МУЛЬТФИЛЬМЛЕР ТАЛАПҚА ЖУЎАП БЕРЕ МЕ?
Президентимиздиң 2017-жыл 7-августтағы «Миллий кинематографияны және де раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары өзбек киносы, атап айтқанда, балалар мультипликациялық фильмлериниң абырайын арттырыў жолында тасланған үлкен қәдем болды.
Ҳақыйқатында да, келешегимиз болған жас әўлад тәлим-тәрбиясында мультфильмлердиң де орны айрықша.
Бүгинги күнде телеканалларымыз бағдарламасынан мультфильмлер кең орын алған. Жас әўладлар ушын ҳәр түрли темаларда көрсетиўлер таярлап атырған «Балажан» телеканалы көплеген мультфильмлерди эфирге шығармақта. Олар балаларымызда дослық сезимлерин, мәртлик, өз мақсетине тырысып умтылыў, әдеп-икрамлы болыў сыяқлы көнликпелерди қәлиплестириўге қаратылған. Баланың аты бала, олар ҳәр қыйлы ҳайўанлар, қуслар қатнасыўындағы қызықлы ўақыяларды тамашалағанды унатады. Бул фильмлерде балалар ушын өз келбетине ийе, күлетуғын, айырым пайытлары тәшўишли, бирақ, ҳешкимди бийпарқ қалдырмайтуғын образлар сәўлеленеди. Мультипликациялық фильм ҳәрекеттеги нәрселердиң избе-из келетуғын түрли жағдайларды сәўлелендириўши сүўрет ҳәм қуўыршақларды сүўретке алыў жолы менен таярланып, кишкенелердиң дыққат-итибарын тартады. Соңғы жылларда компьютер арқалы алынған фильмлер көбейип бармақта. Олар «анимациялық фильмлер» деп те аталады.
Телевидениемизде миллий мәнаўиятымызға сай мультфильмлер саны ҳәм салмағы әдеўир көбейип атыр. Лекин, олардың жетискенликлери ҳәм кемшиликлери туўралы қәнигелер пикирлерин билдириўлери керек. Бирақ, бир нәрсени умытпаўымыз тийис, мультфильмниң тийкарғы таяныш өзеги көркем әдебият саналады. Соған бола, биз де оларға көркем әдебияттың өзине сай үгит-нәсиятын, жас әўладтың тәрбиясындағы әҳмийетли илаж сыпатында қараўымыз мақсетке муўапықлығын ядымыздан шығармаўымыз тийис. Себеби, жақсы китапты үгит-нәсиятлаў мультипликацияда айрықша орынды тутады. Бунда рәңбә-рең форма ҳәм көринислерге әҳмийет бериў талап етиледи. Базыбир сырт ел мультфильмлеринде балалардың көзқарасына туўра келмейтуғын сюжетлер тийкар етип алынады. Унамсыз тәрепи, оларда күшли сезимли муҳаббаттан баслап, жаўызлық, қанхорлық сахналары сәўлеленеди. Соның ушын, бундай мультфильмлерди эфирге жибериўде оғада абайлы болыў керек. Тағы бир ойландырарлық мәселе, экранға қойылыўдан тысқары, базар ҳәм дүканларда усындай мультфильмлер дисклерин сатыўды қадағалаўға алыў зәрүрлиги туўылмады ма екен!!
Әллеқашан жәҳән классикасына айланған Джонатан Свифттиң «Гулливердиң саяхатлары», Редьярд Киплингтиң «Маугли», Алексей Толстойдың «Алтын гилт ҳәм Буратиноның басынан кеширгенлери» шығармалары, сондай-ақ, белгили ертекши жазыўшылар Шарль Перро, ағалы-инили Гриммлер, Ганс Кристиан Андерсен ертеклери тийкарында қызықлы, тамашаға бай анимациялық фильмлер жаратылған. Бундай мультфильмлер барлық дәўирлерге хызмет ете алыўы менен парқланады. «Арыслан патша» фильмин мысалға алып көрейик. Әжайып сюжет, тезлик пенен раўажланыўы, қаҳарманлар сөзлерин түсиникли ҳәм анық айтыўы фильмниң жетискенлигин тәмийинлеген, қосықлар да өз орнында пайдаланылған.
Қәнигелер, балалар телевизор ҳәм компьютер алдында көп отырмаўды мәсләҳәт етеди. Қаншелли ҳәрекетте, қызықлы ойынлар менен бәнт болса, саламатлығы ушын соншелли жақсы. Тилекке қарсы, айырым мультфильмлерде балалардың әдеп-икрамлылығына унамсыз тәсир етиўши, миллий қәдириятларымызға сай болмаған тәреплер көзге тасланады. Басым көпшилиги сырт елдики. Өзге миллет үрп-әдетлерине тийкарланған. Бизиң миллий тәлим-тәрбияға сәйкес келмейтуғын тәреплери бар. Соның ушын да, бул бойынша ата-аналар перзентлери менен сәўбетлесип, олардың дурыс қарар қабыллаўына жәрдем бериўи керек. Ал, машқаланың унамлы шешимин табыўдың бирден-бир жолы миллий мультфильмлер жаратыў. Лекин, миллий екен деп, бир инсанды «өтирик айтып, уў жалап» алдаў темаларындағы ертеклерди таңлап, усындай сюжет негизинде мәмлекеттиң қаншадан-қанша қаржыларын жумсап мультфильмлер таярлаў талапқа жуўап бермейди. Соңғы пайытлары таярланған «Мен сизге айтсам», «Түлки ҳәм бөдене» сыяқлы мультфильмлерде алдаўшылықтан рәҳәтлениў, кисиге пәнт бериў ҳәм өтирик сөйлеўди мақтаўға мейиллик күшейип баратырғаны да сыр емес. Мине, бул да шешимлер шығарыўға ийтермелейди. «Халық аўызеки дөретпеси-ғо» деген пикир бундай мультфильмлерди ақлаўға жол қоймайды. Заманның зайылы менен көплеген ертеклер, ҳәтте халық нақыл-мақаллары да өзгертилип жиберилгенин умытпаўымыз керек.
Кинодөретиўшилер, тараў қәнигелери телеэкранларда, баспасөзде үлкен жойбарлардың баслап жиберилгени ҳаққында жүдә көп айтысады. Соның өзи жетерли ме? Жоқ, әлбетте. Кең жәмийетшилик пенен ушырасыў шөлкемлестириў, үлкен аудиторияларда адамлардың пикирлерин еситиў зәрүрлиги бүгинги күни ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли. Неге дегенде, енди балаларымыз сүйип тамашалайтуғын, елимизди, халқымызды миллий қаҳарманларымыз арқалы дүньяға танытатуғын мультфильмлер таярлаўымыз тийис. Себеби, перзентлеримиз ақыллы ҳәм зийрек. Оларды зорға ҳәрекетленетуғын сүўретлер, дәбдебели диалоглар менен алдай алмайсаң.
Баспасөз ҳәм интернет материалларынан Қ.РЕЙМОВ
ықшамлап таярлады.