Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:32:32, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

РУЎХЫЙ-АҒАРТЫЎШЫЛЫҚ  ЖУМЫСЛАРДЫҢ  НӘТИЙЖЕЛИЛИГИН АРТТЫРЫЎ  БОЙЫНША ҚОСЫМША  ИЛАЖЛАР  ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Елимизде руўхый-ағартыўшылық жумысларды системалы шөлкемлестириў, бул бағдарда әмелге асырылып атыр­ған илажлардың нәтийжелилигин арттырыў, халықтың, әсиресе, жаслардың интеллектуаллық потенциалы, ой-пикири ҳәм дүньяға көзқарасын кеңейтиў, идеоло­гиялық иммунитетти беккемлеў, Ўатансүйиўшилик, халыққа сүйиспеншилик ҳәм садықлық сезими менен жасайтуғын бәркамал әўладты тәрбиялаўға айрықша итибар қаратылмақта.

Соның менен бирге, дүньяда идея­лық-идеологиялық гүреслер кескин даўам етип атырған, руўхый қәўип-қәтерлер күшейип атырған ҳәзирги дәўирде жаслар арасында миллий қәдириятларды писент етпеў, зыянлы жат идеялардың тәсирине берилиў, жынаятшылық ҳәм экстремизм ҳәрекетлерине адасып қосылып қалыў жағдайлары елеге шекем ушыраспақта.

Руўхый-ағартыўшылық жумысларының тәсиршеңлигин арттырыў, руўхыйлық тараўындағы ишки ҳәм сырт­қы қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў, жәмийетте идеологиялық иммунитетти беккемлеў, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң бул бағдардағы жумысына жақыннан жәрдемлесиў мақсетинде:

  1. Төмендегилер Республикалық Руўхый-ағартыўшылық кеңеси (кейинги орынларда Республикалық кеңес деп аталады) жумысының тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:

халықтың арасында белсенди пуқаралық позицияны қәлиплестириў, жәмийетте миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға тийкарланған демократиялық принциплерди орнатыў;

елимизде әмелге асырылып атыр­ған сиясий, экономикалық, социаллық, руўхый-ағартыўшылық реформалардың, қабыл етилип атырған нызам ҳүжжетлериниң мазмун-әҳмийетин кең жәмийетшиликке нәтийжели жеткериў;

шаңарақ, мәҳәлле, билимлендириў мәкемелери ҳәм мийнет жәмәәтлеринде социаллық-руўхый орталықты үйрениў ҳәм саламатландырыўға қаратылған жумысқа қатнасыў, «мәҳәлле-район-ўәлаят-республика» принципи тийкарында аймақлар кесиминдеги социаллық-руўхый орталық картасын қәлип­лестириў, бул процесске заманагөй мәлимлеме-коммуникация техноло­гияларын кеңнен енгизиў;

«Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық» идеясы тийкарында жәми­йетте үзликсиз руўхый-ағартыўшылық тәрбия ҳәм үгит-нәсиятлаў жумысларын шөлкемлестириўдиң стратегиялық бағдарларын, тәсиршең, креатив ҳәм инновациялық усылларды ислеп шығыў;

тынышлық ҳәм парахатшылыққа, мәмлекетимиздиң турақлы раўажланыўына, қәдирият ҳәм үрп-әдетлерге және адамгершилик идеяларына қәўип туўдыратуғын ҳәр қыйлы ишки ҳәм сырт­қы қәўип-қәтерлерге қарсы нәтийжели үгит-нәсиятлаў жумысларын алып барыў;

халықтың социаллық-руўхый турмысында дөретиўшилик идеяларын күшейтиў, диний кеңпейиллик ҳәм миллетлер аралық татыўлық орталығын буннан былай да беккемлеў.

  1. Өзбекстан Республикасында руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин буннан былай да арт­тырыў, халықтың интеллектуаллық потенциалын ҳәм дүньятанымын кеңейтиўге, идеологиялық иммунитетти беккемлеўге байланыслы илажлар бағдарламасы (кейинги орынларда — Илажлар бағдарламасы) 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Республикалық Руўхый-ағартыўшылық кеңесиниң қурамы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  3. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәм районлар (қалалар) ҳәкимлери — Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлық, Ташкент қалалық ҳәм районлық (қалалық) Руўхый-ағартыўшылық кеңеслериниң (кейинги орынларда — аймақлық кеңеслердиң) баслықлары он күн мүддетте аймақлық кеңеслердиң қурамын қайта тастыйықласын.
  4. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

Республикалық кеңестиң мәжилисин бир жылда бир мәрте Республикалық кеңестиң баслығы, басқа ўақытларда болса зәрүрликке қарай Республикалық кеңес баслығының орынбасарлары тәрепинен өткериледи;

аймақлық кеңеслердиң мәжилислери аймақлық кеңеслердиң баслықлары тәрепинен ҳәр ярым жылда бир мәрте өткериледи;

 Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы (кейинги орынларда — Орай) Республикалық кеңестиң, оның аймақлық бөлими ҳәм бөлимшелери тийисли аймақлық кеңеслердиң жумысшы уйымы есапланады.

  1. Орай:

а) Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў минис­трлиги, Халық билимлендириў минис­трлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм «Шаңарақ» илимий-әмелий изертлеў орайы менен биргеликте үш ай мүддетте төмендегилерди нәзерде тутқан ҳалда, Үзликсиз руўхый тәрбия концепциясының жойбарын ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин:

руўхый тәрбияны баҳалаўдың илимий тийкарланған индикаторлары;

бала тәрбиясында миллий тәрбия методлары ҳәм заманагөй педагогиканың алдынғы жетискенликлеринен нәтийжели пайдаланыў формалары;

руўхый тәрбияны қәлиплестириўде шаңарақ, билимлендириў мәкемелери, мәҳәлле, ғалаба хабар қураллары ҳәм басқа да социаллық структуралар арасында нәтийжели бирге ислесиўди орнатыў механизмлери;

тәрбияланыўшылар менен бирге тәрбияшылардың да билимин ҳәм қәнигелигин турақлы арттырып барыўды нәзерде тутатуғын үзликсиз руўхый тәрбия системасы;

руўхый тәрбияны қәлиплестириўдиң ҳәмиледарлық дәўиринен басланыўы ҳәм тәрбияның ҳәр бир басқышындағы өзине тән өзгешеликлери;

руўхый тәрбияның басқышпа-басқыш раўажланыўы ҳәм үзликсизлик принциплерине тийкарланыўы;

б) Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша республикалық кеңес, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, «Шаңарақ» илимий-әмелий изертлеў орайы менен биргеликте еки ай мүддетте төмендегилерди нәзерде тутқан ҳалда, Жәми­йетте социаллық-руўхый орталықтың жағдайын анықлаў ҳәм мәнзилли саламатландырыў методикасы жойбарын ислеп шықсын ҳәм Республикалық кеңеске киргизсин:

аймақлардағы социаллық-руўхый орталықтың жағдайын үйме-үй жүрип анықлаў, системалы мониторинг ҳәм таллаўда заманагөй мәлимлеме-коммуникация қуралларынан пайдаланыў формалары;

таллаў нәтийжелерин «мәҳәлле-район-ўәлаят-республика» принципи тийкарында аймақлар кесиминдеги социаллық-руўхый орталықтың картасында сәўлелендириў тәртиби;

социаллық, экономикалық ҳәм психологиялық машқалаларды сапластырыўға қаратылған мақсетли ҳәм мәнзилли үгит-нәсиятлаў жумысларын әмелге асырыўға байланыслы усыныслар;

халықтың идеологиялық иммунитетин беккемлеўге қаратылған инновациялық методларды жаратыў, илимий-әмелий бағдарламаларды әме­лият­қа енгизиў механизми;

в) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар, ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен бирге үш ай мүддетте Орайдың аймақлық бөлимлери ҳәм бөлимшелериниң хызметкерлери, мәмлекетлик уйымлардың және басқа да шөлкемлердиң руўхый-ағартыўшылық жумыслар ушын жуўапкер хызметкерлерин Орай жанындағы «Мәнаўият үгит-нәсиятшысы» билимлендириў мәкемесинде системалы түрде оқытыў әмелиятын енгизсин.

  1. Өзбекстан Миллий телерадио­компаниясына:

«Madaniyat va ma’rifat» телеканалын Орай, оның аймақлық бөлимлериниң жумысын сәўлелендириў мәселелери бойынша Республикалық кеңестиң бас мәлимлеме шериги етип белгилеў;

Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациясы, Халықаралық пресс-клуб ҳәм басқа да ғалаба хабар қураллары менен биргеликте халықтың интеллектуаллық потенциалын ҳәм дүньятанымын байытыўға, идеологиялық иммунитетти беккемлеўге, бәркамал әўладты тәрбиялаўға қаратылған мақалалар, ток-шоулар, социаллық роликлер, көрсетиўлер, публицистикалық шығып сөйлеўлер ҳәм еситтириўлер шөлкемлестириў усыныс етилсин.

  1. Орай, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы ҳәм Журналистлер дөретиўшилик аўқамының руўхый-ағартыўшылық жумысларды әмелге асырыўдағы, жоқары социаллық-руўхый орталықты қәлиплестириўдеги жемисли мийнети ҳәм ибратлы жумысы ушын мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер хызметкерлерине тапсырылатуғын «Маънавият фидойиси» көкирек белгисин шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

Орай мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте «Маънавият фидойиси» көкирек белгисин шөлкемлестириў илажлары ҳаққындағы қарардың жойбарын белгиленген тәртипте Минис­трлер Кабинетине киргизсин.

  1. Орайдың жанында «Маърифат» үгит-нәсиятшылар жәмийети мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем тәризинде дүзилгени мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қорының қаржыларын басқарыў бойынша Парламентлик комиссияға «Маърифат» үгит-нәсиятшылар жәмийетин мәмлекетлик субсидия тәризинде қоллап-қуўатлаў усыныс етилсин.

  1. 2019-жыл 1-июньнен бирден-бир тариф сеткасы бойынша мийнетине ҳақы төлеўдиң тастыйықланған разрядлары бойынша Орай, оның аймақлық бөлимлери ҳәм бөлимшелери хызметкерлериниң лаўазымлық айлықларын анықлаўда тариф коэффициентлери 1,7 есеге көбейтилген муғдарда қолланылатуғыны белгилеп қойылсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Орай, оның аймақлық бөлимлери ҳәм бөлимшелери хызметкерлериниң мийнет ҳақы муғдарын көбейтиўге байланыслы болған қәрежетлер ушын 2019-жылғы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет параметрлери шеңберинде қаржы ажыратсын.
  3. Орай Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2016-жыл 7-октябрьдеги 336-санлы қарары менен тастыйықланған Басшылары хызметкерлерди Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятында турақлы прописка етиў ҳаққындағы өтиниш киргизиўи мүмкин болған мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, республикалық әҳмийеттеги басқа да мәмлекетлик шөлкемлердиң дизимине киргизилсин.
  4. Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа — Илажлар бағдарламасын әмелге асырыўда министрликлер, уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң жумысын муўапық­ластырыў және олардың өз ўақтында нәтийжели орынланыўы бойынша сис­темалы мониторинг орнатылыўы;

Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары Ф.Ш.Махмудовқа — Илажлар бағдарламасында белгиленген ўазыйпалардың толық әмелге асырылыўы, кейинги жыллар ушын нәзерде тутылған илажлар бағдарламалары өз ўақтында  ҳәм сапалы ислеп шығылыўының шөлкемлестирилиўи;

министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлерине — Илажлар бағдарламасында нәзерде тутылған ўазыйпалар орынланыўының дурыс шөлкемлестирилиўи және илажлардың мүддетинде ҳәм толық орынланыўы бойынша жуўапкершилик жүкленсин.

  1. Орай мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдуваҳитовқа жүкленсин.

        Өзбекстан Республикасы Президенти  Ш.МИРЗИЁЕВ.

        Ташкент қаласы, 2019-жыл 3-май.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF