Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:42:57, 06.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПУҚАРАЛАР ЖЫЙЫНЛАРЫНА САЙЛАЎЛАР

Ҳәзирги күнде Қарақалпақстан Республикасы бойынша 411 пуқаралар жыйынлары баслығы (ақсақалы) лаўазымларына, жәми 1537 талабан дизимге алынған.

Республикалық жумысшы топар тәрепинен 1533 талабан сәўбетлесиўден өткерилди ҳәм соның 1309ы усыныс етилди. Ҳәр бир пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы) лаўазымына 3,2 талабаннан туўра келмекте.

Өзбекстан Республикасының 2018-жыл 15-октябрьдеги «Пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы)н сайлаў ҳаққында»ғы Нызамы ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң 2019-жыл 15-февраль күнги қарары менен  республикамыздағы барлық пуқаралар жыйынларында өткерилип атырған сайлаўлар даўам етпекте.

Усы жыл 6-май күни Нөкис қаласындағы «Тумарис» ресторанында «Нәўпир» мәкан пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы)н сайлаў болып өтти. Оған усы мәкан пуқаралар жыйынынан 588 пуқара сайлаўға ўәкил сыпатында қатнасты.

Мәжилис басқарыўшысы жыйналғанларды күн тәртибиндеги мәселелер менен таныстырып, есап-санақ комиссиясын, мәкан  пуқаралар жыйыны баслығын (ақсақалын) сайлаў мәселелери бойынша пикир-усынысларын билдирди ҳәм жумыс регламенти тастыйықланды.

Буннан кейин мәкан  пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы) лаўазымына талабанлар Хожабай Садиров, Нурсулыў Ар­зуова, Бахытбай Қалменовлар өзлериниң бағдарламалары менен таныстырды.

Мәжилисте, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының комитет баслығы, инсан ҳуқықлары бойынша Республикалық миллий орайының директоры, академик Акмал Саидов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, быйылғы сайлаў ҳәм оның бурынғыларынан өзгешелиги, жаңадан сайланған пуқаралар жы­йыны баслығы (ақсақалы)на қойылатуғын ўазыйпаларға кеңнен тоқтап өтти.

 Мәжилисте сайлаўдың тәртип-қағыйдалары түсиндирилгеннен соң, сайлаў процеси басланып, аймақтағы көшелерден сайлаўға келген ўәкиллер кабиналарда өзлери қәлеген талабанды белгилеп, бюллетенлерин сайлаў қутыларына сала баслады.

Соң жыйналғанлардың көзинше жумысшы топар ҳәм комиссия ағзаларының қатнасында сайлаў бюллетенлери тасланған қуты ашылып, даўыслар санап шығылды. Сайлаў нәтийжеси бойынша Нурсулыў Арзуова 23, Бахытбай Қалменов 21, Хожабай Садиров 364 даўысқа ийе болғаны анықланды. Солай етип, көпшилик даўыс пенен 2008-жылдан берли усы лаўазымда жумыс ислеп киятырған Хожабай Садиров «Нәўпир» мәкан пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы) лаўазымына қайта сайланды.

Республикамызда пуқаралар жыйыны баслығын (ақсақалын) сайлаў даўам етпекте.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

С.Оразымбетовтың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF