоқары билимлендириў мәкемелеринде оқыў-симуляциялық орайларды шөлкемлестириў.

Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги еки ай мүддетте усы бәнтте нәзерде тутылған медициналық шөлкемлерди қайта шөлкемлестириў бойынша шөлкемлестириўшилик-әмелий илажларды әмелге асырсын.

  1. а) медициналық жоқары билимлендириў мәкемелериниң клиникалары:

медициналық жоқары билимлендириў мәкемелериниң структуралық бөлимлери ҳәм клиникалық пәнлерди оқытыў ушын тийкарғы база болып есапланатуғыны, сондай-ақ, кафедра хызметкерлери менен биргеликте оқыў процесин шөлкем­лестиретуғыны, халыққа қәнигелес­тирилген хызмет көрсететуғыны, медицина тараўында илимий-тексериў изертлеўлерин алып барыўда белсене қатнасатуғыны;

клиниканың шыпакер хызметкерлер қурамын қәлиплестириўде медициналық жоқары билимлендириў кафедралары профессор-оқытыўшыларының саны 50 проценттен кем болмаўын тәмийинлейтуғыны;

медициналық жоқары билимлендириў мәкемелери кафедраларының хызметкерлерин сабақлық кестеси ҳәм оқыў жобаға муўапық жетерли оқыў бөлмелери, сондай-ақ, педагогикалық және илимий-тексериў жумысы ушын шараятлар менен тәмийинленетуғыны;

б) медициналық билимлендириў мәкемелери клиникаларының бас шыпакерлери:

жасырын даўыс бериў жолы арқалы жоқары билимлендириў мәкемеси Кеңесиниң усынысына бола, Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымнан азат етилетуғыны;

кафедра хызметкерлериниң толық түрде билимлендириў, емлеў-диагностика ҳәм илимий жумысын шөлкемлестириўди тәмийинлеў бо­йынша жеке жуўапкер есапланатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. 2019-2020-оқыў жылынан баслап;

Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри тәрепинен тастыйықланатуғын дизим бойынша, республиканың алыс ҳәм жетип барыў қыйын болған аймақларындағы бирлемши денсаўлықты сақлаў буўынлары мәмлекетлик мәкемелеринде үш жылдан кем болмаған мүддетте жумыс ислеп берген шыпакерлерге клиникалық ординатураға (резидентураға) кириўде таңлаў сынақларының нәтийжелери бойынша топланған баллар суммасынан 30 процент муғдарында қосымша баллар усынылатуғыны;

медициналық жоқары билимлендириў мәкемелери, қәнигелигин арт­тырыў институтлары, республикалық қәнигелестирилген илимий-әмелий медицина орайлары, илимий-тексериў институтлары ҳәм олардың филиаллары қаржыларының бюджет сметаларында нәзерде тутылған қаржылар шеңберинде, сондай-ақ, төлем-контракт тийкарында клиникалық ординаторлар (резидентлер)ды оқытыўдан түсетуғын қаржылар есабынан клиникалық ординатор (резидент) басшысына бир жылда 100 саат есабынан бир клиникалық ординатор (резидент)ға басшылық ушын саатлық төлемлер төленетуғыны белгиленсин.

Медициналық жоқары билимлендириў мәкемелериниң басшыларына сабақ бериў жумысында қатнасыўы ушын емлеў-профилактикалық мәкемелеринен тартылатуғын  маман қәнигелерге төлем-контракт тийкарында оқыўға кирип атыр­ғанлардың қаржылары есабынан лаўазымлық айлығына 100 процентке шекем болған муғдарда ҳәр айлық жеке үстемелер белгилеў ҳуқықы берилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте:

кредит-модульли оқытыў системасын енгизиў арқалы жоқары медициналық ҳәм фармацевтикалық билимлендириў мәмлекетлик билимлендириў стандартлары, медицина және фармацевтика кадрларының қәнигелигин арттырыў, қайта таярлаў мәмлекетлик талапларын ислеп шығыў;

билимлендириў процесинде клиникаға шекем ҳәм клиникалық модульлер, соның ишинде, клиникалық оқыў әмелияты бойынша оқыў саатларын арттырыў есабынан әмелий структуралық бөлегин күшейтиў;

кредит-модуль системасын енгизиў арқалы магистратура ҳәм клиникалық ординатура (резидентура)да ийеленип атырған көнликпелердиң қыйынлығына байланыслы  билим бериў мүддетлерин оптималластырыў арқалы оқытыў процесин жетилистириў;

алдынғы сырт ел тәжирийбесин есапқа алған ҳалда, оқытыў дәўири ушын кредитлердиң нормаларын ислеп шығыў ҳәм енгизиў, сондай-ақ, 100 баллық рейтинг системасын қолланған ҳалда оқыўшы және студентлердиң ҳәр бир модуль бойынша билим ҳәм көнликпелери өзлестирилиўин қадағалаўды тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги:

халықаралық финанс институтларының қаржылары, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың қа­йырқомлықлары, сондай-ақ, медицина ҳәм фармацевтика мәкемелериниң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан 2020-жылдан баслап ҳәр жылы медициналық ҳәм фармацевтикалық жоқары билимлендириў мәкемелериниң талаплары ҳәм медицина колледжлериниң оқыўшылары арасында клиникалық пәнлер бойынша Ибн Сино атындағы халықаралық медициналық олимпиадалар, сондай-ақ, жас илимпазлар арасында Ибн Сино атындағы халықаралық илимий таңлаўлар өткерилиўин тәмийинлесин;

ҳәр жылы 1-сентябрьге шекем мәмлекетлик медицина мәкемелери ҳәм аймақлық денсаўлықты сақлаўды басқарыў шөлкемлериниң талапнамалары тийкарында республика аймақлары кесиминде медицина ҳәм фармацевтика кадрларын қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў системасы мәкемелери ҳәм бөлимлери ушын үзликсиз кәсиплик билимлендириў курсларында оқытыў режелерин тастыйықласын.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги бир ай мүддетте медициналық ҳәм фармацевтикалық билимлендириў мәкемелери, республикалық илимий-әмелий орайлары ҳәм олардың филиаллары, илимий-изертлеў институтлары ушын жеңиллетилген жоқары тезликтеги интернет-тарифлерин енгизиў бо­йынша комплексли илажлардың жобасын ислеп шықсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 5-майдағы «Өзбекстан Республикасында медициналық билимлендириў системасын буннан былай да реформалаў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-2956-санлы қарарының 2-бәнти екинши абзацы ҳәм 3-бәнти, сондай-ақ, қосымшасы өз күшин жо­йытқан деп есаплансын.
  3. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте:

медициналық жоқары билимлендириў мәкемелериниң клиникалары, фармацевтикалық билимлендириў мәкемелериниң оқыў ҳәм оқыў-әмелият базаларының үлги режесин тас­тыйықлаў ҳаққындағы ҳүкимет қарары жойбарын;

нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққындағы усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимовқа жүкленсин.

 

        Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

        Ташкент қаласы, 2019-жыл 6-май.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF