САНААТ ҚӘЎИПСИЗЛИГИН ТӘМИЙИНЛЕЎ УШЫН
Жаз мәўсиминиң басланыўы менен республикамыздың аўыл хожалығы тараўы хызметкерлери менен дийқанларымыз писип-жетилискен гүзлик бийдайларды орып-жыйнап алыўға кириседи.
Ҳәзирги ўақытта бул мапазға таярлық ислери қызғын алып барылмақта.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 30-сентябрьдеги «2019-жылдың зүрәәти ушын гүзги масақлы дән жетистириўдиң прогноз көлемлери ҳаққында»ғы қарары талапларын орынлаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитетиниң 2018-жыл 4-октябрьдеги буйрығына муўапық, комитеттиң Қарақалпақстан аймақлық басқармасы қәнигелери тәрепинен «Ўздонмаҳсулот» акционерлик компаниясына қараслы дән қабыл етип алыўшы кәрханалары ҳәм де районларда жайласқан оның шақапшаларында 2019-жылдың зүрәәти ушын мәмлекетлик талапларда белгиленген көлемдеги масақлы дән өнимлерин ҳәм туқымларын қабыл етип алыўда жаңа мәўсимге өз ўақтында ҳәм сапалы таярлаў, санаат қәўипсизлигин жақсылаўға байланыслы шөлкемлестириў бойынша орынларда үйрениў жумыслары алып барылды ҳәм төмендеги мәселелер бойынша түсиник ҳәм усыныслар берилди:
— 2019-жылдың зүрәәти ушын мәмлекетлик талапларда белгиленген көлемдеги масақлы дән өнимлерин ҳәм туқымларын қабыл етип алыўда материаллық-техникалық базаны беккемлеў ҳәм туқымлық дән таярлаў цехларын мәўсимге өз ўақтында сапалы таярлаў;
— «Қәўипли өндирис кәрханаларында «Санаат қәўипсизлиги» ҳәм «Мийнетти қорғаў ҳаққында»ғы Нызам талаплары тийкарында дән қабыллаў орынларында қатнасатуғын қәнигелер, жумысшы ҳәм хызметкерлерди санаат қәўипсизлиги ҳәм мийнетти қорғаў бойынша оқытыў ҳәм инструктаждан өткериў;
— дән қабыллаў орынларында туқымлық дән таярлаў цехлары, дән қабыл етип алыў, тазалаў, көшпели ҳәм стационар үскенелерди (КШП-5М, шнек, ленталы транспортёр ҳәм автоаўдарыўшы) техникалық тексериўден өткерип, актлестириў;
— дән қабыллаў орынларында электр үскенелериниң жерге өткериўши қурылмасын арнаўлы электр лаборатория менен профилактикалық сынаўдан өткерилиўин тәмийинлеў;
— дән қабыллаў орынларында арнаўлы өрт өшириў автомобильлериниң бәрқулла таяр жағдайда болыўын, бирлемши өрт өшириў қуралларының саз жағдайда болыўын ҳәм суў сақлаў ҳәўизлеринде удайы суў болыўын тәмийинлеў:
— дән қабыллаў орынларында санитария-гигиеналық ҳәм медициналық жәрдем көрсетиў, жумысшыларға кийинип-шешиниў ҳәм аўқатланыў бойынша шараятлар жаратыў.
Халқымыздың ырысқы-несийбеси болған дәнди зая етпей, өз ўақтында жыйнап-терип алыўға, дастурханларымызға сапалы нан өнимлерин жетистирип бериўдей ийгиликли ислерге барлық ғәллекешлеримиз ҳәм дән өнимлерин қабыл етип алыўшы кәрханаларымыз хызметкерлери өз үлеслерин қосады деген үмиттемиз.
Шамурат ҚАЙПОВ,
Өзбекстан Республикасы Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитети
Қарақалпақстан аймақлық басқармасының мәмлекетлик инспекторы.