Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:47:50, 07.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҲАҚЫЙҚЫЙ ИСКЕР «ЗИНГЕР БАБА»

Өткенлерди еслеп, өтмишке шегинсек, елимизде не бир әжайып инсанлардың жасап өткенлигине тәсийин қалып, инсанлар ушын ислеген хызметлерин рети келгенде жәрия еткиң келеди.

Солардың бири Төрткүлли Рейимбай Алланазаров. Оны төрткүллилер «Зингер баба» деп танып, ол 1875-жылы Төрткүлде туўылған. Ата-анасы сол дәўирдеги жоқшылықты басынан кеширген әпиўайы шаңарақлардан болса да бала тәрбиясына қатаң дыққат қарат­қан. Перзенти Рейимбай шаққан, зе­йинли болып өсти. Аўыллық мешитте арабша билим алады. Он төрттен он бес жасқа қәдем қойып, енди жигитлик дәўирге өтип атыр­ған бир пайытта оған турмыстың аўыр соққысы келип, ата-анасынан айрылып, жетим қалады. Тәғдирге тән берип, оның ертеден мийнетке араласыўына да мине усы жағдай себепши болды. Ол сол ўақытлардағы райондағы пахта заводына жумысшы болып араласты. Заводқа ат арбада пахта тасыған. Германиялы ойлап табыўшы, исбилермен Зингер тәрепинен ислеп шығылған тигиў машинасының дүньяға танылып атырған ўақты. Сол тигиў машинасын ҳәзирге шекем халық пайдаланып отыр. Қол машын, аяқ машын ке­йин ала ток машын шықты. Булардың бәри де Зингердиң жаратқан усылы бо­йынша ислейди. Аты да Зингер деп аталады.

Бизиң сөз етип отырған қаҳарманымыздың «Зингер баба» деп аталыўына да сол тигиў машинасы себеп болған. Пахта заводы ийе­лериниң исенимине кирген ол солар менен биргеликте Москваға барып, машиналарды заводқа әкелиўге жәрдемлесип жүрген. Соңын ала өзи де истиң бағдарын үйренип, жергиликли халыққа тигиў машиналарын әкелип сата баслайды. Ол тек ғана сатып қоймастан тигиўди үйретип, бузылса оңлап беретуғын болған. Өзи де қарап отырмастан мәси тигип, буйыртпалар алып отырған.

Ел ишинде исбилермен ҳәм шебер аталған Рейимбай Алланазаров өзи жасап атырған дәўирдеги ҳәр қыйлы сиясий жағдайлар болса да өз искерлигин иркинишке түсирмей халыққа турмыслық хызметин көрсетип барды. Районда бириншилерден болып өз дүканын ашып,  устаханасын иске түсирди. Оның ең бир ағла пазыйлети соннан ибарат болды, кем тәмийинленген ҳәм жетим-жесирлерге айрықша кеўил бөлген. Үйинде қазаны ошақтан түспеген. Өмирлик жолдасы Сәдетхан менен бирге тез-тез соларды үйине аўқатқа шақырып, кийимлерин тигип берип, қолынан келген жәрдемлерин аямаған. Мине сонлықтан болса керек, аўылласлары оның исмин ҳүрмет пенен «Зингер баба» деп тилге алады.

Ол ҳәттеки урыс жылларында жасы жетписке шамаласса да өз өнеринен жырақласпай, фронт ушын мийнет етти. Заманагөй саўаты болмаса да диний саўаты күшли болып, аўыллық мешиттиң имам молласы дәрежесине жеткен. Усыларға қосымша ол усташылық өнерин де өзлестирип, жас шаңарақлар ушын нағыслы сандықларды ислей баслайды. Оның қолынан дөретилген сандықлары базарларда қолдан-қолға тиймей, өтимли болған.

Сондай бир елге сыйласықлы, өнермент, әжайып инсан «Зингер баба» 1974-жылы 99 жасында дүньядан өтти. Бирақ, ол инсан өмирден өтсе де оның өнерлери елеге шекем арамызда жасап, ислери даўам етпекте. Яғный, ол жаратып кеткен өнерментшилик мектебиниң шырағын перзентлери, ақлық-шаўлықлары жағып отыр.

Инсаныйлықтың ҳақыйқый үлгисин заманласларына көрсете алған бул теберик инсанды яд етиў арқалы бүгинги заманымызда да оның исбилерменлик, қайыр-сақаўатлық ислерин үлги тутсақ арзыйды. Оны еске түсириўшилердиң пикирлеринен дөретилген мына қатарлар арқалы мақаламызға ноқат қоямыз:

Әсир бойы ақыл-ҳуўшын жойтпаған,

Жасап өткен ақ көкирек баладай.

Биреўге бир аўыр сөзди айтпаған,

Қәне, бола алсақ, «Зингер баба»дай.

Г.ЖҮГИНИСОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: Р.Алланазаров өмирлик жолдасы Сәдетхан менен.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF