Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:01:46, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚӘБИЛЕТЛИ  ЖАСЛАРДЫ  АНЫҚЛАЎ  ҲӘМ  ЖОҚАРЫ  МАМАН  КАДРЛАРДЫ ТАЯРЛАЎДЫҢ  ҮЗЛИКСИЗ  СИСТЕМАСЫН  ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ ИЛАЖЛАРЫ  ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Мәмлекетимизде перспективалы жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың қәбилетин жүзеге шығарыў, илимий-изертлеў ҳәм инновациялық жумысын нәтийжели жолға қойыў ушын қосымша шараятлар жаратыў бойынша избе-из илажлар әмелге асырылып келинбекте.

Соның менен бирге, өсип киятырған жас әўладтың илим ийелеўге бол­ған қызығыўшылығын ҳәм интеллектуаллық потенциалын арттырыў, сондай-ақ, халықаралық майданда мәмлекетимиздиң абырайын буннан былай да жоқарылатыў ушын қәбилетли жасларды анықлаў ҳәм жоқары маман кадр­ларды таярлаўдың үзликсиз системасын жетилистириў зәрүрлиги бар.

Жасларды әмелге асырылып атырған реформалардың қатнасыўшысына айландырыў, илимди өзлестириўге бол­ған умтылысын арттырыў, излениўшеңлик ҳәм дөретиўшилик жумысына кеңнен тартыў, дүнья жүзи көлеминде Ўатанымыздың данқын кеңнен таратқан ата-бабаларымызға мүнәсип әўладты тәрбиялаў мақсетинде: 

  1. Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги системасының белгиленген штатлар саны шеңберинде усы министрлик структурасында 14 штат бирлигинен ибарат Пән олимпиадалары бойынша қәбилетли оқыўшылар менен ислесиў департаменти (кейинги орынларда — Департамент) шөлкемлестирилсин.
  2. Төмендегилер Департаменттиң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

қәбилетли оқыўшы жасларды анықлаў, олардың жумысын илимий ҳәм методикалық жақтан тәмийинлеп барыў, тараўда алдынғы тәжирийбелерди ғалаба ен жайдырыў және солар тийкарында билимлендириў мәкемелери ушын усыныслар ҳәм қолланбалар ислеп шығыў;

улыўма орта билим бериў мектеплери, академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлериниң оқыўшылары арасында жергиликли ҳәм халықаралық, соның ишинде, мәмлекетлик емес  пән олимпиадаларын шөлкемлестириў, олардың халықаралық олимпиадаларда қатнасыўын тәмийинлеў;

жоқары маман қәнигелерди тарт­қан ҳалда олимпиадалар ушын турақлы жаңа қадағалаў материалларын ислеп шығыў;

халықаралық олимпиадалардың қатнасыўшыларын жоқары маман қәнигелер, соның ишинде, илимпазлар, профессор-оқытыўшылар, сырт ел қәнигелерин тартқан ҳалда таярлаў, инглис тили ҳәм рус тили пәнлеринен пикирлесиў көнликпелерин қәлиплестириў мақсетинде арнаўлы курслар шөлкемлестириў;

олимпиадаларда жоқары нәтийжелерди көрсеткен қәбилетли оқыўшылардың келешектеги жумысын мониторинг етип барыў ҳәм қоллап-қуўатлаў илажларын көриў.

  1. Төмендегилер:

Жеңимпазлары мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына тест сынақларысыз ҳәм қосымша имтихансыз қабыл етилетуғын халық­аралық олимпиадалардың дизими (кейинги орынларда — халықаралық олимпиадалар) 1-қосымшаға муўапық;

2019-жылы Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық ҳәкимликлери менен биргеликте өткерилетуғын қосымша республикалық олим­пиа­далардың дизими 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинети үш ай мүддетте мәмлекетлик билимлендириў стандартлары оқыў бағдарламалары ҳәм жобаларында белгиленген пәнлер және оларға ажыратылған оқыў саатларынан келип шыққан ҳалда тийкарғы олимпиадалар өткерилетуғын пәнлердиң дизимин тастыйықласын.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2019-2020-оқыў жылынан баслап:

