Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:17:51, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МАШҚАЛАЛАР ОРНЫНДА ШЕШИЛМЕКТЕ

Быйылғы жылдың 19-апрель сәнесинде Тақыятас районы турғыны, II топар майыбы Ахмет Матниязов Мәмлекетлик хызмет орайында жумысы барлығы, бирақ, денсаўлығына байланыслы келе алмайтуғынын телефон арқалы айтып, мүрәжат еткен еди.

Оның бул мүрәжаты бойынша «Қурылысы тамамланған объектти пайдаланыўға қабыл етиў хызмети» бо­йынша көшпели тәртипте мәмлекетлик хызмет көрсетилди.

Бундай хызметтен кеўли толған пуқара Ахмет Матниязов орайымыз хызметкерлерине өзиниң терең миннетдаршылығын билдирди.

Соны айрықша атап өтиў керек, Тақыятас ра­йонлық Мәмлекетлик хызметлер орайының хызметкерлери тәрепинен бундай көшпели мәмлекетлик хызмет көрсетиў әмелияты турақлы түрде жолға қойылған.

Ш.САРЫЕВ,

Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы

Тақыя­тас районлық Мәмлекетлик хызметлер орайының бас қәнигеси.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF