ҲҮРМЕТ—ИЗЗЕТ АТАЛАРЫМЫЗ ҚӘЛБИН ЖАСАРТТЫ
Ҳәзир елимиз тыныш, халқымыз пәраўан. Булардың барлығы елимиз азатлығы ҳәм ана топырағымыздың ҳәр бир қарыс жери ушын жанын пидә еткен жерлеслеримиздиң қаҳарманлық хызметлериниң жемиси екенлигин мақтаныш пенен айтып өтиў орынлы.
9-май Еслеў ҳәм Қәдирлеў күни мүнәсибети менен Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси басламасы менен «Инсан қәдири уллы, еслеў муқаддес», «Мәртлик, миннет ҳәм садықлық» жойбарлары шеңберинде бир қатар илажлар шөлкемлестирилмекте.
Жақында Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы орынбасары Б.Аралбаева басшылығында Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Сапура Қайыпназарова ҳәм «Ёшлар бунёдкори» медалы ийеси Давид Қонарбаевлар менен биргеликте Қоңырат районында жасаўшы екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары, нураный аталарымыз Камал Юсупов ҳәм Қудайберген Хожахметовлардың ҳалынан хабар алынып, саўғалар тапсырылды. Бул меҳир-мүриўбет илажында халықаралық таңлаўлар жеңимпазы, талантлы жас бақсы Муҳаммед Төребеков дуўтар намаларында миллий қосықлардан атқарып, аталарымыздың кеўлин көтерип, йош бағышлады.
Бундай илажлар келешегимиз болған жас әўладларды, әсиресе, жасларымызды Ўатанды сүйиўшиликке, тынышлықты асыраўға, бүгинги пәраўан турмысымыздың қәдирине жетиўге ийтермелейди, -дейди Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баспасөз хаткери И.Мамбетназарова.
Әлбетте, өткенлерди еслеў, өмир жолы ибратлы, сөзи ҳикметли аталарымызға итибар ҳәм ғамқорлық көрсетиў бүгин жаңаша мазмун тапты. Байрам алдынан олардың шаңарағына келип атырғанлардың изи таўсылмайды.
1921-жылы туўылғанман, -дейди Камал ата Юсупов, екинши жер жүзилик урыстың ең қыйын шараятларында саўаш майданларында болдым. Берлин, Украина ҳәм Германия қалаларында фашизмге қарсы гүресип, көп жарақатлар алып, Жеңисти көриў несип етти. Көп әскерлер саўашта мәртлерше қурбан болды. Олардың барлығы да кешегидей көз алдымда. Урыста тек ғана денем жарақатланып қоймастан, қәлбим де жарақат алды. Илайым, сол урыстың аты өшсин! - деп көзлерине жас алды...
Ал, 99 жасты қарсы алған Қудайберген ата Хожахметов 1942-жылы қолға қурал алып, елимиз тынышлығы ҳәм азатлығы ушын гүресиўге атланды.
Мине, бүгин мәмлекетимиз ҳәм халқымыз ҳүрметиндемен, екинши өмиримде жасап атырман. Президентимиздиң көрсетип атырған ғамқорлығы ҳәм итибары, шексиз ҳүрмети бизди, қәлбимизди жасартып, өмирге, келешекке деген исенимимизди беккемлемекте, -дейди Қудайберген Хожахметов.
Көкси орден-медальларға толы бул аталарымыздың жаслық жыллары урыс дәўирине туўра келди. Әлбетте, халқымыз бул жақты күнлерге аңсатлық пенен ерискен жоқ. Оның арқасында аўыр сынаўлар, сан-санақсыз қурбанлар, ата-бабаларымыздың қаҳарманлығы ҳәм машақатлы мийнетлери жатыр. Ҳәр биримиз урыс қатнасыўшылары менен сәўбетлесер екенбиз, тарийхтан сабақ алып, бүгингидей тыныш ҳәм абадан күнлерге шүкиршилик еткимиз келеди. Илайым, олар бәрқулла алдымызда аман болсын!
Г.САПАРОВА,
арнаўлы
хабаршымыз.
СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.