тийкарғы олимпиадалардың республикалық басқышында 1-3 орынларды ийелеген қатнасыўшыларға қәнигелик пәни бойынша мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына кириў имтиханларында максимал балл алыў ҳуқықын беретуғын ҳәм үш жыл мүддет даўамында әмел ететуғын сертификат усынылады;

Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен Илимлер академиясы, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте жоқары оқыў орнына қабыл етилген олимпиада жеңимпазларына «устаз-шәкирт» системасы тийкарында тийисли тараўда жоқары нәтийжелерге ерискен маман қәнигелер бириктириледи.

  1. а) халықаралық олимпиадалардың жеңимпазлары ҳәм олардың оқытыўшылары ең кем айлық мийнет ҳақының төмендеги муғдарларында бир мәртелик ақшалай сыйлықлары менен сыйлықланатуғыны:

1-орын (алтын медаль) ушын — 500,  оқытыўшысына — 450 есеси;

2-орын (гүмис медаль) ушын — 300, оқытыўшысына — 250 есеси;

3-орын (бронза медаль) ушын — 200, оқытыўшысына — 150 есеси;

б) тийкарғы олимпиадалардың республикалық басқышы жеңимпазларының оқытыўшылары ең кем айлық мийнет ҳақының төмендеги муғдарларында бир мәртелик ақшалай сыйлықлары менен сыйлық­лана­туғыны:

1-орын ушын — 50 есеси;

2-орын ушын — 35 есеси;

3-орын ушын — 30 есеси;

в) халықаралық олимпиадалардың жеңимпазларын таярлаған оқытыўшылар ҳәм билимлендириў мәкемелериниң директорларына гезектеги оқыў жылы ушын директор қорынан алтын, гүмис ҳәм бронза медальлары бойынша тийислисинше қосымша 200, 175 ҳәм 150 процент­лик үстеме төленетуғыны;

г) билимлендириў мәкемелеринде оқытыўшы болып жумыс алып барып атырған:

халықаралық олимпиадалар жеңимпазларының лаўазымлық айлығына ҳәр айда 150 процент;

тийкарғы олимпиадалардың республикалық басқышы жеңимпазларының лаўазымлық айлығына ҳәр айда 100 процентлик үстеме ҳақы төленетуғыны;

д) жоқары билимлендириў мәкемесин тамамлаған олимпиада жеңимпазлары Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинети жанындағы Қәнигелерди сырт елде таярлаў ҳәм ўатанласлар менен қарым-қатнас жасаў бойынша «Ел-журт үмити» қоры тәрепинен қәлиплестирилетуғын перспективалы қәнигелердиң резервине киргизилетуғыны белгиленсин.

  1. Департамент Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайы менен биргеликте 2019-2020-оқыў жылынан баслап улыўма орта билим бериў мектеплериниң 4-11-класс, академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлериниң оқыўшылары ушын ҳәр шеректе онлайн тәризде олимпиадалар шөлкемлестириў арқалы қәбилетли оқыўшылардың резервин қәлиплестирсин ҳәм резервке киргизилген жаслар ушын Халық билимлендириў министрлигиниң веб-сайты арқалы ҳәр айда тереңлестирилген қадағалаў материаллары, соның ишинде, тест, жазба жумыслар ушын мәселелер жеткерип барылыўын тәмийинлесин.
  2. а) тийкарғы олимпиадаларды шөлкемлестириў ҳәм халықаралық олимпиадалар ушын қатнасыўшыларды танлап алыў және таярлаў қаржылары;

Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети қаржылары;

физикалық ҳәм юридикалық шахслардың қәўендерлик қайырқомлықлары, халықаралық финанс шөлкемлери ҳәм сырт мәмлекетлердиң грантлары және техникалық жәрдемлесиў қаржылары;

нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан;

б) оқыўшы жаслардың халықаралық олимпиадаларда қатнасыўын тәмийинлеўге байланыслы, соның ишинде, суткалық, жасаў ҳәм транспорт қәрежетлери Өзбекстан Жаслар аўқамының Раўажландырыў қорының қаржылары есабынан;

в) тийкарғы ҳәм халықаралық олимпиада жеңимпазлары және олардың оқытыўшыларына төленетуғын бир мәртелик ақшалай сыйлықлар ҳәм улыўма орта билим бериў мәкемелеринде оқытыўшы болып жумыс алып барып атырған олимпиадалар жеңимпазларының  лаўазымлық айлығына төленетуғын үстеме ҳақыларына байланыслы қаржылар Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги:

Халық билимлендириў тараўындағы реформаларға жәрдемлесиў қорының қаржылары есабынан 2019-жыл 1-август­қа шекем барлық басқыштағы олимпиадалар бойынша мағлыўматлар, соның ишинде, олмипиадалар ушын таңлап алынған қадағалаў материаллары, талантлы оқыўшылардың резерви, олимпиада қатнасыўшылары, жеңимпазлары, оларға бириктирилген оқытыўшылардың есабын жүргизетуғын мәлимлеме системасын иске түсирсин:

бир ай мүддетте Департаментке жүкленген ўазыйпаларды нәтийжели ҳәм жоқары профессионаллық дәрежеде орынлай алатуғын маман, терең билим ҳәм жоқары әдеп-икрамлылық пазыйлетлерине ийе хызметкерлер менен толықтырыў, материаллық-техникалық базасын қәлиплестириў илажларын көрсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм қурамында жоқары билимлендириў мәкемелери бар бол­ған министрликлер және уйымлар Халық билимлендириў министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте оқыўшы-жаслардың интеллектуаллық потенциалын көрсетиўге қосымша шараятлар жаратыў мақсетинде жоқары оқыў орынлары тәрепинен ҳәр жылы өткерилетуғын жоқары билимлендириў мәкемелери олимпиадаларының жоба-кестесин тастыйықласын.
  2. Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайы үш ай мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын улыўма орта билим бериў мектеплери, академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлериниң оқыўшылары арасында пән олимпиадаларын шөлкемлестириў, өткериў ҳәм халық­аралық олимпиадалардың қатнасыўшыларын сайлап алыў тәртибин ислеп шықсын және тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин:

қәбилетли оқыўшылардың резервине киргизилген оқыўшы-жаслар олимпиадалардың тиккелей ўәлаятлық басқышында қатнасыўы, олимпиадалардың ўәлаятлық ҳәм республикалық бас­қышы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер және ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасыўында өткерилип, Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў минис­трлигиниң веб-сайты арқалы онлайн түрде тиккелей көрсетилиўи;

олимпиадалар ашық ҳәм объектив түрде өткерилиўи, нәтийжелери олар өткерилген күнниң өзинде жәрияланыўы;

жоқары оқыў орынларына қабыл етилген олимпиада жеңимпазларына «устаз-шәкирт» системасы тийкарында тийисли тараўда жоқары нәтийжелерге ерискен маман қәнигелердиң бириктирилиўи;

тийкарғы олимпиадалардың республикалық басқышының жеңимпазларына мәмлекетлик жоқары билимлендириў орынларына кириў имтиханларында максимал балл алыў ҳуқықын усынатуғын сертификат берилиўи;

барлық басқыштағы олимпиада нәтийжелери, соның ишинде, қатнасыўшылар ҳаққында мағлыўмат, олардың жазба жумыслары толық мәлимлеме системасына киргизилиўи ҳәм Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң веб-сайтында жәрияланыўы.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 5-сентябрьдеги «Халық билимлендириў системасын басқарыўдың жаңа тәртиплерин енгизиў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3931-санлы қарарына 3-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуника­циялар агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ғалаба хабар қуралларында усы қарардың мақсет ҳәм ўазыйпаларын кеңнен сәўлелендириўди шөлкемлестирсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдуваҳитовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимовқа жүкленсин.

        Өзбекстан Республикасы Президенти  Ш.МИРЗИЁЕВ.

        Ташкент қаласы, 2019-жыл 3-май.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF